Исенимли мағлыўмат (Ísenimli maǵlıwmat)
Қоңсымыз Қарлыбай менен бир подъездде турамыз. Есигимиз бир-бирине қарасқан. Бирақ, барыс-келисимиздиң онша мазасы жоқ. Гәпимиз үйлесе бермейди. Себеби, Қарлыбайдың атқан адымы ақша. Жүз мың дегенлер аўзының бир шекесинен шығып кетеди. Ҳаялының үстинде дүньяның ҳасыл таўарлары, қолларында ҳинжиў-маржанлар. Биз олардың қасында гилең бир майда-шүйде ыбырсықлар менен айланысып жүргендеймиз. Қулласы, тәрезиде тасың тең келмесе, бир есиктен кирип шыққан менен екеўиң еки дүньяның адамларындай болып кетеди екенсең.
Бир күни түсте олардың үйине биреўи орта бойлы, биреўи тапалтастан келген еки жигит келди. Екеўи алма-гезек қоңыраўын басты. Иштен саза болмады. Себеби, олар үйинде жоқ еди.
— Мына үйдиң адамлары жоқ па екен? — деди соң бизиң үйдиң есигин ашып.
— Жоқ.
— Қаяққа кеткенин айта алмайсыз ба?
— Азанда Ташкентке кетти.
— Кешке шекем айланып келер ме екен?
— Яқ, келе алмайды.
— Бир-еки күн боламыз деди ме?
— Бизлерге ҳеш нәрсе айтқан жоқ, бирақ, биреўлерге аржағына Бишкекке ушамыз деп турғанын еситип едим.
— Мүмкин, рейси иркилип ушпай қалыўы да...
— Яқ, ушты. Азанда мен де баламды шығарып салдым. Бирге кетти.
— Рахмет.
Еки жигит тез-тез жүрип төменге түсип кетти.
Сол күни телевизорда да дурыслы көрсетиў болмай, ерте жатып қалдық. Азанда шай-пай ишип жумысқа шықсам, қапының тутқасына бир қағаз илдириўли тур. Ала сала оқыдым!
«Берген исенимли мағлыўматыңыз ушын рахмет. Түсте көрген жигитлериңиз».
Қарасам, қоңсымыздың есиги айқара ашық, иши ҳүўлеп тур.
9. 07. 1996-жыл
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Жаза қурық
Алдынғы бөлимге қайтыў: Телефон жинлиси
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: