Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

Екен (Eken )


Жигитлик деген нар екен,
Ғаррылық деген жар екен,
Қартайған соң жасың жетип,
Кең дүнья саған тар екен.

Билгир сөзи ўәсиятдур,
Яқшылардан шарафатдур,
Ғарры сөзи нәсиятдур,
Билмегенлер надан екен.

Билгенлерди тыңламаған,
Гәп мәнисин аңламаған,
Үлкеннен нәсият алмаған,
Ақылсызлық болған екен.

Сәлем бермей ғаррыларға,
Ҳазар берип пақырларға,
Аларын қараў оларға,
Бийинсаплық болған екен.

Дүньясы бийҳесап ерди,
Жети дүркин жылқы жыйды,
Қарун дүньяда не көрди?
Дүнья соңы ўайран екен.

Бул дүньяға кеўил берген,
Өлмеймен деп ғапыл жүрген,
Жети ықлымға ҳүким сүрген,
Искендер не болған екен?

Жарлының көрер күни жоқ,
Үстине кийер тоны жоқ,
Бүлбилдиң қонар гүли жоқ,
Гүл деп шатқа қонған екен.

Қарап болған екен күним,
Сөйлей алмай өшти үним,
Жарлыға болмай бир тыным,
Бир тамақ деп жортқан екен.

Жуўырып-жортып тамақ таппай,
Тамақ тапса үстин жаппай,
Күндиз жүрип, ақшам жатпай,
Тәғдир усылай болған екен.

Сөзлерим дәрьядай тасты,
Бүлбил сайрап жолға түсти,
Бизге тағдир қылған исти,
Тадбил қылмақ ялған екен.

Ҳешким нәзер салмас бизге,
Айтып турман, халқым, сизге,
Бул сөзди қалдырдым изге,
Көп сөз зая кеткен екен.

Келер ме екен бизге мурат,
Исимизди алла оңлап,
Усы жерде Бердимурат,
Сөзин тамам қылған екен.




Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: Надан болма
Алдынғы бөлимге қайтыў: Ақыбет
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.