Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ҮЙ ҲАЙЎАНЛАРЫ ТУЎРАЛЫ ЖУМБАҚЛАР (ÚY HAYWANLARI TUWRALI JUMBAQLAR)

Ай астынан қараған,
Алтын сырнай таратқан,
Күн астынан жаратқан,
Дүньяға сырнай таратқан.
Жүйрик ат
Узақтан қарасам бир жип,
Жақынлап келсем мын жип.
Аттың қуйрығы
Дүбир-дүбир төртеў,
Дүбирлеген бесеў,
Қоян қос қулақ,
Оның менен алтаў.
Ат
Түби бир, шақасы мың.
Аттың қуйрығы
Терт үй жағалбайлы,
Есенкелди еки үй.
Аттың төрт аяғы менен еки қулағы
Төртеў оның аяғы,
Темир шыбық туяғы,
Мезгилине жеткереди,
Тастан қатты туяғы.
Ат
Суўға түссе мың,
Суўдан шықса бир.
Аттың қуйрығы
Уштым ушпаққа шықтым,
Тептим терекке шықтым.
Атқа миниў
Жамаўы бар да, жүйлери жоқ,
Шубар ат
Ийрим ғобыз,
Жарық жулдыз,
Еки дүң-дүң,
Бир былғаўыш.
Түйе
Үй артында алаң бар,
Суўға қатсаң шалаң бар.
Түйе
Төрт кемпир қамыр ийлейди,
Биреўи қараўыл қарайды.
Шөгип атырған төрт аяғы, басы
Апан-апан, жанан-жанан,
Терт тиреўиш, бир былғаўыш.
Түйе
Толыбайдың баласы тебелесип келеди,
Егизбайдын еки улы ерегисип келеди,
Екеўи қараўыл қарайды, биреўи шөпшек тереди.
Түйе
Еденбайдың еки улы,
Елпилдесип баратыр,
Алдында ханның жалғызы,
Шөпшек терип баратыр.
Түйениң төрт аяғы, басы
Таўдан тас жумалайды.
Түйениң қумалағы
Тамырын тартсаң таў турады.
Түйе
Еки киси қараўыл қарайды,
Бир киси шепшек тереди.
Түйениң еки өркеши, басы
Жаҳанда бир ақ көрдим,
Бир ақ кийик,
Оны мен жумбақ еттим,
Көзим қыйып.
Өзине өз денеси аўыр болып,
Жүреди қарны жерге сүйретилип.
Түйе кене
Ләп-ләп, ләп-ләпә,
Ески шапан жарық жулдыз,
Бир былғаўыш.
Түйениң жүни, көзи, қуйрығы
Төрт байдын төрт улы,
Төбелесип барады,
Ереўил байдын еки улы,
Елеўлесип барады.
Ортасында жетим қыз,
Шөпшек терип барады.
Малдың төрт аяғы-аўзы
Жамаўы бар, жүйи жоқ.
Малдың аласы
Тесектин астында төрт баўырсақ.
Сыйырдың төрт емшеги
Қабымның төрт мүйешинде төрт баўырсақ.
Сыйырдың төрт емшеги
Күндиз жаны тынбас,
Түнде жағы тынбас.
Сыйырдың гүйсеўи
Төрт таяғы бар,
Сегиз туяғы бар,
Узын қамышысы бар,
Төрт булағы бар,
Қос найзасы бар,
Адамға пайдасы бар.
Сыйыр
Төрт қулақлы қазанды,
Тартқыласам да төгилмейди.
Сыйырдын төрт емшеги
Үлкен жеңгей есик ашты,
Кишкене жеңгей томп етип түсти.
Сыйырдың тезеги
Қараша үйге қар жуқпас.
Малдың мүйизи
Еки ошаққа бир көсеў
Сыйырдың тили, еки жағы
Кыйсық ағашқа қар жуқпас.
Сыйырдың шақы
Көпир астында төрт қурт.
Сыйырдың аяғы
Төрт мерген бир қудыққа оқ атар,
Сыйырдын төрт емшеги ҳәм гүзе
Улгисиз пиштим,
Сабақсыз тиктим.
Малдың териси
Аржағы алаң,
Бержағы алаң
Ортасы ала топалаң.
Сыйырдың шақы
Ел жатсада еламан жатпайды.
Өгиздиң шақы
Сылт-сылт кисеним,
Сылқылдайтуғын кисеним.
Қулағында қулып жоқ,
Сылтылдайтуғын кисеним.
Сыйырдың туяғы
Ҳәр түрли түсли қумырысқа,
Қыста тоңбас суўыққа,
Тан атқаннан өреди,
Кеште жатар қуўыста.
Қой
Кишкене ғана бойы бар,
Аўдарып кийген тоны бар.
Қой
Болғанда иши қуўыс, сырты шатыр,
Қазандай қара тастың баўрайында,
Бир тулып адам жемес зәҳәр жатыр.
Қойдың өти
Қазақтын есиги қақпақлы.
Қазақы қой
Ерте кетер дигилдик,
Кеште келер дигилдик,
Түрли-түрли ағаштан,
Түйме тағар дигилдик.
Ешки
Басында тәжи тақыя,
Тағы да төрт аяғы,
Ийекте узын сақалы,
Ол неге адам болмайды.
Ешки
Сақалы бар, мурты жоқ,
Басы бар, ақылы жоқ.
Ешки
Он еки түйе,
Он бийе,
Тоғыз сыйыр,
Бес ешки,
Еки ярым қоян,
Үш түлки.
Усы ҳайўанлардың туўылатуғын ўақты
Кишкене женгей жуўырып баратыр,
Етегинен бийдайы төгилип баратыр.
Қойдын қумалақлары
Басында еки таяғы,
Төрт тиреўиш аяғы,
Ийегинде сақалы,
Ҳайўанға мегзер қаяғы.
Ешки
Арқасында кийизи бар,
Қарағайдан мүйизи бар.
Ешки
Ийнесиз тиктим,
Үлгисиз пиштим.
Малдың аласы
Кишкене ғана бойы бар,
Қабат-қабат тоны бар,
Мәскеў деген қалаға,
Жетемен деген ойы бар.
Шошқа
Турысы май, етке де бай.
Шошқа
Жерде жүреди, аспанды кермейди.
Шошқа
Орамал әперейин десен қулағы бар,
Геўиш әперейин десен туяғы бар.
Ешки
Дигир-дигир төртеўи,
Желпилдейди екеўи,
Жәдигердиң жалғызы,
Оның менен жетеўи.
Ешектиң төрт туяғы, қулағы, қуйрығы
Мурты бар, сақалы жоқ,
Тоны бар, кийетуғын шапаны жоқ,
Отырып от басында пайда ойлайды,
Узаққа баратуғын сапары жоқ.
Пышық
От басында узын шанаш.
Пышық
От басында бүкирейген кемпир.
Пышық
Кишкене ғана қумған,
Отырып көзин жумған.
Пышық
От басында қара қумған,
Көкнаршыдай көзин жумған.
Пышық
Дүньяда тамам нәрсениң аты бар,
Бир нәрсениң аты жоқ.
Пышықтың баласы
Ол тек үргиш жәниўар,
Көзи өткир көңли тар,
Парқ етер, деп басқа урсаң,
Ойламайды намыс-ар.
Ийт
Ол нәдирким жаны бар,
Көзи өткир көңли тәр,
Бәдиўа қылып сөз айтсаң,
Ойламайды намыс-ар.
Қытайда бар, қырғызда бар,
Түркистан урыў мунда бар,
Ақыллы дана ер болсаң,
Бул сөзимнен бер хабар.
Ийт
Үй алдында бир сақшы,
Таныса сени тым-тырыс.
Танымаса егер де,
Салады жәнел бир урыс.
Ийт
Күндиз тулып, түнде қулып.
Ийт


Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ҲАЙЎАНЛАР ДҮНЬЯСЫ ТУЎРАЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ҲАЙЎАНАТ ДҮНЬЯСЫНА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.