Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ОРАҚШЫЛАР (ORAQShILAR)

Полат орағы қолында,
Жүрген талаптың жолында,
Атыздың оңлы, солында,
Жүрген күн-түн орақшылар.

Ийнинде күнлик шапаны,
Пақалға тырналып саны,
Бәрқулла қыйналып жаны,
Атызда жүр орақшылар.

Беллери төмен бүгилип,
Оннан да бетер ийилип,
Көзинен жасы төгилип,
Зар жылап жүр орақшылар.

Туўған жерлерин сағынып,
Қайғыдан ҳәйкел тағынып,
Ҳал сорасқанға шағынып,
Қайғыда жүр орақшылар.

Өскен жерине жете алмай,
Жумысты тасдап кете алмай,
Асқар қумлардан өте алмай,
Қайғыда жүр орақшылар.

Тапқаны жетпей тыйынға,
Иси айналып қыйынға,
Келе алмай тойға, жыйынға,
Зар жылап жүр орақшылар.

Орақшылар ойланады,
Тәнде жаны қыйналады,
Жипсиз киби байланады,
Ҳақы аздур мийнети көп.

Не қылсын олар қыйланбай?
Жумыс ислейди бир тынбай,
Аўыл-елине қайта алмай,
Жүрген мынаў орақшылар.

Қарасақ жүзлери сары,
Орғанлары пискен тары,
Бул ислерге келип ары,
Жүрген мынаў орақшылар.

Аўылға аман қайтқайсыз,
Балаларыңды қуўантқайсыз,
Душпанларды муңайтқайсыз,
Хош аман бол, орақшылар.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЕЛ МЕНЕН
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТҮЙЕ ЕКЕНСЕҢ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.