Шрифт түри: Шрифт көлеми: Әлипбе:

ПОСҚАН ЕЛ (POSQAN EL)

Ата журты Түркстан,
Онда да паян етпеди.
Күни-түни қыйналып,
Он еки айда тапқаны,
Қыс азыққа жетпеди.
Кемтар болды суўлары,
Ексе егин питпеди.
Жаўгершилик көп болды,
Сансыз адам қырылып,
Ғарға жеген өликке,
Жылға, сайлар топ болды,
Зулымға дады жетпеди,
Адам өлди қан төгилди,
Бийгүна гелле кесилди,
Ақ денели арыўдың,
Бурымлары есилди.
Қолы жеткен шоштыйып,
Үлгисиз тон пишилди,
Сағыйраның қанлары,
Суў орнына төгилди,
Атаға бала қарамай,
Балаға ата қарамай,
Кийерине кийим жоқ,
Жол жүриўге жарамай,
Жасы қайтқан ғаррылар,
Бүгилген бели аналар,
Көшкен көшке ере алмай,
Жолда қалды биразы,
Далада қалды көмиўсиз,
Қызыл қумды асалмай,
Дәрманы кетти ашлықтан,
Аяғын қыя басалмай,
Перзентлери жылады,
Өлген ата-анасы,
Қәўимине қоса алмай,
Бүлгиншилик көп болды,
Қарақалпақ посқан ел,
Хорезмге жетиўге,
Ҳәммелери буўды бел.
Ата журты Түркстан,
Өмирлик жайлаў болмады,
Ғәрип пенен қәсерге,
Жетим менен жесирге,
Саясын ҳеш бир салмады.
Алды менен басшысы,
Еки ийнин жалмады,
Бузық болды ийшаны,
Әдилсиз болды қазысы,
Гүнасыздан биразды,
Гүналы деп қыйнады.
Еки жақлап, үш жақлап,
Күнниң жүзин көрсетпей,
Кеўилге қайғы жамады.
Ҳәй ағалар, ағалар!
Постық сонда сандалып,
Арқаладық арбаңлап,
Ақырет көрдик өлимлик,
Ишерге суў болмады,
Көзимизден жаўдырап,
Ашлықтан қаттық, қақпаштай,
Қол-аяқлар салдырап,
Қар бурқырап қан жаўды,
Турмады ҳеш бир жадырап,
Сонда да бизде кийим жоқ,
Жалаң аяқ, жалаң бас,
Киятырмыз қалжырап,
Баз биреўдиң қолында,
Қундақлаўлы баласы,
Анасынан сүт шықпай,
Тамшылайды көз жасы,
Оны көрип өксийди,
Неғылсын ғәрип анасы,
Оған берер нәрсе жоқ,
Тек шырағым панасы,
Қазан-табақ арқалап,
Киятыр байғус атасы.
Ўай бийшара аналар,
Ўай бийшара жас қызлар!
Бүгилисип беллери,
Жасы қайтқан ғаррылар,
Тайнып ақ таяғын,
Беллери әбден бүгилип,
Басалмайды аяғын,
Отырады дем алып.
Он-он беси қуралып,
Үн қосысып жылайды,
Қайғы менен пақырлар,
Көзиниң жасын булайды,
Далада қалдық дослар деп,
Қой, қозыдай шуўлайды,
Қыйын болып ҳаллары,
Таслап оны кете алмай,
Келеди қайтып баллары,
Бирин-бири жетелеп,
Өнбейди сирә жоллары,
Уай пақырлар, аналар!
Перзентине сүйенип,
Әри-бери жүреди,
Онда-дағы болмайды,
Оны көрип баллары,
Қушақлайды мойнынан,
Атасы менен анасы,
Арман-берман сарғайып,
Дәртке иши жанады,
– Хош болыңыз балам! деп,
Зорға ийек қағады.
Дейди олар ақырында:
«Ашылсын балам бахтыңыз,
Болмағайсыз бизлердей,
Хош болсын бәрҳә ўақтыңыз,
Душпанларды жеңгейсиз,
Сынбағай ҳеш бир сақтыңыз»,
Деп пақырлар ақырын,
Жанын тәслим етеди;
Жылап-жылап баллары,
Басына белги салады.
Кепинлерге–кепин жоқ,
Орап гөне кийимге,
Апарып ойға көмеди,
Көмген менен пақырлар,
Көзи қыймай анасын,
Таслай алмай атасын,
Төгеди көзден қан жасын.
Жасқа толып көзлери,
Қун-қуў болып жүзлери,
– Анам! – деген сөзлери!
Өңмениңнен өтеди.
Аҳ жигитлер, жигитлер,
Аҳ досларым, досларым,
Оннан да өтип барамыз,
Күннен күнге тарықтық,
Гүман болды жан сақлаў,
Қыя шөлде шалықтық,
Балалы ҳаял көп еди,
Бирге шыққан биз бенен,
Посқыншылар тағы көп,
Киятырған из бенен,
Қыйын болды бәринен,
Емизиўли балаларға.
Шырқырайды, жылайды,
Оны еситип мениң де,
Төбе шашым жуўлайды,
Анасы пақыр қыймайды,
Өзинен дәрман кетсе де,
Қушақлайды тасламай,
Анасы өлген көп балалар,
Қундағында иңгалап,
Жол бойында көп қалды,
Ғарға, қузғын семирди,
Жас жанлардың қанына,
Қудай сая салмады,
Олардың шыбын жанына.
Уай пақыр, жас жан нетейин,
Сени алып жүрерге,
Өзимде де дәрман жоқ.
Усынып саған берерге,
Қолымда шерек наным жоқ.
Болғанда наным жас жанлар,
Бермес пе едим сизлерге!
Адам болсаң аман-саў,
Еритпеспедим излерге,
Шырақларым саў болсаң,
Болар ең қуўат бизлерге,
Оңарыңды гөзлер ең,
Ерип туўры излерге,
Шырақларым не пайда,
Жетпедиңиз нийетке,
Бул сыяқлы айрылмас,
Келдиңиз дуўшар мийнетке,
Жас басларың түспеди,
Бир ғана күн зийнетке.
Уай жас ғана жанларым!
Шым-шырқадай улларым!
Қызыл гүлдей солдыңыз.
Бул нийетке жете алмай,
Қула дүзде қалдыңыз,
Бул дүньяға шыққанда,
Не көрдиңиз шырағым?
Бир күн ойнап күле алмай,
Гүлдей болып солғаның,
Жаман батты жас жанлар,
Қула дүзде қалғаның.
Қарақларым не пайда?
Көликли көлик бермеди,
Суўлы суўын бермеди,
Жыласақ та удайы,
Көздиң жасын көрмеди.
Малы бар – малын бермеди,
Қырылсақта топ болып,
Неге өлди демеди,
Шырақларым сизлердиң,
Бахтыңызға не болды?
Адамға адам қарамай,
Кетти бәри жөнине,
Адам емес адамлар,
Ғәрипке ҳеш бир қарамас,
Өз малына масайрап,
Аш деп ҳалын сорамас,
Далада биреў өлсе де,
Өлигине қарамас,
Мийримсиз залым заманда,
Дүньяға шығып шырағым,
Не көрип кеттик дейсизлер?!
Аҳ жигитлер, жигитлер!
Аҳ досларым, досларым!
Қайсы бирин айтайын,
Ондағы көрген зорлықтың?
Үш күн өтти арадан,
Түркстаннан шыққалы,
Соннан бери санасам,
Тоқсан төрт адам өлипти,
Жасы ҳәм де ғаррыдан,
Немиз қалды ойлаңлар!
Тоқсан төрт адам кеселден,
Төсегинде өлген жоқ,
Әўел бастан елинен,
Оңғылық пенен келген жоқ,
Ушырады қысымға,
Шыдамады тутымға,
Ишерге нәрсе таппады,
Ертели-кеш жутымға,
Байлардың посып көшиўи,
Жери жетпей көшкен жоқ.
Буяққа кеткен ашларға,
Жер берместиң ҳийлеси,
Толтырып көзди жасларға,
Оннан да етпек өлеси.
Соның ушын ол байлар,
Ерте көшти ашлардан,
Хорезмниң жерине,
Олардың неси кетеди,
Саўарына саўын бар,
Ишерине тамақ бар,
Кийерине кийим бар,
Төсерине төсек бар,
Жамыларына көрпе бар,
Усылары тап-тайын,
Олардың кимнен зары бар.
Ўай досларым, досларым!
Байға бир пул өлгениң,
Қараўытып қан жутып,
Көздиң жасын ишкениң,
Досларым бир пул оларға,
Оттай сөнип өшкениң.
Мине бүгин жигитлер,
Төртинши күн болып тур,
Түркстаннан шыққалы,
Өлди бир жүз қырық адам,
Буларды көрип мен сорлы,
Күймеймен неғып отларға.
Әдира қалған туўған жер,
Болмаған соң абадан,
Ойнап-күлип жатарға,
Киятырмыз минекей,
Қай жерлерге барамыз,
Қәйерден жай табармыз?
Ол тағы бизге уўайым,
Қайғы жамап қайғыға,
Кеўил толды дәртлерге,
Аўыр салмақ түсип тур,
Билетуғын мәртлерге.
Ал жигитлер мен сорлы,
Посқан елдиң, ишинде,
Қобызымды қолға алып,
Қайғылы нама шаламан.
Неге қапа болмайын?
Мына өлген жас жанлар,
Мына өлген аналар,
Анаў өлген аталар,
Көзлерин ғарға шоқыйды,
Таппаған соң паналар.
Ыңыранбайын мен неге,
Мынаў халық шубырған,
Барарына жери жоқ,
Батарына көли жоқ,
Атақлы етип барарға,
Мәканлы жайы, жери жоқ.
Соны көрип мен сорлы,
Қуўраған қуў қобыздың,
Қулақларын бурайман,
Кеўлим дәртке толған соң,
Қайғыларды жырлайман.
Туўысқан қалды далада,
Туўған қалды далада,
Аналар қалды далада,
Аталар қалды далада,
Ақ сүт берген жан анам,
Келермен қайтып қасыңа,
Ырза бол биздей бахытсыз,
Сорлы перзент улыңа,
Бизлерди жаңа туўғанда,
Усындай болар деппедиң?
Асырағанда жан ата,
Рәҳәтин көрсет деп едиң,
Хор болмасын балаларым...
Ата солай деп едиң,
Өлмесликке ашлықтан,
Озалдан ғамын жеп едиң,
Не пайда болды ол исиң?
Негизинен болмады,
Шайқалып егин егерге,
Сенде бир жер болмады,
Жазыңда қатық ишерге,
Сенде саўын болмады,
Көсилип еркин жатарға,
Сенде ақ үй болмады,
Емин еркин ишерге,
Сенде тамақ болмады,
Жыл он еки ай жүргенде,
Қабың дәнге толмады,
Бул күниң де көп болып,
Постырды бизди залымлар,
Өскен жерде қоймады,
Соның ушын аналар!
Соның ушын аталар!
Көшкен көшке ердиңлер,
Ярым күнлик жолларға,
Зордан-зорға жүрдиңлер,
Оннан соңғы күнлерде,
Беллериңиз бүгилип,
Қабырғаңыз сөгилип,
Көзиңиздиң жаслары,
Тас буршақтай төгилип,
Қалдың қула-далада.
Ғарға менен қузғынға,
Қасқыр менен шағалға,
Тойғанынша жем болып,
Аҳ аналар, аналар!
Аҳ аталар, аталар!
Сенлердиң бул қалғаның,
Өзегимди өртеди,
Жүрегимди сындырды,
Бул дүньяға шыққалы,
Есимди билип иңгәлап,
Етегимди жапқалы,
Қайғының суўы қандырды,
Түркстаннан шыққалы,
Сегиз күн өтти арадан,
Өлди үш жүз қырық адам.
Жолдың бойы қуры емес,
Қушақласқан өлимтик,
Көргенде қуйқаң жуўлайды,
Бул дүньяға шыққанға,
Пушайманлар қыласаң,
Қылтыйып қуры жүргеннен,
Өлимге ырза боласаң.
Усы дәртке шыдамай,
Қобызларды қолға алып,
Далада қалған дағдарып,
Туўысқанларды ойға алып,
Өксип-өксип жылайсаң.
Ал досларым, досларым,
Өлгенлерди қояйын,
Өлгенлер санын айтыўға,
Тилим жетпес гүрмелип,
Басқадан гәпти қозғайын.

Қобызымды қолға алып,
Айып көрмеңлер ағалар,
Сезимниң болса қәтеси,
Кеширерсиз қыйналмай,
Кеткен шығар көп қәте,
Айтқан бираз сөзимде,
Жаслар турды көзимде,
Қайғы менен сарғайып,
Қан қалмады жүзимде,
Айтқанларым болмады,
Көп душпан жүрди изимде.
Енди мине сөз қылып,
Айтайын деген дәстаным.
Усы ашлықта атадан,
Ҳәм айрылып анадан,
Жетим қалды Минайым,
Айрылмастай қайғыны,
Оған берди қудайым,
Сол жылы, тап сол жетим,
Жетип еди он үшке,
Өзи сулыў қыз еди,
Көргенниң мийри қанғандай,
Қаслары қара қыйылған,
Аўызға үрип салғандай,
Жетим еди бийшара,
Қайырқомы жоқ еди.
Түркстаннан шыққан соң,
Атасы менен анасы,
Өлип еди бир күнде,
Арба жолдың бойында,
Қалып еди пақырлар,
Қызыл қумның ойында,
Соннан бери бул қызды,
Қасыма ертип әлпешлеп,
Ишпесем де өз басым
Тапқанымды берип ем.
Кейнимнен қалмай олдағы,
Жүрер еди ағалап,
Төмен қарап тунжырап,
Ата-анасын айтады.
Мен де оған жылайман,
Сай сүйегим сырқырап.
Базда ол қыз бийшара,
Тынбайды жылап шырқырап,
Мине бүгин жигитлер,
Он күн өтти арадан,
Өлим орын алғалы,
Ата журты Түркстан,
Биз сорлыдан қалғалы,
Бес күн болды анықтан,
Қасымдағы жетим қыз,
Маған жолдас болғалы.
Ал жигитлер, қулақ сал!
Баслайын мине сөзимди,
Түни менен бир тынбай,
Астық талай бийикти.
Оннан да бетер қыздырып,
Иштеги дәрт-күйикти,
Таң саз берип атқанда,
Бир бай көшке илестик,
Отыр екен дем алып,
Түсирип барлық жүклерин,
Қурсақларын қампайтып,
Қәҳәрленген түклерин,
Оннан да бетер узайтып,
Жетим қызды жетелеп,
Нан берер деген үмитим,
Оннан басқа ойым жоқ,
Болады деген бундай ис.
Бул бир асқан бай екен,
Төрт түлиги сай екен,
Быдым-быдым бет-аўзы,
Бир баласы бар екен.
Отыр екен төринде,
Тамақ ишип тамсанып,
Өзи байдың баласы,
Ерке екен енеғар.
Мойнын созды, умтылды,
Қасымдағы жетимге,
Қарады да жутынды.
Сол ўақлары бизлер де,
Кейнимизге шегиндик,
Қайтайық деп кейинге,
Шатпақланған затларды,
Қағып салдық ийинге,
Кетейин деп атқанда,
Услап алды шалғайдан,
Жаңағы байдың баласы,
Өзи бай болғаннан соң,
Жетти бизге шамасы,
Маған айтты жекирип,
Тойғаннан соң тамаққа,
Қайта-қайта кекирип:
«Қасындағы жас қызды,
Қайда алып барасаң?
Қәйерлерге апарып,
Оны малға сатасаң?
Маған бер мына қызыңды?
Ҳаяллыққа аламан,
Жаман болса негизи,
Қой кейнине саламан,
Айтқанымды қылмаса,
Қарқыратып шаламан,
Қәне сөйле жолаўшы!
Бересең бе бул қызды?
Қандай жуўап айтасаң?» –
Деген ўақта мен де айттым:
– «Жетим еди шырағым,
Ғәрип еди бул нашар,
Ата-анасы жолда өлип,
Ҳалы қыйын болған соң,
Ертип едим изиме,
Қондырмайын деп ғарғаны
Ушығадай жүзине,
Ойлап едим шырағым», –
Деп айтсам да зарымды,
Тыңламады есерсоқ,
Жуўырып келди қасыма,
Салып кетти басыма,
Қарамады мен сордың,
Көзден аққан жасыма.
Қолымдағы жетимди,
Зорлық пенен алыўға,
Умтылысты анталап,
Ҳәммелери умтылды,
Айтайын десем арзымды,
Төрде отырған байы да,
Ол да келип қасыма,
Таяқ урды аямай,
Өзим болса аш адам.
Айқасыўға жарамай,
Әри-бери жыладым,
Көздиң жасын буладым,
Бермеймен деп жетимди,
Узыныма қуладым,
Тағы тийди бир таяқ,
Көзим тынды тунжырап,
Есим аўды сол мәҳәл,
Қол-аяғым қалтырап,
Жетим кетти қолымнан,
Аға деген даўысы,
Қулағымды жарып, шырқырап,
Ҳәр қайсысы урған соң,
Аўды есим таяққа,
Неғып күшим жетеди,
Сол секилли саяққа,
Қолымнан кеткен жетимниң,
– «Өлдим!» деген даўысы,
Зорға келди қулаққа,
Әри-бери жүриўге,
Келмесе де ҳалларым,
Тырбаңлайман сояққа,
Туралмайман орнымнан,
Зиреклеп қан ағады,
Тынбай ғана мурнымнан.
Қолымнан кеткен жетимге,
Барыўға ҳалым жетпеди,
Ҳәлсиреген аяғым,
Түргелейин десем де,
Айтқанымды етпеди.
Тағы да аўды еслерим,
Барлық ғана денемнен,
Сап болғандай күшлерим,
Сол жетимниң зарына,
Жанды оттай ишлерим,
Қайғы менен қападан,
Қайрылды мениң тислерим.
Күни менен тағы да,
Оңбаған соң өмирде,
Еткен ҳадал ислерим,
Дуўры келди буларға,
Кешеги көрген түслерим.
Аўыр жара улғайып,
Аўды енди еслерим,
Азап болды удайы,
Көрген мына күнлерим,
Ўай жигитлер, жигитлер!
Аҳ досларым, досларым!
Бир ўақлары болғанда,
Көзимди ашып қарасам,
Баяғы жерде нәрсе жоқ,
Көшипти бай қалмастан.
Өлимдар болған мен сорға,
Рәҳимин салмастан,
Кеткен екен зулымлар.
Жетим қызды шырлатып,
Көзди салып қарасам,
Еки адам отыр басымда,
Оннан басқа бир жан жоқ,
Қыбырлаған қасымда,
Бул отырған ким десем,
Таласып емшек емискен,
Тай-қулындай тебискен,
Белғанама қуўатым,
Еки бирдей қанатым,
Мени таслап кете алмай,
Қалған екен көшлерден.
Басымды олар сыйпалап,
Аўзыма суў тамызды,
Жатқанымды қайғылап,
Көзинен жаслар ағызды.
Айттым сонда оларға:
– «Мениң ушын жыламаң,
Көздиң жасын буламаң,
Тәўекел етип ҳәр иске,
Мәрт болыңлар қайтпастай, –
Қарсы келген жаўлардан,
Аттың басын тартпастай», –
Деп оларға сөйерде,
Нәсият бердим әстелеп,
Билгенимди көп айттым,
Сөз маржанын кестелеп,
Олардағы бул сөзге,
Қайта-қайта қуўанды:
Айтқаның рас, аға, – деп,
Жылағаннан жубанды.
Тез жүрейик турсаң, – деп,
Аўзыма суў тамызды.
Есимди жыйдым соннан соң,
Орнымнан зорға түргелдим.
Асылдым да оларға,
Кейинине мен тез ердим,
Түн кеш екен ол ўақта,
Жулдызлар тур жымынлап,
Қара булттың қасында,
Ай тур тағы қарайып,
Үркерлердиң тусында,
Даўыл есип тағы тур,
Саратанның жазында,
Киятырмыз биз сонда,
Үшеў болып жол менен,
Арқаланып жай жүрип,
Еки бирдей баўырым,
Бетиме мениң қарайды:
– Саў болғайсаң аға, – деп,
Ҳал-жайымды сорайды.
Өзлери жемей береди,
– Бир тислем нан қалды, – деп,
Ҳәлленемен мендағы,
Емин-еркин оны жеп,
Шықпас жанға жигитлер,
Болады екен ҳәр ис сеп,
Қасымдағы қуўатым,
Еки бирдей қанатым,
– Дем алайық, аға, – деп,
Таса жерге отырды,
Адым атып жүрерге, –
Ҳалы қалмай болдырды,
Ашлық қурсын, арсыз жаў,
Қызыл жүзди солдырды,
Қайғы менен қапалар,
Жас жүрегин талдырды,
Мен де отырман қасында,
Еки бирдей жаслардың,
Қараўыл боп басында.
Бөленип турды көп дәртке,
Аққан көздиң жасында,
Еринлери қыбырлап,
Қасларын зорға қағады,
Гиреўленип көзлери,
Шақмақтың отын жағады.
Аға деген даўысы,
Зордан-зорға шығады,
Мийлери жаман айланып,
Өкпе аўзына тығады,
Жас жүреги ҳәўлирип,
Шалқасына жығады.
Қатты ескен ол самал,
Бетлеринен қағады,
Үргин үрип шаң шығып,
Ақырзаман болады.
Ҳаўадағы қара булт,
Дүньяның жүзин шолады,
Жымыңласқан жулдызлар,
Жерге қарап сырқады.
Бул сырыққан жулдыздай,
Жас жанлардың өшкени,
Қайғы менен қан жутып,
Ақыретке көшкени,
Қақлығысқан қара булт,
Өлимниң суўын ишкени,
Буршақ пенен жаўынлар,
Ескен қатты даўыллар,
Жылай-жылай муңлының,
Қорлықта күни кешкени.
Аҳ досларым, досларым,
Шолпан жулдыз батқанда,
Түнги қуслар оянып,
Жапалақлар жатқанда,
Таң да атты сарғайып,
Қызыл-жасыл доланып,
Күн шықпады уядан,
Алмадай болып қызарып,
Көринеди қыядан,
Ол неге қызыл болмасын?
Ол неге шықпай турмасын?
Қан төгилип атқанда,
Жазықсыздан жанларды,
Ғарға шоқып жатқанда,
Адамның услап баласын,
Мал орнына сатқанда,
Мийримсиздиң қоллары,
Қызыл қанға батқанда,
Күн шығып, неге ай туўсын?
Ай туўып, неге күн шықсын?
Ҳал дәрманым жоқ болып,
Жылға сайлар көп болып,
Қызыл гүллер солғанда,
Аҳ жигитлер, жигитлер!
Таң атып, күн шыққанда,
Қасымдағы қуўатым!
Еки бирдей қанатым,
Турмақшы болды орнынан,
Сол ўақлары ағалар,
Кейинимизден тап болды,
Бирге шыққан жолдаслар,
Қурбы менен қурдаслар.
Олар көрип бизлерди,
Қушақласып жылады,
Шыдай алмай биразы,
Бойын таслап қулады,
Дәрманы кетип биразы,
Ақ теректей сулады,
Баўырларым жыйналып,
Көзиниң жасын булады.
Қасымдағы аштан-аш, –
Талып жатқан екеўге,
Тарақтайдан нан берди,
Қолына олар тийиўден,
Қатып қалған нанларды,
Қытырлатып кемирди.
Маған да берди аз ғана.
Бир устақан, бир тал ет,
Мен де оны жеп алдым,
Жеп болған соң буларды,
Қуўат енди бойыма,
Оңалдым деп ойладым,
Қуўанышым сыймай қойныма,
Тикке турдым орнымнан,
Исенип өз ҳалыма,
Көз жиберип қарасам,
Еки бирдей жолдасым,
Аш өзекке түсипти,
Жаңағыларды жеген соң
Не болғанын билмепти,
Еси аўып талыпты,
Басларын зорға шайқайды,
Кирпигин зорға қағады.
Ҳәмме дослар жыйналып,
Бири қалмай қыйналып,
Суў тамызды аўзына,
Сүйеп атыр басларын:
– Жазыл баўрым, жас жан», – деп,
Жаўдыр қара көзинен,
Ағызады жасларын.
Бир ўақлары болғанда,
Есин жыйды екеўи,
Шықпай қалды жанлары,
Тамақ болып тиреўи,
Бурынғысынан өзгерди,
Көзлеримниң гиреўи,
Сөйлеўге тили гүрмелди.
Аманласты кейнинен,
Келген ҳасыл дослар менен,
Қушақласып қайтадан,
Бетлеринен сүйисип,
Тентиреклеп турдылар,
Бир тислем нан жеген соң,
Өлмеске жетти қоллары,
Ағайин жетип кейининен,
Ашылды саррас жоллары,
Апа, аға деп бақырып,
Қуўанысты баллары.
Сол отырған жерлерде,
Дем алдық тағы азғана,
Бар тамақты бөлип жеп,
Базар қылып барына,
Жетеклесип сөйерден,
Түстик тағы жолларға,
Қасық, шөмиш, табақты,
Мықлы услап қолларға,
Бир-биреўге ҳал болып,
Қай бир қумнан өте алмай,
Маңлайдан төктик терлерди,
Арқаланып умтылып,
Жыйнадық барлық күшлерди.
Ортамызда бир ешек,
Көрпе-төсек артыўлы,
Бәри гөне олардың,
Жаңасы жоқ жартыўлы,
Ортаға бала мингизип,
Ешегимиз жүк артқан,
Ол да арық өлеси,
Қыстан азып шықтылар,
Паналап от жеп турарға,
Болмаған соң төлеси,
Қара көзим жаўдырап,
Баяғы жерден шыққаннан,
Үш күн өтти арадан.
Соннан бери досларым,
Таўыстық барлық аўқатты.
Енди жаман тарықтық,
Өлер болдық ашлықтан.
Кесиртке менен тасбақа
Услатпады жеў ушын,
Тасбақа менен ҳәккелер,
Қолымызға түспеди,
«Аштың аўы жүрмейди»,
Дегендей-ақ досларым,
Ағаштан басқа нәрсе жоқ,
Оны жеўге тамсанып,
Таңлайға татыр нәрсе жоқ,
Кемиремиз ағаштың,
Қыя шыққан тамырын,
Ол да ашшы уў екен.
Шығарамыз қамырын,
Сексеўилдиң жаслары,
Болады екен зәҳәр уў.
Шөплерди жеп, ашшыдан
Исти бет ҳәм аўзымыз.
Тамақларымыз гүп болып,
Қарлықты және даўсымыз,
Өлерге мүмкин күн болды,
Ол ашлықта бир кеште,
Ортадағы ешекти,
Отыны мол жерлерге,
Жеткеннен сон жақсылап
Сойдық оны пуштарлап,
Үйтпе қылды ҳәммесин,
Зая етпей бирисин,
Бир жаңқадан бөлистик,
Писирдик отқа терисин,
Тағы тойдық етине,
Қалғанларын бөлисип,
Салдық тулып, қалтаға,
Ешектиң жүги бизлерге,
Дөҳмет болды тағы да,
Гөпе көрпе, шапанды,
Тырмыш алып арқалап,
Арадан еки күн өткенде
Қуладық бир теңизге.
«Айыршаның» үстинен,
Түсиў менен бул изге,
Қоныс бастық сол жерге
Аз ғана күн мәканлап,
Шалшық суўлар бар екен,
Онда балық мол екен,
«Муңайтпас» деген атаўға,
Қоныс бастық сол жерге,
Оның батыс жағында,
«Тербенбес» деген бар екен,
Ол да бийик қум екен,
Еки жағы қамыслық
Шыбыны да мол екен.
Жатқармайды түни менен,
Енди қаза тоқыдық,
Услайық деп балықты,
Адам бойы жерлерге,
Апарып салдық қазаны,
Балық түсти қазаға,
Қарнымыз тойып балыққа,
Ашлықлардан қутылып,
Шықтық аз күн жарыққа,
Жаз күнлери еди бул,
Жалаңаш-жалпы елеўсиз
Жүре бердик еп пенен,
Қаза салып шалшыққа,
Жумыс қылып көп пенен,
Жазлар өтип бир күни,
Қылышын сүйреп қыс келди.
Қара бултлар тиркелип,
Ушқын қарлар бурқырап,
Жаз жайлаған үйреклер,
Жайыққа ушты шырқырап,
Тоқпақтай ести қатты жел,
Жаман болды шақылдап,
Енди бизге кийим жоқ,
Кийинип аў салыўға,
Жаман да болса етик жоқ,
Аяққа енди тартарға,
Қамыстан басқа нәрсе жоқ,
Түнде салып жатарға,
Топырақтан басқа төсек жоқ,
Тамақ ушын татарға,
Көз жиберсең нәрсе жоқ,
Бала-шаға тағы да,
Баяғыдай шуўласты.
Қыс жаман келди тағы да,
Дәртлер дәртке уласты,
Енди биз не қылармыз?
Қаяқтан тамақ табармыз?
Аҳ досларым, досларым!
Өлмеўге себеп табылды,
Қарабарақ мол екен,
Кебирге питкен қалып бос,
Табалмасаң тамақты,
Ишерлик ас сол екен.
Басындағы дәнесин,
Зая қылмай қағамыз,
Қағып алып ҳәммесин,
Күн шуўаққа жаямыз,
Кепкеннен соң дәнесин
Түйерге бизде кели жоқ,
Дигирманлар тағы жоқ,
Уўқалаймыз қол менен,
Қаўылдырығын қуямыз,
Шарлап алған тазасын,
Зәҳәрден ашшы биразы,
Ишимизди жандырды.
Иш аўырыўдан адамлар,
Бурынғыдан да көп өлди.
Дәртке даўа болмады,
Ашшы ишип иш тырысты,
Оннан соңғы бир талап,
Атшоқай болды қазбаға,
Бул да болса әдира,
Ызғар жерге шыққан соң,
Қатып қалған тас болып.
Алынбайды жуўықта,
Излей алмайсаң бой жазып,
Қақаман қатты суўықта,
Барсақ та излеп ат шоқай,
Гейде тапсақ, гейде жоқ,
Қазарға түбин белде жоқ.
Соның ушын атшоқай,
Алынбайды тартсаң да,
Жерлери тоң болған соң,
Өнбейди ол жуўықта,
Аҳ досларым, досларым!
Аҳ жигитлер, жигитлер!
Он қос болдық жыйналып,
Посып келген посқыншы,
Арасынан солардың,
Күнде үшеў өледи,
Қыс өтпей-ақ қасымыз, –
Қойымшылық болды бир талай,
Бирме-бирге келгенде,
Биз бүйерге келгенде,
Үш жүзден аслам жан еди.
Өле-өле олардан,
Қалды бир жүз елли адам.
Олардың да жүрерлик,
Денлери де саў емес,
Кими жөтел, кими аўырыў,
Кимлерин суўық қағыпты,
Кимлери искен ашлықтан,
Қараўытқан жүзлери,
Шықпай жүрген жаны бар,
Жаўдырайды көзлери,
Зордан-зорға шығады,
Ҳәр бир айтқан сөзлери.
Ыңыранады биразы,
Көп қайралып тислери.
Аҳ досларым, досларым!
Бул қыс өтти усылай,
Кимлер өлип далада,
Кимлер өлип салада,
Қазасы жеткен бенделер, –
Күнде де өлди, түнде өлди,
Қалғанымыз жетистик,
Келер жылғы жазларға.
Қыстағы қалған қазаны,
Оңластырдық тағы да,
Бир күнлери дүзетип,
Апарып салдық шалшыққа,
Қалың муз кетер-кетпестен,
Шешинип түстик суўларға,
Денемиз қақ-қақ жарылды,.
Табанымыз айрылды,
Салғанда ол қазаға,
Тилеймиз тилек ҳәммемиз,
Жаз шыққан соң, қыс өтип,
Ҳәммемиз де қуўандық.
Балығы мол түскей деп,
Қумалақтан пал аштық:
Бир палшы балық жоқ дейди,
Балық жоқ деген палшыны,
Жеп қойғымыз келеди.
Балық мол деген палшыны,
Қушақлағымыз келеди.
Тартыс болды күни менен
Не түсер екен ертең деп,
Уйқыламай шықтық түни менен,
Түни менен уйқы жоқ,
Алыс жерге байраққа,
Ат жиберген кисидей,
Жатырмыз сонда ойланып,
Уллы қайғы түскендей,
Ала геўгим ўақытта,
Алаңлап турдық ҳәммемиз,
Балық көп деген ой менен
Солай болды дәмемиз,
Марданды салып ийинге,
Жүрип жеттик ҳәммемиз.
Қаза салған жерлерге,
Қол аяғымыз қалтырап,
Азаңғы түскен ақ қыраў,
Исиреди аяқты,
Ызғырып ескен желлери,
Қызартады қулақты.
Қолға алған шыжым жип,
Талдырады бармақты,
Қара суўық қайқайып,
Салады бизге салмақты,
Барсақ көлдиң жағасы,
Қаймақласып қатыпты,
Салған бизиң қазамыз.
Көринип тур узақтан,
Баралмай турмыз жағада.
Суўық деген азаптан,
Айтыстық турып жағада.
«Я өлейик, қалайық,
Жағада бүштип турғаннан,
Қазаға таман барайық.
Қазада болса бир нәрсе
Беккем услап алайық.
Алып шығып жағаға,
Ақ марданға салайық,
Апарып үйге аман-саў,
Қазанларға асайық.
От жағып тезден писирип,
Сорпасына тояйық!
Аҳ жигитлер, жигитлер!
Бул , турғанды қояйық! –
Деп ҳәммемиз ғалаба,
Кийимлерди тасладық,
Қаза салған жерлерге,
Иркилмей жол басладық,
Бардық қаза қасына,
Ҳәммемиз де ентелеп,
Қыяқ музды қақ жарып,
Бир биримизди жетелеп,
Таяқ алып қолларға,
Қыйсық жолды төтелеп.
Барып көрсек қазаға,
Ақ шабақ пенен ақ сазан
Сыйғанынша толыпты,
Қуўанғаннан ҳәммемиз,
Даўыслап та жибердик,
Ҳәр балықты бир услап,
Сағағына қол өткердик.
Ала, ала балығын,
Тап түбине жетирдик,
Марданға салып шығардық,
Баяғы турған жағаға,
Әйне сәске ўақтында, –
Қазаны қарап биз болдық,
Ишинде қоймай бир шабақ,
Қадаларын суўырып,
Марданларды толтырып,
Жағаға қарап жуўырдық.
Санап көрсек балықты,
Тоқсан бири түсипти,
Ириси ҳәм майдасы.
Шөбиреси болса да,
Көпти бизге пайдасы.
Ем еди бизге ол күнде,
«Сасық көлдиң» тортасы,
Соның ушын, биз оның,
Шылымын да жалаймыз,
Арқаладық қалдырмай,
Балықлардың барлығын.
Умытты сонда жигитлер,
Бул дүньяның тарлығын.
Арқалаў менен аўылға,
Алып келдик күн бата,
Отыр екен жол қарап,
Қатын менен балалар да,
Аўға балық түспесе,
Қыйын деп бул ҳаллар да,
Көргенде бизди қуўанып,
Алдымызға жуўырды.
Балықты көрип пақырлар,
Қуўанғаннан жылады,
Ағажанлап кимиси,
Шабақларды услады.
Алдық бөлип балықты.
Қара кеўилди хошладық,
Балықлардың ҳәммесин,
Үйме-үйге тең бөлдик.
Бирине қылап қылмастан,
Ҳәр үйге келди бес сазан,
Бир сазанның өзине,
Қайнайды толып бир қазан.
Аз болса да көп көрип,
Сорпа иштик, тойықдық,
Қарынымыз қампайып,
Тыныш уйқылаўға қарадық,
Уртларымыз томпайып,
Қосларда жаттық шалқайып.
Мәзи-майрам биз болдық,
Тоқшылықлар улғайып,
Биригип ҳәмме ойнадық,
Азанда усы тойғанға,
Бүлбил болып сайрадық!
Аҳ жигитлер, жигитлер!
Жүктиң көрки аршады,
Түйениң көрки наршады,
– Байдың көрки мал менен,
Қундыз тутқан паршады,
Адамның көрки кийимди,
Әсиресе ишимди,
Ишерге тамақ болмаса,
Кийимиңди сатасаң,
Тоқ болса сениң тамағың,
Жақсы кийим табасаң!
Мине көриң жигитлер,
Кеше көшип келгенде,
Күни кеше жүргенде,
Қандай едик ашлықтан,
Қазаға балық түскели,
Қандай болдық абадан,
Бир күн жутар тамаққа,
Қаншелли биз мәс болдық,
Жаны бар жигит жатар ма,
Дегендей-ақ досларым,
Ерте турып тағы да,
Арқаға қарай жол шектик,
Ҳәммемиз барып көллерге,
Кешегиден жыллы күн,
Қатпаған екен қара суў,
Қарқылдасып шағала,
Ушқан екен аппақ қуў,
Бардықтағы жағаға,
Тасладық гүллән кийимди,
Мардан алып бардаңлап,
Әсте барып ардаңлап,
Жеттик қаза жанына,
Қазаны барып қарасақ,
Кешегиден бес бетер,
Қазаға балық толыпты,
Қуўанып тағы ҳәммемиз,
Қанамызға сыймадық.
Салдық жекен марданға,
Балығы көп болған соң,
Қалмады иште әрман да.
Усылай болып жигитлер,
Қарын тойды анықлап...
Қамыс қостан қутылдық.
Ық, пана ескен шыптадан,
– Қуп-қуў үйден қутылдық,
Шапан кийдик анықлап.
Ал жигитлер, жигитлер,
Қоныс басқан жеримиз,
«Мүңайтпас» деген атаўды,
– Белгили мәкан еттик биз.
Ал жигитлер, жигитлер,
Енди өлимнен қутылдық,
Жайнап-жаснап халық болдық.
Ақ дәрьяның бойынан,
Шалшық суўлы ойынан,
Жекен ордық жазында,
Жақсы шыпта тоқыўға,
Жазы менен жекенди,
Тынбастан ордық орақлап
Шыпталарды тоқыдық.
Шылымтал есип қатынлар,
Шыпталарын жуўырды,
Усылай болып жигитлер,
Қослардың ишин жақсылап,
Аўыл болдық, халық болдық.
Ешки алдық саўынға,
Кетпен урдық қаўынға,
Усылай күн кеширдик...

***
Ал, жигитлер, жигитлер,
Тағы бир сөзди баслайын,
Қулақ салып тыңлаңлар,
Кешеги өткен күнимнен,
Бир толғаўды баслайын,
Қобызымды қолға алып,
Тағы нама толғайын,
Қолымнан кеткен ол нашар,
Күйик болды әрманлы,
Ойымнан шықпай күн-түни,
Уйқымды шайдай ашады,
Ол көзимниң алдында,
Елеслейди турады,
«Аға» деген даўысы,
«Ана» деген сөзлери,
«Ата» деген сөзлери,
Жаўдыраған көзлери,
Ойымнан шықпай барады.
Ойлайман да жылайман,
Көзимниң жасын булайман,
Шыдай алмай дәртине,
Узыныма қулайман.
«Қарағым-аў қайда», – деп,
Бармағымды шайнайман,
Излегим келип сол қызды,
Ҳәр нәрсени ойлайман,
Досларым менен ойластым,
Биразлары менен сөйлестим,
Биразы айтты олардың:
– Ол қыз ушын ҳәлек боп,
Несине оның барасаң?
Ойлаўымша, ол нашар,
Аман емес бәледен,
Бай қолына түскен соң,
Жылай-жылай бийшара,
Қайғыда өлип кеткенди.
Усылай болып бийшара,
Жерине анық жеткенди,
Жаслығына қарамай.
Қабырғасын сөккенди,
Қәдирсиз қылып пақырдың,
Жүрегине тепкенди,
Жарамас жумысына,
Қызыл қанын төккенди.
Аман емес ол қызың,
Излеме, жора, ҳәлек боп,
Еңбегиң күйер қыяда,
Қаларсаң сөйтип далада,
Өлерсең кеўип салада,
Излеме, жора, ол қызды,
– Деп биреўи айтады,
Буның айтқан сөзлери,
Унамады, жақпады.
Қолымнан кеткен жетим қыз,
Ядымнан сирә шықпады,
Екинши достым ол айтты,
Азғана емес көп айтты:
– Излесең, жора, өзиң бил,
Қолдан кеткен жетим қыз,
Мәнисин билсең қызыл гүл,
Заманы келсе пақырдың,
Сайрап турған жас бүлбил,
Сорастыр, жора сорастыр
Тири болса, бийшара,
Ырза болар өзиңе,
Мийри қанар пақырдың,
Айтқан арнап сөзиңе,
Қайғыда жүрсең, билемен,
Себеби, жора, сол қыздың
Қан жуўырар жүзиңе,
Қалғаннан соң ол қызың,
Залым байдың қолында,
Тақатың сирә болмады,
Жалғызбан деме, жоражан,
Ерейин мен изиңе.
– Қыдырайық екеўимиз,
Қолдан кеткен жетимди,
Тири болса тирисин,
Өли болса өлисин,
Көзимиз бенен көрейик.
Өлген болса ол пақыр,
Ҳаққына дуўа етейик,
Екеўлеп излеп, жоражан,
Қыздың турған жерине,
Саррас жүрип кетейик.
Асқар таўлар келсе де,
Ушан теңиз келсе де,
Иркилместен өтейик.
Хабарын билсек ол қыздың,
Шаршамайық узақ деп,
Жанып турған от болса,
Тайынбайық дозақ деп.
Тири көрсек пақырды,
Еңбектиң шын қайтқаны,
Орынланғаны қалдықсыз,
Баяғыда айтқаны,
Тири болса, бийшара,
Ырза болар бизлерге,
Ырзаман деп өзи айтар
Излеп келген бизлерге,
Кетейик, жора, кетейик,
Қонсақтағы дүзлерге, –
Деп айтқанда достымның,
Қушақладым мойнынан,
Мийрим қанды еситип,
Ойлаған оның ойынан,
Айландым деп ақылыңнан,
Тағы сүйдим аўзынан.
Айтқаның ырас, жан достым,
Берекет тап сол ушын,
Етер болсаңыз хызмет,
Бир ғана емес, жоражан,
Жүз мәртебе рахмет,
Қайыл қылып жетимди,
Тийгизсең маған дәремат,
Достым мың-мың рахмет, –
Дедимдағы достыма,
Енди анық исендим,
Ўәделестик екеўимиз,
Кетер күнди белгилеп,
Жүрер болдық, төтелеп
Тағы қайта ойластық,
Аз ғана емес көбирек,
Бир неше күнлер кеңестик,
Етиклерди жамадық,
Азықларды тақладық,
Бас қосқан досларым
Еки сазан қақладық,
Оған шыбын қондырмай
Қәдирли етип сақладық,
Бар нәрсени аз күнде,
Тақластырып болған соң,
Көлге салған қазаны,
Кейинде бала-шағаны,
Қалғанларға тапсырдық,
– Аман болсақ келермиз,
Тез арада айналып,
Излеп жүрмең бизлерди,
Келмей калсақ қыйналып,
Деп оларға көп айтып,
Кетеримизди билген соң,
Мойнымыздан қушақлап,
Алған сәўдик ярымыз.
Қушақлайды, ағалар,
Улымыз бенен қызымыз,
Даўысына олардың
Жасқа толды-аў көзимиз.
Кете алмадық сол күни,
Аўыл менен хошласып,
Ертеңине азанда,
Түстик уллы сапарға,
Ҳешким иркиниш етпеди,
Жазымсыз жерге тоқтарға,
Үйреншикли мен сорлы,
Қобызымды тасламай,
Алып жүрдим арқалап,
Қасымдағы жолдасым,
Арқалады азықты,
Жетим ушын екеўимиз,
Көрдик бундай жазықты.
Ара-тура екеўимиз,
Үнди қосып майданда,
Айтамыз муңлы қосықты.
Арман жолға шыққан соң,
Қушақласып қайтадан,
Беккемледик дослықты,
Арамыздан аразлық,
Жоқ қылдық тағы қаслықты.
Жол тарттық енди екеўимиз,
Узақ қыя шөллерге,
Нәзеримиз түспеди,
Жалтыраған көллерге,
Жете алмадық жуўықта,
Атағы шыққан еллерге.
Ушқан қус бизге еристи,
Сол жүристе бизлерге,
Шаңқай түсте қысынып,
Тер төгилди көзлерге,
Сол далада екеўимиз,
Келемиз мына сөзлерге:
– Күлки болмай душпанға,
Тапқаймыз ол жетимди,
Ишимиз толмай пушпанға,
Жеткеймиз оның жерине,
Көрсек оны көз бенен,
Әрманымыз сирә жоқ,
Жүргенин көрсек аман-саў,
Болар еди кеўил тоқ,
Деп екеўимиз сол жерде,
Көп налыслар етемиз,
Қыйыр-қыйыр шөллерден,
Қыйналып өтип келемиз.
Узақ-узақ жоллардан,
Удайы жүрип келемиз,
Қанат күйген ыссыда,
Жанып тағы күйемиз,
Қолымызда бар кишкентай,
Аўызы жабық суўқабақ,
Бизлер елден шыққанда,
Толтырып едик оны да,
Соның менен ҳәзир де,
Еплестирип еп пенен,
Жибитемиз таңлайды,
Бир жутым ғана суўларға,
Ишип мийир қанбады,
Бир жутқан суў ыссыда,
Ҳеш дәремет болмайды,
Сондадағы күн ушын,
Бирден ишип қоймадық,
Соның ушын сақланып,
Қақпашқа бир тоймадық.
Тоя жесек қақпашты,
Таңлай жаман кебеди,
Сол ыссыда терлеримиз,
Сыртқа қарап тебеди,
Шөл үстине шөл болып,
Алартады көзиңди,
Қубартады жүзиңди,
Суў да жаман ашлықтан,
Ашлық жаман суўыңнан,
Екеўи де жоқ болса,
Кетеди қуўат бойыңнан.
Енди бизлер ой таптық,
Күндиз уйықлап жатамыз,
Күн батар ўақта турамыз,
Салқын менен сәўирлеп,
Аяўсыз аяқ басамыз,
Салқын менен жол жүрдик,
Аз ғана емес мол жүрдик,
Қараңғылар болса да,
Адаспай жол табамыз,
Қабаққа қуйған аз-кем суў,
Үшинши күнде таўыстық,
Қақпашымыз молшылық,
Жеўге оны қорқамыз,
Соның ушын жол жүрип,
Аш та болып барамыз,
Өзлеримиздиң күшинен,
Бир жанқадан қақпашты,
Таңлайымызға басамыз,
Тойдырып болып тамақты,
Алға қәдем басамыз.
Төрт күн болды биз елден,
Сапар тартып шыққалы,
Соннан берли жигитлер,
Суў қарасын көрмедик,
Мийримиз қанып ҳәз етип,
Бир уртлам суў ишпедик,
Бундай қыйын шөллерде,
Енди әбден шөлледик.
Таң саз берип атқанда,
Көринди бизге жарқырап,
Әмиўдәрья суўлары,
Қара таўға жақынлап,
Жеттик Хожа көлине,
Сонда, көрдик суўды биз,
Енди өлдик дегенде.
Қасына суўдың келген соң,
Баяғыдай қуўандық,
Түнге дейин дем алып,
Артықша суўға шомылдық,
Түстен кейин кешлетип,
Тағы жолды баспаға,
Көтердик биз кеўилди,
Дәрьядай болып таспаға,
Қолайландық сол ўақта,
Қаратаўдан аспаға,
Сол ўақлары болғанда,
Күн де батып баратыр,
Намазлыгер ўақ етип,
Намазшам жақын киятыр,
Суўға тойдық қайтадан,
Қабағымызды қол алып,
Толтырдық суўға жаңадан,
Қутылдық сонда қуўанып,
Шөл деген жазадан.
Мәрдана болып мәрдаңлап,
Тойып алдық қақпашқа,
Қолға алып таяқты,
Қыялап басып аяқты,
Өрмеледик басына,
Қара таўдай таўлардың,
Қасқарайған мәҳәлде,
Шықтық онық үстине,
Аяқ соқпақ жол менен,
Тунде жүрип келемиз,
Адыр-будыр көк таслар,
Аяғымызды қағады,
Таслар қаққан жеринен,
Қызыл қанлар ағады,
Аяққа кийген гөне етик,
Табаны түсти тас қағып,
Жалбырады ултаны,
Қасымдағы ол жигит,
Жигитлердиң султаны,
Шешип алды етигин,
Жалаң аяқ болды да,
Арқасына арқалап,
Алдыма түсти ардақлап,
Мен де шешип етикти,
Арқаладым тырмышлап,
Аяғымды сонда тас,
Киятыр бәрҳә жырғышлап,
Небир таслар батады,
Табанымызды айғышлап.
Сол мәҳәллер болғанда,
Үркердиң шықты жулдызы,
Жымыңласып ҳәммеси,
Көринди ҳаўа қундызы,
Жақты түсти азғана,
Турғандай-ақ ҳүр қызы,
Бир үңгирге түскенде,
Арқа жақтан ақырған,
Тынбай бәрҳә улыған,
Жаман сеслер еситилди,
Қулақты түрип тыңласақ,
Шыннан қасқыр екени,
Сол ўақытлары билинди,
Бурыннан мәлим бизлерге,
Таўдың жаман қасқыры,
Адамнан басқаны жемейди,
Урсаңдағы порсықтай,
Таяқларың өтпейди,
Болмаса қолда мылтығың,
Оған дадың жетпейди,
Соның ушын, жигитлер,
Жаман қорқып алақлап,
Дәрман кетти бойлардан,
Қол-аяқлар саўдырап,
Жығыламыз ҳәр ўақыт,
Қара тасты қушақлап,
Көзимизден жас ақты,
Жаңбыр қусап буршақлап,
Баратырмыз жуўырып,
Бир қуўысқа жеткенше,
Жанымыз қалмай асығып,
Жан-жағымызға қараңлап,
Бир қуўысқа жеткенде,
Басқа пана еткенде,
Келе қалды үш қасқыр,
Қутырғандай жалаңлап,
Бизлерди көрип қасқырлар.
Шоңқайысып улыды,
Оннан басқа сол ўақыт,
Онлаған қасқыр жыйылды,
Жыйылып алып ҳәммеси,
Таўдың үстин тырнады,
Домалаған тасларды,
Табанына жыйнады,
Шашты сөйтип ҳәр жақтан,
Жанымызды қыйнады.
Сол ўақлары қасқырлар,
Жақынлады қасымызға,
Атқан оқтай ҳәрбир тас,
Келеди тийип басымызға,
Жейтуғын болды қасқырлар,
Рәҳим етпей ол сурлар,
Көзден аққан жасымызға,
Бизлер де қарап қалмадық,
Қарастырып қасымызды,
Оң қолымызға тас алдық,
Пана қылып ой-жарды,
Бурынғы жерден тайсалдық,
Қолымыздағы тас пенен,
Урдық гөзлеп қасқырды,
Ылақтырған тасымыз,
Ҳешбир зая болмады,
Барып тийди қасқырға,
Әжел оқ болып жабысты,
Қамаған қарабасқырға,
Бирден урған тасымыз,
Бүйирине тийипти,
Тийген тасқа шыдамай,
Иши жанып күйипти,
Шалқасынан бир қасқыр,
Аўызын ашып өлипти,
Енди бизлер тынбастан,
Ылақтыра бердик тасларды,
Ылақтырған тасымыз,
Қағып турды басларды,
Анталаған қасқырлар,
Бизлер беттен басылды,
Тастан өлген өлиги,
Бир-бирине Қосылды,
Жейди деўге бизлерди,
Өкпелери осылды,
Маңлайлары жарылып,
Қызыл қаны жосылды,
Тийген тасқа денеси,
Азымшық емес ысылды,
Қашарына жай таппай,
Қасқырлар жаман қысылды,
Көз жиберип қарасақ.
Бизиң атқан тасымыз,
Маңлайларын қақ жарып,
Алты қасқыр өлипти,
Өзимизге қарасақ,
Қасқырдың атқан таслары,
Шекемизге тийипти,
Зардабынан солардың,
Қабырғамыз исипти,
Тула бойымыз зил болып,
Бойға қанлар қатыпты,
Қасқырдың атқан таслары,
Денеге жаман батыпты,
Саў басымызды саўдаға,
Усылай етип шатыпты,
Түни менен уйқламай,
Қабағымыз қатыпты,
Дорбадағы қақпашты,
Оны да шаң басыпты,
Қасымыздағы қасқырлар,
Батқанда тегис жулдызлар,
Таңның атар алдында,
Тарады жайлы-жайына,
Турып бизлер сол ўақыт,
Таяқтан өлген қасқырдың,
Бардық жетип қасына,
Барсақ оның қасына,
Көзлери шығып далаға,
Беккем жайып қушақты,
Шалқасына жатыпты,
Терисин, алыўға тырыстық,
Қолға алып пышақты,
Аўдарып ҳәм төңкерип,
Терисин алдық қасқырдың,
Сөйерде турып аз ғана,
Күнге жайып кептирдик,
Қасқырлардың терисин.
Сабақ алып қолымызға.
Шақлап кесип шаққылап,
Бүрип алдық аяққа,
Талайман деген қасқырдың,
Өзин бизлер өлтирип,
Шаштық қанын қыяға,
Жазасын бердик усылайша,
Жеймен деген шунаққа,
Қалдырдық гөшин далада,
Қайтып келер қонаққа,
Қабақтағы суўды ишип,
Тойып алдық қақпашқа.
Жүрип кеттик жол менен,
Киятырмыз тез жүрип,
Тез жүрсек те иркилмей,
Аяқты қыя басалмай,
Ҳарып талдық, жигитлер,
Қара таўдан асалмай,
Бир ўақлары болғанда,
Таўдан түстик төменге,
Киятырмыз тек жүрип,
Тағы да буннан өрлеўге,
Арқамызда арқалаўлы
Үш қасқырдың териси,
Төмен түстик бир ўақта,
Қарап едик көз салып,
Қалың қамыс көринди,
Әтирапында аўыл жоқ,
Кең майданлық жер екен.
Оннан да өтип барамыз,
Бул жерлерден өткенде,
Көл жағасы қамыслық,
Сол жерлерге жеткенде,
Бир шопанға жолықтық.
Аманластық көристик,
Аз ғана емес, бираз ўақ,
Отырып бирге сөйлестик.
Сөздиң басын қурадық,
Мүшкил күнге жарадық.
Ереке байдың аўылын,
Бул шопаннан сорадық.
Жетимди айтып тағы да,
Өксип-өксип жыладық,
Сол ўақлары ол шопан,
Бетимизге қарады.
Ҳал-жағдайды анықлап,
Қайтадан ол сорады.
– Ондай болса, ағалар,
Ереке байдың аўылын,
Билемен анық, ағалар,
Не жумысыңыз бар еди?
Қапа шеккен усайсыз,
Ереке байдың аўылы,
Бир майдан жол жүрсеңиз,
Көринеди алыстан,
Бийик қумда жайлаўы, –
Деп сол қойшы сөйерден,
Зорлық қылған зулымға,
Силтеди бизди анықлап,
Енди әбден қуўандық,
Билип алдық ол байдың,
Қайерлерде турғанын.
Басқа жаққа көше алмай,
Диңкесиниң қурығанын,
Тағы аз ғана жол жүрдик,
Аз ғана емес мол жүрдик.
Көринди байдың аўылы,
Минарланып алыстан,
Жақынлағанда аўылға,
Отырып ғана дем алдық.
Аўылға туўры бармадық,
Көринбедик ҳешкимге,
Жата бердик сөйерде,
Күн аўып песин болғанда,
Қайғы менен қан жутқан,
Гүңиренген сес шықты,
Еситкенде сол сести,
Ериксиз көзден жас шықты.
Қулақ салып тыңласақ,
Байқастырып қарасақ,
Деп келеди ол бир сес,
Зейин қойып байқасақ,
– Аҳ, қудайым, қудайым,
Атадан мени айырдың,
Анадан мени айырдың,
Қанатымнан қайырдың,
Ата-анамнан айрылып,
Жолда жалғыз қалғанда,
Еки көзим алақлап,
Арба жолда турғанда,
Кетиўге көзи қыймаған,
Жылама деп шырағым,
Маңлайымнан сыйпаған,
Жийен атлы ағамнан,
Айырды оннан қудайым,
Жеткенде жасым он үшке,
Дәрт үстине дәрт қосты.
Ереке байдың баласы,
Тартып алды мен сорды,
Қайырқом ағам қолынан,
Айырдың қудай айырдың,
Ҳәммесинен айырып,
Қанатымнан қайырып,
Енди неғып қойыпсаң,
Алмай мениң жанымды.
Төкпей қызыл қанымды?
Қойыпсаң неге қудайым,
Болмас еди әрманым,
Көрсетип алсаң көзиме,
Қайырқом болған адамды, –
Деген зарлы сеслерди,
Еситкенде анықлап,
Қайғылы оның сестине,
Туралмадық биз шыдап.
Алдына шықтық әстелеп?
Көрди ол қыз бизлерди,
Көрген менен бизлерди,
Танымады анықлап.
Ан-таң қалып қарады,
Көзиниң жасы моншақлап,
Қанлы жас толған көзине
Бизлер булдыр көриндик,
Соның ушын бул пақыр,
Танымады жуўықта,
Қарай берди алақлап,
Сол ўақлары шыдамай,
Жуўырып бардым қасына.
Қасына барып қарасам,
Сарғайыпты жүзлери,
Қанлы жасқа қарайып,
Толған екен көзлери,
Қолынан услап турдым да,
– Әўел елден шыққанда,
Атаң өлип қалғанда,
Анаң жолда өлгенде,
Кейниңнен жетип қарағым,
Қайырқом болған ким еди?
Жылама, деп шырағым,
Нәсият берген ким еди?
Кейнине ертип еки күн,
Тапқанын берген ким еди?
Атаң менен анаңның
Басына барып, шырағым
Белги салған ким еди?
Адам өлип атқанда,
Биразлар аўнап жатқанда,
Қыйырлы қыя шөллерден,
Шөллетпей сени өткерген,
Аҳ, қарағым, ким еди?
Оннан бери өткенде,
Бир бай көшке жеткенде,
Нан сорпаға барғанда.
Таяқ жеген ким еди?
Ерки кетип басынан,
Ҳайран болған ким еди?
Байға күши келе алмай,
Ўайран болған ким еди?
Бай баласы бассынып,
Қайта-қайта урғанда,
Таяқ жеген ким еди?
Сарғайтып еди жүзиңди,
Жас қылмайын деп көзиңди,
Бер дегенде Ереке,
Қарағым, бермей өзиңди,
Тартыста қалған ким еди?
Он үш жасар ўағыңда,
Мени сеннен айырып,
Сени меннен айырып,
Қанатымызды қайырып,
Аямай урып басларға,
Қула дүзде майырып,
Азар берген ким еди,
Есимди мениң тандырып,
Таяққа басты жардырып,
Сек секилли жетимди.
Шырқыратып қолымнан,
Алып кеткен ким еди?
Билесең бе, қарағым,
Билмейсең бе, қарағым,
Билмейсең бе, шырағым?
Дегенимде ол пақыр,
Не болғанын билмеди.
«Сен едиң аға» дерине,
Аўып қалды еслери,
Гүрмелип тили келмеди.
Ҳешбир тахат етпеди,
Мойынымнан қушақлап,
Көздиң жасын моншақлап.
Узынына қулады.
Менде оны қушақлап,
Көздиң жасын тыймадым.
Көргенде излеп келгенди,
Қанама ҳешбир сыймадым,
Мен де оны қушақлап,
Не болғанымды билмедим,
Қасымдағы жолдасым,
Басымызды сүйеди.
Бир ўақлары болғанда.
Қолымнан кеткен жетимим,
Есин жыйды елеўлеп,
Есин жыйып болған соң,
Бетиме мениң қарады.
«Ыраспа аға, түсим бе» деп
Мойнымнан тағы қушақлап,
Қасымдағы жолдасым,
Сүртип көздиң жасларын,
Сыйпады қыздың басларын:
– Аҳ, шырағым, шырағым,
Қолымыздан кеткели,
Тиримедиң, қарағым,
Сен кеткели бизлердиң,
Ишкенимиз зәҳәр болды,
Мени ойлап, қарағым,
Қақырығымыз қан болды,
Әлле қайда жүр екен,
Әлле қайда өлди екен? –
Дейип сени, қарағым.
Тири емес деп едик,
Сондадағы, қарағым,
Жийен менен екеўимиз,
Излемеге киристик.
Шықтық бизлер, шырағым
Муңайтпас деген атаўдан.
Арқаланып азықлы,
Қамыс қос деген отаўдан,
Арқаланып азықлы,
Астық бийик ол таўдан,
Жолға шығып шырағым,
Көрдик талай азапты.
Көре алмадық көллерди,
Көре алмадық еллерди,
Аўқатымызға қақпаш жеп,
Астық бираз жерлерди.
Енди өлдик дегенде,
Жеттик Хожа көлине,
Хожа көлге келгенсоң,
Суўға қандық ҳәз етип,
Жатып сонда дем алдық,
Қара таўдан асыўды,
Сонда жатып ойладық.
Соның менен, қарағым,
Күн батар-батпастан,
Арқаланып ардаңлап,
Өрмеледик сол таўға,
Шығып едик бул таўға,
Адамды талап жейтуғын,
Қасқырлары мол екен.
Қас қарайған ўақытта,
Шуўлап бизди қамады.
Кеўилдеги қайғыға,
Тағы қайғы жамады.
Өлместиң еттик ҳийлесин,
Қамап келген қасқырдың,
Быразларын сол жерде,
Тас пенен урып өлтирдик,
Көнин жайып далаға,
Мәнисине келтирдик,
Күнге жайып терисин,
Шыжлаған күнге кептирдик.
Шарық қылып аяққа,
Оны тағы биз бүрдик,
Аман есен, қарағым,
Таўдан астық тарығып,
Төменге түстик тағы да
Қанлар жутып зарығып,
Хабарыңды, қарағым,
Бир шопаннан сорадық,
Сонын менен, қарағым,
Сени излеп биз келдик,
Алдымыздан дус келдиң,
Мынаў аўылға баралмай,
Жар жағалап жүргенде,
Келди сениң зарларың,
Ҳаллас еткен даўысың,
Аҳ, қарағым, қарағым,
Қайсы бирин айтайын!
Соннан бери зар болған,
Қыйын қыстаў жерлерде,
Маңлайыңнан сыйпаған
Қосылдың бүгин ағаңа.
Көз айдын, шырағым, көз айдын,
Ақыры болғай бул истиң,
Көз айдын енди, қарындас,
Күткениңе қосылдың,
Көз айдын болсын муңлы бас
Қарағым, енди жылама,
Көзиңниң жасын булама.
Беккем байла белиңди,
Деген ўақта ол қыз да,
Ушып турды орнынан,
– Ғамқорымның ғамқоры,
Излеп келген ағамның,
Жәрдемшисимедиң деп,
Қушақлады мойнынан,
Қосылып тағы жыластық,
Мен де айттым ол қызға,
Көрген қорлық-азапты.
Басты қосып ҳәммемиз,
Белди беккем байладық.
Жақсы ойды ойладық,
Бириккен соң үшеўимиз,
Қайта-қайта ойластық.
Ҳешкимлерге көринбей,
Қашар болдық түн-менен,
Сонда турып қыз айтты:
– Жаяў қашып, ағалар,
Баралмаймыз ҳеш жерге,
Қашқан менен биз жаяў,
Услап алар душпанлар,
Кимимизди өлтирер,
Кимимизди тирилей,
Услап алып кисенлеп,
Бенде қылар, ағалар.
Соның ушын, ағалар,
Жанымды отқа жағайын,
Белимди беккем байлайын,
Байдың үйир жылқысын,
Түни менен жайлайын.
Жеткермейди қуўғанға,
Қуўып жетер қашқанға,
Дал бедеўден, ағалар,
Терлик салып тербетип,
Үшеўимизге үш атты,
Түни менен сазлайын.
Жеткермейди қуўғанға
Өйткени, ағалар,
Жылқы баққан жылқыман,
Таныс еди өзиме,
Әўел баста, ағалар,
Көринип еди көзиме,
Соның ушын ол енди,
Үш ат сазлап алыўға,
Көп жәрдемлер береди.
Дегенинде бизлер де,
Ондай болса, шырағым,
Күтә мақул дедик те.
Биз таярмыз сен ушын,
Басты тиктик өлимге,
Ўәде берип екеўимиз,
Қалдық қалың тоғайда.
Кешке жақын бизлерге,
Шөпшек терген киси боп,
Көп тамақлар жеткерди.
Тойдырды бизди тамаққа,
Исимизди питирди.
Жата бердик бизлер де,
Қыздың тилеп тилегин.
Байқадық сонда серледик,
Жаўдан қайтпас жүрегин,
Азамат екен қарындас,
Биз қусаған муңлы менен,
Байланысы мол екен.
Билдик тағы тилегин,
Тилеги мол болған соң,
Жеткерипти керегин,
Күн қызарып батқанда,
Аўыл-аймақ тырс етпей,
Шырт уйқыда жатқанда,
Үш бедеўди жетелеп,
Келди жетип қасымызға.
Қасында бар бир жигит
Келбетлери келискен,
Жылқыман дегени де
Минайымның сол екен.
Саспайды сондай күнлерде,
Ер жигит екен, мәрт екен,
Қушақласып көристи,
Олдағы ҳәм биз бенен,
Жолларың болсын кетсең деп,
Жуўап берди сөйерден.
Сол ўақлары биздағы,
Таярландық қайтыўға,
Көз жиберип қарасақ,
Минайым атлы жетим қыз,
Кийипти жақсы кийимди,
Қолға алып жарақты,
Белине беккем илипти,
Еки жүзли қанжарды.
Өткен қайғы өшлерин,
Душпанынан алыпты,
– Усы болсын ўәде деп,
Бизлерге берди еки атты.
Жолдасыңыз болғай деп,
Дослар күлип удайы.
Душпанның гүли солғай деп,
Минип алдық торы атқа.
Қатарласып жол тарттық,
Душпанынан өш алдық,
Жетим қыз жетти муратқа.



Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: ЖАЙЛАЎЫМ
Китап Мазмунына қайтыў

Социал тармақларда бөлисиў

Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң:

Қәте болған текст:
Дурысланғаны:
    Дурысланған текст серверге жиберилмекте...
Өзгерисиңиз қабыл етилди. Үлес қосқаныңыз ушын рахмет!
Кеширерсиз, серверде қандайдыр қәте жүз берди. Азмастан, және бир урынып көриң.