Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Мен министр болмайман (Men ministr bolmayman)

Қалада туратуғын Қалжанбай деген жасы үлкенимиздиң жети қыздан кейин көрген ул баласы бар. Аты Азамат. Әўлийеге ат айтып, Хорасанға қой айтып, кеттим бардым да көрген жалғыз ул перзенти болған соң, ҳәмме ағайин-туўған есигин ашыўдан сол баланы еркелетемиз.

— Қәне, Азамат, айтып жибер, үлкейген соң ким боласаң?

Азамат тегинликте үндейғоймайды. Кейин биримлеп сораймыз.

— Муғаллим боласаң ба?

— Яқ, — дейди ол бултыйып.

— Инженер боласаң ба?

— Яқ.

— Врач па?

— Яқ.

— Айтпақшы, поезд айдайтуғын шығарсаң?

— Айдамайман.

— Самолет па?

Буған да Азамат «яқ» деп жуўап береди. Ақыры, баласының кеўлиндегини таба алмай атырғанға Қалжанбай аға шыдамайды.

— Мениң балам министр болады, — дейди ийнинен қағып.

— Солай ма?

— Аўа.

— Министрдиң үлкен жумыс екенин қайдан биледи бул? — деймиз ҳайран болып.

— Билмей не қылады? Жан қоңсымыз министр. Бул сыртта ойнап жүрип бәрин көреди. Қоңсымыз жалтылдаған ақ «Волга» да келип түседи. Өзи де келисигин келистирип жүретуғын жигит. Саратанның ыссысында да ийнинен костюм, жағасынан галстук айрылмайды. Шоферы барып есигин ашпағанша ҳәргиз өзи қыймылдамас. Үйинде күнде қонақ. Сыйыры туўса да артынып-тартынып қутлы болсынға киятырғанлар. Айнасының бир көзи сынса үш-төрт адам жабылып келип оңлайды. Ийти қурттай қаңсыласа ветеринарлық «тез жәрдем» тайын. Балаларының аўзы басы батпақ жаққандай, шоколадқа былғанып жүреди. Соннан кейин бизиң бала министр боламан демей не дейди.

Қалжанбай ағаның бул әнгимесин талай мәрте еситкенбиз. Лекин, жасы үлкен шад болсын деп ҳәр қыдырып барғанда баяғы сораўды тәкирарлаймыз.

— Азамат, үлкейген соң ким боласаң?

— Министр боламан!

Кейинги ўақытлары жумыс аралап бир жылға дейин қол тиймей, жақында бардым. Азамат тәўир-ақ есейейин депти. Келип сәлемлесип атыр, бурын билмейтуғын еди.

— Қәне, Азаматчик, — дедим оны еркелетип, — үлкейсең ким боласаң? Министр боласаң ба?

— Яқ, — деди ол шарта.

— Ҳаў, неге? Түсинбей қалдын ба? Министр боласаң ба, деп атырман.

— Болмайман.

Мен аң-таң болып үйдегилерге қарадым. Олар «сорай бер» дегендей мыйықтан күлисти.

— Онда инженер боласаң ба?

— Яқ.

— Врач па?

— Яқ.

— Поезд айдайсаң ба?

— Айдамайман.

— Самолет па?

— Яқ,

— Ҳаў, енди не?

Қалжанбай аға әдеттегидей, баласы ушын өзи жуўап берди.

— Мениң балам институтқа муғаллим болады.

— Солай ма? — дедим мен Азаматқа қарап. Ол мақуллап басын ийзеди.

— Есейип, ақылына енейин депти ғо. Министрде муғаллимниң тәрбиясынан шығады ақыры.

— Ояғын ойлап атырған Азамат жоқ, — деди жасы үлкен күлип, — Оның бир лийкини бар. Отыра бер, кейин айтып беремен.

Шай ҳалқас үстиңде баяғы мәселеге қайта оралдық.

— Азаматтың муғаллим боламан деп атырғанының лийкини былай. Хабарың бар, быйыл Гүлнараны оқыўға киргиздим ғо. Баслап оқыўға үш күн қатнап еди, пахтаға алды да кетти. Бурыннан соңғы үйден шығып көрмеген қыз, көнликсе болар еди, деп анасы екеўимиз уўайымлап отырмыз. Айтқанындай арадан бес күн өтпей, қызымыз кеште қоңыраў етип тур.

— Мени неге пахтадан алып қалмадыңыз? — дейди өкпелеп.

— Ҳаў, не деп алып қаламыз?

— Аўырыў деп.

— Қудай сақласын! Бес-алты күнлик пахта өтип кетер, қаяқтағы аўырыўды шақырып...

— Онда басымызда болып атырған муғаллимнин үйине бир қой апарып таслаң.

— Неге?

— Сонда меннен норма сорамайды.

— Апарайық қарағым, әйтеўир сениң кеўлиң жай болса болар.

Қызымыздың оқыўға киргенине қоңсы-қобаға шашыў берейин деп байлап қойған бир қойымыз бар еди, ертеңине машынға салып, Гүлнараның берген адреси бойынша муғаллимниң қорасына апарып байладық.

— Муғаллим рахмет айтып атыр, — деди тағы бес күннен кейин қызымыз қоңыраў етип.

— Апарып бергенимизди еситип пе?

— Күнде телефоннан сөйлесип тур ғо! Соннан бери норма сорағанды қойды. Басқаларды трактордың свети менен тергизип атыр. Енди изимнен қашан келесиз?

— Ендиги ҳәпте барсақ болама?

— Болады.

— Қандай аўқат апарайық?

— Маған қандай аўқат болса да бола береди. Бирақ, муғаллимге бир түйетаўықты пүтини менен писирип, қасына еки шийше «Наполеон» қосып алып келиң.

— Ҳаў, кеше қой бердик ғо.

— Ол-үйине, бул-пахтаға?

— Алла бәрекелла! Ушыраған екенбиз. Усыннан бармасақ қызымыз қапа болады. Барайын десек келте жип гүрмеўге келмейди. Илаж жоқ. Азаматтың напақасып өзине үш дөңгелек велосипед әперейин деп түйип қойған едик, табылмағаны қайым болған екен, күнимизге жарады, бир түйе таўық болды. Жетпеген жағына кеңседен қарыз алып, Гүлнараның изинен барып қайттық.

Басыңды аўыртып не қылайын, пахта тамам боламан дегенше ийттен бир сүйек қарызлы болдық.

Оқыў басланды. Арадан он күн өтип еди, қызымыз тағы пул сорады. Жүз сом керек екен.

— География муғаллимимиз китап шығарыпты. Соны сатып алыўымыз керек.

— Сабақлық па?

— Яқ.

— Онда не кереги бар?

— Керек болмаса да аламыз. Жақында зачет болады. «Қолыңызда бир-бирден китап болмаса, аудиторияға кирмейсиз» — деди.

Илаж қанша? Жүз сом менен жарлы түсип қалмаспыз. Қызымыз қыйналмаса болар. Арадан тағы бир ай өтти. Гүлнара бир күни кеште мирәтнама әкелип тур.

«Қымбатлы Қалжанбай ҳәм Зухра!

Сизди елиў жасқа толған торқалы тойыма мирәт етемен. Ҳүрмет пенен Қарлыбай». Төменинде тойдың басланатуғын ўақты, мәкан жайы.

— Анасы, сен таныйсаң ба, Қарлыбай дегенди?

— Яқ.

— Мен де танымайман. Алжас болған шығар. Гүлнара, мына адамды биз танымадық ғой?

— Бизиң әдебият муғаллим ғой.

— Ол бизлерди қаяқтан таныйды.

— Танымайды.

— Танымаса да тойға шақырған ба?

— Студентлердиң ҳәммесиниң ата-анасына жазып берди.

— Әне қалас! Атын таўып алыўға қараған екен дә? Кемпир, жүз сомынды таярлап қоя бер!

— Аўа, жүдә сөйтип мени масқара қылажақсыз ба? — деди Гүлнара бултыйып.

— Неге масқара боласаң? Танымайтуғын адамға жүз сом пул апарсақ, жаманлығы аўқатын жемей, нан аўыз тийип-ақ кетермиз-дә!

— Яғаў, муғаллимниң тәмеси үлкен «Елиўге күнде шыға беремиз бе, себеп пенен миллий шапанлы болып қалайық, болмаса папақ я костюм-шалбар болса да бола береди» — деп ҳәммеге айтып жиберди.

Енди буған не дерсең «Ҳәр кимниң минген таўы бийик болсын» — деп, түсимде көрмеген Қарлыбайға миллий шапан тиктирип, той күни ийнине жаптым. Сирә «сен кимсең?» деп атырған бир адам болсеш, нан аўыз тийдик те қайттық.

Күйгениңнен айтасаң-аў, баяғылары студент дегенниң степендиясы өзине жетип шамаласар еди, быйылларғысы сирә мурт май болмайды екен. Айтыўға аты кенепаттай пул, лекин, алмай атырып келте салығы таяр турады: имтихан пәлен сом, зачет төлен сом, кураторға байрамда көйлек, ана муғаллимниң туўылған күни, мына муғаллимниң әкесиниң өлген күни, мынағурлы сом китапқа, анағурлы сом бармаған театрдың билетине, басыңды аўыртып не қылайын, биротала жамап кийип, жарма ишиўге қарадық. "Илгерилери дым таппадық дегенде азанда сары май, Азаматқа күнде бир шоколад пенен бир саққыз алып беретуғын едик. Олардың ҳәммеси қалды. Оған бул ыңғырыўлайды.

— Пул жоқ, — деймиз ҳәммемиз.

— Неге жоқ?! — деп тепсинеди ол.

— Көрмей атырсаң ба, Гүлнараның муғаллимине берип атырмыз... Әне, Азаматтың министр болмайман, муғаллим боламан деўиниң мәниси сонда...

Жақында мен Қалжанбай ағаның министр қонсысын институттың алдында ушыратып қалдым. Бир досты менен сөйлесип тур екен.

— Әй, ҳәзир министрликте баяғыдай маза жоқ, — деп атыр қасындағыға. — Тапқаның қонақ-қопсыдан аўыспайды. Жақында усы институттың тарийх муғаллими инсулт болыпты дейди. Соның орнына өтип алсам ба деп келип турман. Қәйдем ала ма, алмай ма, қардар көп деп еситип атырман...

«Ақыл жастан шығады» — деген усы, Қалжанбай ағаның қурттай баласы нениң неден абзал екенин қашшан абайлаған екен.


4. 02. 1996-жыл


Алдынғы бөлимге қайтыў: Көрмейди
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.