Оныншы бөлим (Onınshı bólim)
Алқысса сөзди еситиң,
Елек хан деген қалмақтан.
Әрманлы таңлар атырған,
Ай менен күнин батырған,
Он мың бенде бар еди,
Қалмақлардың қолында,
Бенде болып жатырған,
Зейни танып иледи,
Гүлайымның келгенин,
Солар иште биледи.
Ата-теги батыр еди,
Қәҳәр еткен жеринде,
Қырық адамға татыр еди.
Сол халықтың ишинде,
Қараңғы жайда жатырған,
Ақшолпан деген бар еди,
Гүлайымның келгенин,
Иште жатып бийшара,
Ол да хабардар еди.
Гүлайымға бағышлап,
Көпшиликке хабарлап,
Мынадай сөз айтқан екен:
Минип бедеў желгенди,
Намыстан күйип өлгенди.
Аңлап турман бир нышан,
Гүлайымдай арысланым,
Кейнимнен қуўып келгенди,
Қаланың аўзын таба алмай,
Онда-мунда соқлығып,
Жол таба алмай жүргенди.
Еркин атын шаба алмай,
Әбирейин халықтың жаба алмай,
Қаңғалап жүрген болмасын,
Кирер саңлақ таба алмай.
Жақсылығын келтириң,
Қаст еткенди өлтириң,
Мен аңлайман бир сырды,
Қалмақларға сездирмей,
Мениң айтқан сөзимди,
Гүлайымға билдириң.
Бағының гүли солмасын,
Пайманасы толмасын,
Мына залым қалмақтың,
Сегиз жерде хоры бар,
Қурып қойған айтыўлы,
Қырық бес жерде торы бар.
Гүлайымдай жалғызым,
Соларға дус болмасын,
Узақ бийик таўы бар,
Есапсыз жатқан жаўы бар,
Қаланың арқа шетинде,
Күнниң шығар астында,
Бир мезгиллик жолы бар,
Бийик таўдың астында,
Қаласының аўзы бар,
Анық көзим көрген жоқ,
Халқының айтқан сөзи бар,
Жоқдур оның көп-азы,
Мудам қамал қысы, жазы,
Керек емес күш-қарыў,
Мынадай оның илажы:
Хабар алсаң сол жерден,
Бир адамды көресең,
Сақалы узын салалы,
Күн-түн отыр сол жерде,
Ерксиз тартар сыйны-салы.
Байқап оған қарасаң,
Қолында зийруў-зәбары,
Соны қолға түсирсең,
Талабың оң болғаны.
Соны қолға түсирсең,
Қаланың аўзын табасаң,
Қарсыласып айқасып,
Жаўыңа қылыш тартасаң,
Аўҳалың жүдә қыйынды,
Соны излеп таппасаң,
Ашылады етегиң,
Өзиң қымтап жаппасаң,
Мақсетиңе жетпейсең,
Ўақтында тухым шашпасаң.
Малың кетер басына,
Басына бас жип тақпасаң,
Дедигиңе жете алмайсаң,
Бурын атың шаппасаң.
Қазаның сирә писпейди,
Астына от жақпасаң,
Қатының кетер басына,
Қазық қылып қақпасаң.
Жете алмайсаң елиңе,
Усыны ойлап таппасаң.
Жазып бәржай келтириң.
Адамзатқа билдирмей,
Гүлайымжанға жеткериң.
Минген аты шабылар,
Мойнында ҳасыл тағылар,
Орынланса усы сөз,
Излегени табылар.
Аңлай қойса кешикпей,
Әбирейи жабылар.
Күш-күшине уласып,
Аш бүркиттей шабылар.
Мақсетине жетисип,
Ойнап-күлип шад болар,
Усы хабарды жеткизсек,
Батырлар бизди баҳалар.
Не болса да мен айттым,
Яр болғай ата-балалар.
Соны айтып Ақшолпан,
Көпшиликке жығылды.
Еситип оны халайық,
Бөлинген қойдай шуўлады.
Ақшолпандай арыўды,
Ортасына алады.
Айтқан сөзин қайтарып,
Бир-бирлеп хатқа салады,
Майданға шығыў илаж жоқ
Көпшилик ақыл табады.
Ҳайран болып турады,
Бир биринен сорады.
Айтылған сөзди хат етип,
Муштай тасқа орады,
Кеш болып күнлер батады,
Төсекте ҳәр ким жатады,
Әйне түнниң жарпында,
Сәлемхатқа тас орап,
Сақпанға салды бир жигит,
Қаладан сыртқа атады,
Кемпирге ҳәмме бас урды,
Еки қолын қуўсырды,
Сақпан менен сәлемхатты,
Әйне түнниң жарпында,
Тәўекел сыртқа асырды.
Алқысса сөзди еситиң,
Майдандағы қырық қыздан.
Ишлери толы намыс-ар,
Қаланың аўзын таба алмай,
Алды бийик, арты жар,
Ҳайран болып жүр еди,
Бул қалаға кире алмай,
Әйне түнниң жарпында,
Найзасына сүйенип,
Тур еди сыртта батырлар.
Әрманлық пенен тақ атты,
Жарық түсип әлемге,
Тум-тусына қарады.
Нешше қыйыр, нешше адыр,
Көргенди ерксиз қаратар,
Көринеди ағарып,
Жанында бир нарсе жатыр,
Қағазды жерден алады,
Асығыста батырлар,
Тарқатып оқып қарады,
Мәнисин оның аңласа,
Гүлайымның ядына,
Түрли хабар салады.
Көзи толды жасына,
Нур толды пешанасына,
Айтқан гәпке түсинип,
Асығыс пенен атланды,
Гүлайымдай перийзат,
Қызларын ертип қасына,
Күн шығарға жол тартты,
Қызларды ертип артына,
Хатқа бәри түсинип,
Жетисти батыр шыңына.
Қәҳәр менен пәтленип,
Қуўанып кеўили шадланып,
Қарағай найзасын өңгерип,
Жүрди шығысқа жолланып.
Қалаға кириў мақсети,
Шынты менен қолланып,
Бир мезгил жүрип қараса,
Қаланың шығыс астында,
Бир тас көрди минарланып,
Жетип барды ат айдап,
Гүлайым батыр сайланып,
Салтанат тутып киятыр,
Сом темирге қурсанып,
Нәзер салып қарады,
Дәрўазада байқады,
Өмиринше белли кәри,
Еситкен бурын қардары,
Отыр екен бир ғарры,
Жасы жүзден де ары,
Айтқандай қараса қолында,
Зийриў-зәбары.
Туўры келди мама айтқан,
Бир жарым ай жолын жойтқан,
Қуўанысып батырлар,
Мүшкили болды ансан.
Алқысса батыр сөйлейди:
Бәлент дағларда барды пәс,
Ақпағай көзден селли жас,
Жан өзиңде турғанда,
Дәрўазадан аўлақ қаш.
Неге отырыпсаң жолда,
Батырмысаң сен озалда,
Абырай барда қапыңды аш,
Жан өзиңде турғанда.
Кетпесин душпанда арың,
Батырман мен белли кәрим,
Дәрўазабан есик аш,
Келди Гүлайым қандарың.
Батыр болсаң қылма налыс,
Сапар тарттым жолым алыс,
Арнап келдим қалаңа,
Келиң берман биз бен таныс.
Еситип оны Елексан,
Не қыларын биле алмай,
Кейнине қарап қаша алмай,
Басты қыздың сиясаты,
Батырлардың сиясаты,
Қалмақты жаман басады.
Не қыларын биле алмай,
Ақылынан сасады.
Ўәзирлерин шақырып,
Елександай залым хан,
Мынадай сөз айтады:
Минип бедеў желипти,
Нешшеси шөлде өлипти,
Түркстанның халқынан,
Атақлы батырлар келипти.
Алғандай үлестан пайын,
Қарсылассақ алар пайын,
Дәрўазаны тез ашыңлар,
Мәртлик пенен болың тайын.
Арқайынлықты қояйық,
Байлап алып барлығыңды,
Жаўларға олжа болмайық,
Басқы таўып өз-өзиңнен,
Қызыл гүлдей солмайық.
Шақырып турған душпаннан,
Ертерек хабар алайық.
Қолдан келсе киргизбей,
Тегис геллесин алайық,
Тезирек атлан батырлар,
Бар ғайратты салайық.
Бир бирине билдирмей,
Қолдан келсе жаўлардың,
Тегислеп көзин ояйық.
Атлан-атлан батырлар,
Қаламызға киргизбей,
Тухымқурт қылып жояйық.
Алқысса сөзин еситип,
Қалмақлардың әскери,
Аттың жалын тарады,
Урыспаға қолайлап,
Белин беккем байлады.
Жолығып хабарласпаўға,
Айтыўлы ҳәмелдарынан,
Жаў қуралын сайланып,
Гүлайымның алдына,
Отыз адам барады.
Ерден ердиң қәўпи бар,
Қәдди бойы қалтырап,
Не дерин билмей албырап,
Сыр билдирип жаўларға,
Сынаптайын титиреп,
Тенелерин қорқыныш кернеп,
Албырақлап, сасқалақлап,
Отыз адам таптырып,
Дәрўазаны ашады.
Анық көрип батырларды,
Қалмақлардың бийлери,
Ақылынан сасады.
Жасаған дәўдей жасанып,
Жаў қуралын асынып,
Халыққа салтанатын салып
Сом темирге қурсанып,
Тәпинип тур батырлар,
Бәри бирден атланып,
Иси болмай булар менен,
Қыран батыр, Гүлайым,
Бул қалаға ат айдап,
Алла деп атлар қояды.
Ақ жалаўдан туў алып,
Шақмақтан қуў алып,
Метиреден суў алып,
Қалаға атлар қояды,
Батырлардың саўлаты,
Көргенниң ақылын алып,
Не қыларын биле алмай,
Қалмақлар естен танады.
Қарсыласып тура алмай,
Тумлы-тусқа қашады.
Топылысқа шыдамай,
Дәрўазасы қулады.
Улы-шуў болған сеслери,
Дағы-дасқа толады.
Бир шәҳәрге қырық адам,
Қырық мың жандай болады,
Айбатынан сескенип,
Нешшелер ерксиз қулады.
Ат басындай жүреги,
Сарайында туўлады.
Тумлы-тусқа ат қойып,
Қалмақлар жол баслады.
Қарсыласқан нешениң,
Қанын суўдай шашады.
Ғарры менен баланың,
Қара көзин жаслады,
Батыл қылып, оң-солын,
Ғайрат етип қырық батыр,
Қурсап алды тум-тустан,
Қашатуғын жолларын.
Журт сеники аға деп,
Қәтерди қалмақ қолларын,
Әсте басып аңлады,
Қулақ салып тыңлады,
Улы-шуў болған дыбыстан,
Қаланың иши жаңлады,
Сыйынып қәдир аллаға,
Яд етип кәмбил панаға,
Бирин шығармай далаға,
Тумлы-тусқа ат қойып,
Ойран етти қырық батыр,
Ғуббат деген қалада.
Аттың жалын тарады,
Нар түйедей жарады,
Тумлы-тусына қарады,
Кимниң қолы шабылған,
Кими аштан сабылған,
Кими тили байланған,
Кимин көрсең зарланған,
Кимниң иши қарналған,
Есабы жоқ пенде болған,
Мусылманды көреди.
Оны көрип Гүлайым,
Азмаз кеўил бөледи.
Ҳаўадан ушар аласар,
Әлҳаўаға жарасар,
Адамды ийтше өлтириў,
Елек ханға жарасар.
Аман-есен барсыз ба,
Аға-ини, қарындаслар.
Азғана ўақ сабыр ет,
Атқа тумар тағайын.
Ким гүналы, ким гүнасыз,
Соның парқын аңлайық,
Қайда екен Елек хан,
Әўелҳа соны табайық.
Бир-еки аўыз гәплесип,
Сенлерди азат қылайық,
Қарсыласып ат шапса,
Билгенимизден қалмайық,
Аты-жөнин тыңламай,
Айдарҳадай жалмайық.
Бизге қарап бағынса,
Кегимизди алайық.
Қарсы урыс салмайық,
Өшти алып өшлиден,
Кекти алып кеклиден,
Азат қылып бендени,
Елимизге қайтайық,
Қасыңдағы батырға,
Нәсият айтты Гүлайым:
— Көрген жерде бас салып,
Халықтың зәрресин алмайық,
Сол болур бизге ылайық,
Алым тутар тәбәрди,
Найып сөзге шеберди,
Хабарлассын тезден деп,
Қалмақлардың ханына,
Гүлайым адам жиберди.
Беккем тутып ядына,
Шер толып кеўил шадына,
Жуўырып барды найыбы,
Елек ханның алдына,
Жипектен нәзик торқады,
Батырлыққа шорқады,
Келгеннен соң найыбы,
Қалмақлардың патшасы,
Қалтырап қатты қорқады.
Не қыларын биле алмай,
Елек хандай ол залым,
Аш жолбарыстай ақырды,
Иши жанып қамылды,
Ала туўын жамылды,
Бийжай көрип найыбын,
Жүреги қорқып жарылды.
Ыңыранып турып жайынан,
Жүрек бағры болып қан,
Не қыларын биле алмай,
Шықпады теннен шийринжан.
Келиўине қарамай,
Ат қойып келди есикке,
Аты шыққан батыр Қыран,
Есикте турып тәпинип,
Қалмақлардың ханына,
Мына сөзди айтады:
Бәлент дағларда барды пәс.
Орманда ағар көзиңнен жас.
Хабарың бар ма келгеннен,
Қалмақлардың патшасы,
Шығып биз бенен хабарлас,
Сөз айтаман мықлы ханша,
Көринбейсең алдымда,
Ислериң сениң қалайша,
Қандарың келди үстиңе,
Ҳәддиң болса ойланбай,
Майданға шық залым патша
Батырлықдур белли кәрим,
Неге келмейди намыс-арың,
Қандарың келди есикке,
Болсын муннан хабарың.
Көзиңе көринди жаның,
Ағар сениң қызыл қаның,
Мәрт болсаң кел майданға шық,
Өтти басыңнан заманың,
Талқан етеди таў-тасыңды,
Билсең әзелий қастыңды,
Келди қандарың есикке,
Мәрт болсаң көрсет басыңды
Айт мәмиле сөзиңди,
Көрсет алдыма өзинди,
Ерлерден асқан ер болсаң,
Берман қара аш көзиңди,
Қәдир қудайыңды яд ет,
Зулымлығыңды ада ет,
Келди қандарың үстиңе.
Не жуўап айтасаң қара бет,
Соны айтып Қыран батыр,
Ханға қарап тәпинди,
Еситип қалмақтың патшасы,
Қаны қызып қайнады,
Жуўырып шығып майданға,
Жан-жағына қарады.
Қара түсин суўытып,
Нар түйедей жарады.
Батырға қарсы бата алмай,
Аш бөридей жалақлап,
Ҳайран болып турады.
Саўда түсип басына,
Қарап етер қарғыны,
Түсеғойсаң дәстине,
Аш кепектей ырылдап,
Сап жығасы басында,
Тәўекел ханың келеди,
Гүлайымның қасына,
Қалмақлардың патшасы,
Ыңыранып сөйлей береди:
— Ҳә Гүлайым, Гүлайым,
Бунша мойның созасаң,
Хаслың нашар енағар,
Бизден қалай озасаң.
Ат ойнатып үстиме.
Мени ким деп ойлайсаң,
Аямайсаң шыбын жаның.
Төгилмесин жерге қаның,
Бунша неге жалақлайсаң.
Неше пуллық барды ҳалың.
Өткен күнниң жоқдур сәни.
Кешпегей бендениң жаны.
Умтыласаң тисиң қайрап.
Аңла, сен ериңди таны.
Соны айтып залым хан,
Зығырданы қайнады.
Көзи оттай жайнады.
Гүреске адам сайлады.
Залым ханның сөзлери,
Буўынба-буўын жайлады.
Алысыўға қалмақ пенен.
Қыран батыр сайланды,
Буған қарап Қыран батыр,
Қәҳәрленип сөйлейди:
— Ҳә қутырған, қутырған,
Қубартпаңыз жүзиңди,
Алартпаңыз көзиңди,
Менменге сирә жол жоқдур,
Пәске тутың өзиңди.
Көрсет бизге лалаңды,
Ақылың болса енағар,
Ойран етпе қалаңды.
Ғамын ойла елиңнин.
Жылатпа қатын-балаңды.
Ҳаслың нашар енағар,
Былғарман қанға далаңды,
Ҳәддиң болса кел бери,
Бул теңликтин майданы,
Көрсет бизге шамаңды.
Ермек ушын қырдырма,
Елиң менен балаңды.
Өзиңди мыңға тайлайсаң,
Ишсең қанға тоймайсаң,
Бунша ерлик етесең,
Мени ким деп ойлайсаң,
Қулақ салдым сөзиңе,
Көриндим келип көзиңе,
Не қылсаң да еркиң бар,
Қыйынға урма өзиңди.
Қаның ағып болар сел,
Сенде не бар ашық ел,
Ҳәддиң болса кел-келме,
Айтып болдым өзиң бил.
Мен халыққа бийҳазар,
Жаман әдет тарпа басар,
Көрген жерде шабысыў,
Сендейлерге жарасар.
Нар болыпты әлўаның,
Аңладың гүлиң солғаның.
Ҳәддиң болса гүреске шық,
Бизлер ноғайдың палўаны.
Ишимде толы намыс-ар,
Кәдигим зор қәўпим бар,
Келди ноғайдың палўаны,
Көрейин қанша күшиң бар,
Қалаңызға урың жар,
Ҳалымнан болың хабардар,
Бизлер ноғайдың палўаны,
Аңлаймысаң геллеғар,
Бедеўиң майданға шабар.
Тилегимди берген жаббар,
Ел керек пе, жан керек пе?
Тезме-тезден бер хабар.
Соны айтып палўаның.
Шегинип турды кейниңе.
Еситип қалмақтың ханы.
Маңлайдан төкти қара тер.
Туўры сүңгип кирмеге.
Жарылмады қара жер,
Қаны қашты бетинен,
Қатты қорқып келбетинен.
Түклери дуўлап етинен.
Жүрек бағры тырнады.
Не қыларын биле алмай.
Қанасына сыймады.
Ақылгөйин, ҳәмелдарын,
Елин халқын топар-топар жыйнады.
Анда-мында ат шаўып,
Шийрин жанын қыйнады,
Саўда түсип басына,
Ҳәмелдарын найыбын,
Шақырып алды қасына,
Жигирма бес сәрдарын,
Басын қурап алдына,
Қалмақлардың патшасы,
Мынадай сөзлер айтады:
— Ақыл дана шын дослар,
Ҳәр ким өзиниң ўақтын хошлар.
Аңлайсыз ба бизиң ҳалды.
Болдым қыйынлыққа дуўшар,
Көк теңизге батыл болдық,
Батып-шүмип бизиң баслар.
Шәҳәриме толып кирди,
Есапсыз қалың душпанлар.
Атымды сорап келипти,
Гүлайым деген бир қайсар.
Болар исти билип турман,
Ақыл бериңизлер дослар,
Еситип оның найыбы,
Патшаға қарап сөйлейди,
Ҳа патшайым, патшайым.
Қорқып ақылыңды алдырма.
Ҳеш нәрсени ойлама,
Басыңды тартып қорлама,
Ҳаслы оның қатынды.
Оның ушын қыйналма,
Зорлық, қорлық көрмей,
Еркиңизди бермеңиз,
Ҳаслы оның қатынды.
Шопан шелли көрмеңиз,
Қарсыласып айқасып.
Кеўлин жүдә жерлеңиз,
Қолға алың қылышты,
Оңға солға сермеңиз,
Тегинликте жол берме,
Қатынға бағынып, қол берме.
Айтқан сөзди билиңиз,
Еситип оны залым хан,
Ушып-ушып қуўанды.
Кеўил дәрти уўланды,
Қорқып турған ханыңыз,
Кеўли тасып жубанды,
Сол ўақтында Елек хан,
Сырын айтып көпшиликке,
Мынадай сөз айтады:
Қайттымекен дәўлетим,
Қырық күн тынбай жаўды қар
Үш жыл болды бир жағымда.
Гүлайым сулыў деген бар.
Көзим түссе көзиңе,
Қара жерге қазықтай,
Кирип кете жазлайман.
Ҳәр бир ўақта әжелим,
Соннан ба деген қәўпим бар
Үш күн болды ойласам,
Заманым мениң тарылды,
Өз-өзинен ҳаўлығып.
Жүрегим қорқып жарылды,
Не қыларым биле алмай,
Ақыл-естен айырылдым.
Ҳеш бир иләж ете алмай,
Өз-өзимнен майырылдым,
Жипектен нәзик торқаман,
Батырлыққа шорқаман,
Гүлайымнан әжелим,
Жетер ме деген қәўпим бар
Қарсыласып келгенди,
Қалтырап қатты қорқаман.
Найыбы нәсият айтады,
Ҳаўлықпаңыз ханымыз,
Қайыл болың ҳәр иске,
Қайғының ашып қақпағын,
Салма өзиңди қәпеске.
Кисиге еткен жаманлық
Ойлап көрсең өткен исти,
Халайыққа қанықты,
Өтирик емес анықты:
Өткен иске өкинбең,
Душпаның сени таныпты.
Уўайым-қайғы қояйық,
Қолдан келе билгенше,
Қанын ишип тояйық,
Қамап алып көп душпанды,
Еки көзин ояйық.
Ғайратыңды сала бер,
Еплеп қолға түсирип,
Гүлайымдай сулыўың,
Қарқыратып шалайық.
Бенде болған халқының,
Бир шетинен қырайық,
Қызыл жүзин солдырып,
Ишине әрманын толтырып,
Ертуўған деген батыры бар,
Ертерек отқа жағайық.
Қолдан келсе досларым,
Гүлайымдай сулыўың,
Еплеп услап алайық,
Насырға иси шабады,
Қалмақлардың бийлери,
Сондай ақыл табады.
Алқысса сондай ҳәмел етеди,
Бул сапары егленбей,
Гүлайымға жетеди.
Етин қырқып Гүлайымның.
Сүйегинен өтеди.
Қаршығадай қайқайып.
Гүлайым атқа минеди.
Қыран батыр қасында.
Елек ханның алдында,
Ат ойнатып келеди.
Айбатланып ақырып,
Қыран батыр сөйлей береди:
Ақылым болды мениң лал,
Олжа болғай жыйған мал,
Айтатуғын арзым бар,
Ханымыз буған қулақ сал.
Қатарда барды қара нар,
Ишимде толы намыс-ар,
Бенде қылып қойыпсаң.
Шәҳәриңде қамаўлы.
Он еки мың халқым бар.
Ойла бизиң мақсетке жет.
Урысып болма қара бет,
Бизиң менен ел болсаң.
Он алты мың малымды.
Он еки мың халқымды,
Қолыма бер азат ет.
Ат кекилин өресең,
Өзиңе өзиң төресең,
Бизиң менен ел болсаң,
Он алты мың малымды.
Тезме-тез әкеп бересең.
Айтқан гәпке турмасаң.
Таң азанға ийшалла,
Өз басыңды өзиңиз.
Найза ушында көресең.
Майданың боялар қанға,
Басыңа түспесин саўда.
Айтқан гәпке турмасаң.
Егленбей шығын саўашқа.
Сол гәплерди бир айтып,
Белине садақ орады,
Жаўға қардай борады,
Жаў қуралын тағынып.
Барлығы бирден атланып,
Хан үстине тәпинип,
Қыран менен Гүлайым.
Саўашқа таяр болады.
Зеребесин үйирди,
Қалмақлардың ханына,
Қатты хызмет буйырды,
Бенде болған халайық,
Ат астында қалмасын деп,
Бас-аяғын жыйнап,
Қол көтерип турсын деп,
Гүлайымдай перийзат.
Қырық қызды соған буйырды.
Алқысса батыр Гүлайым,
Жараған нардай ыңыранып,
Муздай темир қурсанып,
Қан саўашқа қумарланып,
Ақ семсерин қолға алып,
Урыс жайға қаратып,
Аттың басын оңғарып,
Тәжине шегип тулпарға.
Келе берди Гүлайым.
Алқысса сөзди еситиң,
Елексан деген залымнан.
Ашық еди арасы,
Толып жүрекке жарасы,
Еки батыр күтип турса,
Салтанат тутып киятыр.
Көринди қалмақтың қарасы.
Гүлайымды көргенде,
Тарылады заманасы,
Тесик таппай кирерге.
Сыр билдирмей Елексан,
Гүлайымға ақырып.
Мынадай сөз айтады:
Әй батырлар, батырлар,
Мийман дийип мен сыйлап,
Дәрпенбейин жатырман.
Аңла, аңла енағар,
Атыңның басын тартыңлар,
Себеп пен келдиң елиме,
Ҳәддиң билмей енағар,
Пәнже саласаң белиме,
Ҳәддиң болса кел бери,
Қайыл болсаң өлимге,
Мийманлығыңды сыйлайық,
Қайт адаспай кейниңе.
Өзиң әззи нашарсаң,
Мийманлығың және бар,
Мен тиймеймен зейниңе.
Уят боларсаң жеңилсең,
Не келеди қолыңнан,
Мениң менен айқассаң,
Парша-парша боларсаң,
Қайт кейниңе енағар,
Түсерсең жаллат қолына,
Әскер шаншып тум-тусыңнан
Жете алмай жүрме елиңе.
Бизиң әскер жол бермес.
Келмесин ҳеш кеўлиңе,
Абырай барда нашарым,
Тезден қайтың кейниңе,
Соны айтып залым хан,
Айбат шегип қарады.
Мына сөзди еситип,
Гүлайымдай перийзат,
Буған қарап не деди:
Шығар болсаң атар таңға,
Зимистандур қутырған.
Ойлап сөз айт бәдирек,
Алдыңдағы турғанның,
Ким екенин сен аңла.
Тасып-тасып толғаныңды,
Сандырақлап майданға,
Билмейсең не болғаныңды.
Сен аңламай турсаң ба?
Қазан урып солғаныңды,
Талқан етип қалаңды,
Қанға былғап далаңды,
Ядла кеткен ата-анаңды.
Аңла, аңла енағар,
Танымайсаң ағаңды.
Байлаған белге потамды,
Кеширилмес көп қатаңды,
Өзим аңға кеткенде,
Буўрабай атлы атамды,
Байлап атқан сенбедиң?
Мыңға басын тайлаған,
Белдеўге бедеў байлаған.
Жаңадәрья жағасын,
Еркин жүрип жайлаған.
Толы ноғай елатын,
Сүриўлеп малдай айдаған,
Елексан залым сенбедиң?
Халқыма тисин қайраған,
Саркоптың толы елатын,
Қосақлап өзин байлаған,
Жалынса да зар жылап,
Ҳәргиз тилин алмаған.
Залым душпан сенбедиң?
Дүньясы болса ала ғой,
Бийгүна жатқан халықты,
Қарқыратып шалғандай,
Не қылып едим мен саған.
Кеширейин мен қыйлы қал,
Ел болайық хан аға,
Гүнаңызды мойныңа ал.
Аўыр көрме сөзимди,
Бир аўыздан қабыл ал.
Саркоп деген қаламды,
Өзиң барып бузыпсаң.
Бириншиден айтарым,
Тезден барып соны сал.
Он мың адам қырыпсаң,
Он бир мыңын айдапсаң,
Өлген қудайдың мүлки,
Тири жағын жыйнап-терип,
Түркстандай шәҳәриме,
Қайтыў ушын жолға сал.
Өлтирипсең гүнасыз.
Тартар сени де қара жер,
Ерксиз айдап келипсең,
Он еки мың жанымды,
Он алты мың малымды,
Мың алтыннан қунын бер.
Өзгертпе қыйлы қалымды,
Айтқаныма жүрмесең,
Жиберемен жалыңды.
Алай-пылай сөз айтсаң.
Шашаман қызыл қаныңды.
Айтқанымды етпесең.
Аламан тенде жаныңды,
Тал бураўға тислетип,
Қыйратаман саныңды,
Оған қайыл болмасаң,
Әскерлериңди топла,
Әйне таңның атыўына,
Шығың тезден саўашқа.
Еситип оны Елексан,
Мынадай сөз айтады:
Тыңламайман налаңды.
Ойран қылып сай-салаңды
Көргеним жоқ қалаңды,
Әдил болсаң Гүлайым,
Жаппа маған жалаңды,
Туўрысынан келе бер,
Жуқтырма, заңғар қаранды.
Малыңды сениң алмадым,
Оқ тийди атаңыз өлди,
Көргеним жоқ анаңды,
Елиңде сениң ат шаптым.
Былғадым шаңға далаңды.
Жала жапсаң Гүлайым,
Қәне айтың оллаңды.
Мен динимнен қайтпайман.
Ялған сөзди айтпайман,
Барған жерде жол таппай,
Сендей үш ай жатпайман.
Қарсыласып жаў келсе.
Атымның басын тартпайман
Алдым шаўып малыңды,
Төлеймен деп айтпайман.
Жаба бер қәни жалаңды,
Гүлайым сеннен қорықпайман
Тыңламайсаң жағдай-жайды
Түп сағасы бир қудайды,
Бурыңғының нақылы бар,
Күш атасын тыңламайды.
Ғайратың болса сал дейди
Ҳақың болса ал дейди,
Күшли жалынып турмас,
Күшиң болса Гүлайым.
Меннен өшиңди ал дейди.
Жолатпа мени саяңа.
Нардан туўған мая ма.
Аспаның болса тасла маған,
Қолыңнан келсе аяма.
Айттым мықлап төресин.
Кимди әззи көресең,
Мен астыңда қалайын.
Тайдыр аспанның өресин,
Тезегиңди термеймен.
Басым кетпей геўдемнен,
Саған бир пул бермеймен.
Заманым боп тур жүдә тар,
Болмасын жигит сөзи ғар
Қолыңнан келсе аянба,
Не қылсаң да еркиң бар.
Еситип оны Гүлайым,
Асығыста албырап.
Айбатынан сескенип,
Қаны қашып қалтырап.
Қаршығадай қағынды.
Урысқа өзин қолайлап.
Алғыр қустай жайтаңлап,
Қыран менен Гүлайым,
Ат шаўып шықты ортаға,
Қарағай найза өңгерип.
Әреби атқа жем берип,
Атланып шықты батырлар,
Басын мыңға теңгерип.
Көк ала қалқан жамылып,
Аш буўрадай сабылып.
Ат шаўып шықты Гүлайым,
Оттай бағры қамылып.
Қанхор ердиң бири екен,
Ерлерден асқан ер екен.
Бенделерди ийирип,
Басын қурап қырық батыр,
Гүлайым менен Қыранның.
Жолын тосып тур екен.
Ат кекили есилди,
Душпанның бағры кесилди,
Басын қурап қырық батыр,
Урыс жаўға қосылды.
Ат шапқан дағлар пәс болып,
Айра түскенлер дус болып,
Урысқа кирди батырлар,
Гүлайым, Қыран бас болып.
Ялған сөзге ермеди,
Урық шелли көрмеди,
Алға басып батырлар,
Қалмаққа қылыш сермеди.
Белине садақ орады,
Жаўған қардай борады,
Есабы жоқ қалмаққа,
Қайтпай қылыш урады,
Ғуббат деген қалада,
Ақырзаман болады.
Қарсыласса жаслады,
Шегинип ҳәргиз қашпады,
Қалмақлардың басына,
Керилип семсер таслады,
Мәрттиң кеўли тасады,
Қанларын суўдай шашады,
Қақ жаўрынның тусы деп,
Нықлап найзалар басады.
Қаласын тинтип жайнатты,
Тум-тусқа атлар ойнатты,
Нешшениң жанын қыйнатты,
Кемпир менен ғаррының,
Жүреклерин суўлатты.
Жоқ қылды қарсы жаўларын,
Тумлы-тусқа ат қойып,
Талқан етти таўларын,
Қалмақлардың әскери,
Қара шыбындай ғаўлады,
Арадан үш күн өткенде,
Қалмақлардың елаты,
Бөлинген қойдай шуўлады.
Арқадан ести суўық жел,
Айдарҳадай тымсалы,
Теңселдирди аламды,
Таўлардың күшли шамалы,
Айдап келди Елексан,
Таң қалғандай неше палўан,
Саўыты полат жағалы,
Қүдиреттен кем емес,
Елексанның қамалы.
Күни-түни уйтқыған,
Ашылмады думаны,
Ҳәркимниң өз ойына,
Тирилиги гуманды.
Қорыққанынан нешшелер,
О дүньядай тымсалы.
Жер теңселтип наласы,
Бузылып кеўил қаласы,
Көп жығынға бас болып,
Аш жолбарыстай ақырып,
Және тайын болады,
Қалмақлардың патшасы,
Енди нәўбет жетисти,
Қалмақлардың сапары.
Келипти қатты қәҳәри,
Туў түбинде тур еди,
Болып атқан саўаштан,
Бар еди оның хабары
Ҳәмелдары, найыбы,
Жетпис еки палўаны,
Әтирапына қорған болып,
Хан ортаға шығады,
Тоқсан болып топары,
Патша сөйлей береди,
Гүлайымға лап урып,
Гүлайым атлы бийҳая,
Алдың заңғар айымды,
Оңнан, солдан ат қойып,
Жүдә алдың оңайың,
Асықпаңыз келлеғар,
Тутылар күн менен айың.
Албырама, асықпа,
Аларман сеннен үлес пайым,
Бийгүна журтты шаптым деп
Шаплыға берме нашарым.
Батыр сендей болмайды,
Журтқа жәбир салмайды,
Хабарласпай, гәплеспей,
Кисиниң ўәжин алмайды.
Батыр болған сөйлейди тым,
Кеширер он-онбесин,
Батырлардан қалған нақыл,
Алмаң бүлгенниң бүлдиргенин.
Сени батыр демеймен,
Ықрарыңа сенбеймен.
Сонша әскерим қырыпсаң,
Шыбын шелли көрмеймен,
Керилип қылыш урыпсаң,
Өз кеўлиңе баратырман деп.
Қурышың қанып турыпсаң,
Хабарласпай, гәплеспей,
Рухсатсыз енағар,
Ләшкеримди қырыпсаң,
Мен де жағалы ел деди,
Әскерим еле кән деди,
Хәддиң боса Гүлайым,
Енди буннан буяғы,
Жеккеме-жекке кел деди.
Қара шашыңды өр деди,
Айтқаныма ер деди,
Ҳәддиң боса Гүлайым,
Оқ атысып көр деди.
Аттың жалын өрейик,
Бир биреўдиң ҳәмелин,
Қандай екен билейик,
Енди буннан буяғы.
Мына майдан далада,
Оқ атысып көрейик.
Хәддиң боса Гүлайым.
Бир жерде тур қозғалма.
Ишиңде толы намыс-ар,
Сениң менен айқаспай,
Ат басындай әрман бар,
Ҳәддиң болса кел бери,
Тутасайық келлеғар.
Алқысса сонда Гүлайым,
Қалмаққа қарап не деди,
Қарсылассаң белли ҳалың,
Қалмасын ишинде қыйлы қалың,
Хәддиң болса қутырған,
Тезме-тезден таярланың.
Ҳә қутырған, қутырған,
Көтер сәл-пәл кеўлиңди.
Қәҳәрленсем ийшалла.
Сындырарман белиңди
Күшиң жыйна ғайрат сал,
Айырып ал елиңди.
Қолдан келсе аянба,
Оярман сениң көзиңди.
Ләшкериң меннен қырылды.
Оған себеп өзиңди.
Албырақлап топырақ шашпа
Ойлап айтың сөзиңди.
Қақпан қапқан қасқырдай.
Урынбағыл жан-жаққа,
Питкерген исиңди.
Айдарҳадай ақырып.
Қубартпаңыз жүзиңди,
Ҳалың болса хан аға,
Алың меннен өшиңди,
Жеккеме-жекке кел маған.
Жыйна белге күшиңди,
Зимистан қурып басыңа,
Түсирейин кешиңди,
Өз-өзиңнен өкинип,
Жандырайын ишиңди,
Ийттей талап батырлар,
Қарнамас па екен төсиңди,
Келтирейин алдыңа,
Көрген сениң түсиңди,
Жаңа таптың енағар,
Қорқатуғын кисиңди.
Бирим-бирим қашаўлап,
Омырайын ба тисиңди,
Мына сөзди еситип,
Елександай залым хан,
Айбатланып ақырды,
Жақынлады қасына,
Зорға сыйып қанасына,
Өз тилинен енағар,
Саўда түсип басына,
Гүлайымға ақырып,
Мынадай сөз айтады:
«А Гүлайым, Гүлайым,
Қоя, берме табаға,
Мәрт болсаң шық майданға.
Урыс жайға, гүрес жайға,
Адамгерлик нышаны,
Палўан шықты ортаға,
Опат қылар нарўаныңды,
Түтип нешше әлўаныңды.
Көп сөзди қой нашарым,
Жибериң мәрт палўаныңды.
Лап урасаң соншама,
Таныймысаң ағаңды,
Ат шабысып партаўдан,
Танымай жол-жобаңды,
Нешше пуллық күшиң бар,
Шақыр аллаталаңды,
Бизиң әскер жылатыр,
Ғарры қартаң анаңды,
Ҳаслың сениң урғашы,
Көрсет жигер санаңды,
Жасадым қырық бес жасымды,
Гүлайым деп он бес жыл,
Қурбан қылып ем басымды,
Белли душпан табылдың,
Жаўдыр маған тасыңды.
Ашырқаған бүркиттей,
Қанатынан қайрылды,
Узаққа шапқан жүйриктей,
Туяғынан майрылды.
Ойлап көрсең ханыңның,
Заманасы тарылды.
Бул хабарды еситип,
Аты шыққан палўанлары,
Гүлайымнан қорыққаннан,
Қашып жығыннан айрылды,
Гүрес жайға қолайлап,
Еки жақтың әскери,
Еки жаққа айрылды.
Нешшесин урып жығады.
Өкпелерин сығады.
Таңлаўлы ири палўанлары,
Топарласып шығады.
Еки жақтың әскери,
Еки тәреп болады.
Аты шыққан палўанларын,
Қыран деген батыры,
Бир-бирден урып жығады.
Аттың жалын тарады.
Белине қайыс орады.
Жүреги өскин қайсарың.
Қарсы алдына қарады.
Белине қайыс байлаған.
Көк темирдей денеси.
Қорғасындай қайнаған,
Түсеғойса қолына,
Опат қылмай қоймаған.
Қарсы алдынан қарасаң,
Көзи оттай жайнаған;
Алдынан шыққан адамды,
Жүзде болса жалмаған,
Уўлағаны адамзат.
Ишсе қанға тоймаған.
Буўынлары босаған,
Нақ бәлеге қусаған.
Қай шәҳәрде туўылып,
Қандай таўда жасаған.
Ҳәддиң болса келиң деп,
Жайқалып шықты Бир палўан.
Ҳеш бир ҳарып талмаған,
Қайтқан емес ҳеш ўақта,
Атыс пенен шабыстан,
Анаў-мынаў палўанға,
Аспан жери қабысқан.
Қыйын-қыстаў жер болса,
Залымхан менен шабысқан
Оны көрип Гүлайым,
Жерине жаман жетеди,
Қалмақтың айтқан сөзлери,
Сүйегинен өтеди,
Мәнети артылды.
Қаңырқаған бүркиттей,
Қаны ишине тартылды.
Гүлайымдай перийзат,
Жаўған булттай қурсады,
Қалмақтың айтқан сөзлери,
Жүрегин жаман осады.
Ашыўланып, арланып,
Уңғысы пәрең найзасын,
Оң қолына алады.
Таслап басқа жарағын,
Дәўге қарсы барады,
Қурт ойынын қурады,
Қайтпас қыран бүркиттей,
Гә оңға, гә солына,
Дәўлерге найза урады.
Тасқа тийген секилли,
Қармақ болып қайрылды,
Бизден себил қалдың деп,
Оны атып таслады,
Еки батыр қарсыласты,
Турпатларын көргенлер,
Қорқып ақылдан састы.
Таўдай тасып батырлар,
Бир бирин саўлаты басты.
Қолай жерин туттырмай,
Бири қуўып, бири қашты,
Бир бирине жуўырып.
Жағадан беккем услады,
Қолдан келсе бир-бирин.
Өлтириўге қаслады.
Еки батыр қарсыласып,
Жағадан беккем услады,
Бири арман тартады,
Бири берман тартады,
Бири бирин жығалмай,
Күшлери кем-кем артады.
Еки батырдың күши,
Тең келеди турады.
Алдырды ақыл мен ести,
Таңламады бәлент, пәсти,
Жығалмады бир-бирин,
Кеўиллери дәрьядай тасты.
Текедейин тирести,
Айғырдайын шайнасты,
Қораздайын жулысты,
Кейин-кейин шегинип,
Қошқардай гелле дүгисти,
Аш жолбарыстай ыңыранып
Жарылған муздай гүңиренип,
Батырлар жамбас урысты.
Жедел берип өзине,
Гүлайым батыр көтерди,
Еки аяғын жуп тутып,
Алғыр қустай пәнжесин,
Омыраўынан өтирди.
Қолайын алып Гүлайым,
Қалмақтың исин питирди,
Шырмады ояқ-буяғын.
Ядына салып баяғын,
Жуплап тутып екки аяғын,
Гүжирейтип еңсесин,
Бүркиттей салып пәнжесин,
Илдирмей жерге өкшесин,
Миндиреди омыраўға,
Хан алдына апарып.
Тас төбеден таслады,
Ләўсердей қылып геўдесин.
Өкпеси анық осылды,
Мурнынан қаны жосылды,
Жан тәслим етип сөйерде,
Аяғын душпан көсилди.
Оны көрип қысынып,
Ханыңның түри бузылды,
Салмағына шыдамай,
Палўанның мойны үзилди.
Көзде жасын булатты,
Ханның қуйқасын жуўлатты,
Жүреклерин суўлатты.
Енди қалғанларына,
Өлимнен хабар аңлатты,
Қалмақлар соңын соңлатты,
Гүлайым исин аңғартты.
Сол сыяқлы батырынан,
Гүлайымдай перийзат,
Он бесин анық қулатты.
Ары келип көп қалмақ,
Бәри қалмай хабар тапты,
Қарап турың халайық,
Және бир палўан киятыр,
Сақалы узын салалы,
Ҳәр бармағы бир гездей,
Буўынлары қыналы.
Жүз адамға тай келер,
Сөздиң туўры ҳадалы,
Жаратқан қудайың сезгей,
Қарсы алдынан қарасаң,
Геллеси бар гүмбездей,
Түрек тисин байқасаң,
Ҳәр қайсысы бир гездей,
Турпаты бар өзбандай,
Қәҳәр етсе бир өзи,
Бир арнаны қазғандай,
Түрин көрген халайық,
Қырық мың да болса тозғандай.
Пәнже урса таўларға,
Шыдап тура алмас қозғалмай.
Шунатайы заңғардың,
Алты қарыс сазандай,
Қарсы алдынан қарасаң,
Қаралығы қазандай,
Ишсе қанға тоймаған,
Ийниңде қара шекпени,
Торқа менен торлаған,
Түсеғойса қолына,
Желкеңди қыймай қоймаған
Балалы ғаздай байпаңлап,
Орын алды ортадан,
Халыққа мәлим атағы,
Жайлаған зараңдип дағы,
Абыл Харыс деген палўан,
Көргенлер ақылдан сасқан.
Гүлайымдай сулыўға,
Арнап келген билқастан,
Оны көрип Гүлайымның,
Қайғысы толысып тасқан,
Аўыр мың батпан тастан,
Асып кетти қайғы-шери,
Қатты қорқып Гүлайым,
Хабар келди өлим жайдан,
Аңлап сырын Гүлайымның,
Қағып таслап қайғы шерин,
Қарсыласып шықты Қыран,
Етеди ҳаққа налысты,
Ядлап қыйсық шалысты,
Ҳазар берип қол талмас,
Дарыған жерде жан қалмас.
Қолға алып Қыран батыр,
Алтын балдақ ақ алмас,
Айбат шегип бир-бирине,
Шағылысып сәўле шашып,
Бир-бириниң сусы басып,
Кескир қылыш жалақласып,
Еки батыр қарсыласып,
Геллеме-гелле шабысты,
Қаймығысып қағыпты,
Алмасқа алмас тийгенде,
Жылдырымнан от шығып,
Ғаўдан жерлер алысты.
Ырза болып бир нешшелер,
Жүдә мийри қанысты,
Тасқа тийген секилли,
Шарланып жүзи жетилди,
Қолыңдағы алмаслар,
Күшлерине шыдамай,
Ҳәр жеринен кетилди,
Ашыўланып батырлар,
Оларды атып таслады
Бир-бирине ат айдап
Ат үстинен алысты.
Жағаға қоллар салысты,
Аттың жели қайысты,
Алалмады бир-бирин,
Қәҳәрленип қолайлап,
Көрип урды қулашты.
Қозғалталмай бир бирин,
Сазан балықтай туўласты.
Ғайратына екеўиниң,
Халайықлар шуўласты.
Анық көзи көргенниң,
Жүреклери суўласты.
Айғыр киби таласты,
Терлери жерге буўласты,
Аңыранып батырлар,
Әйне бир күн айқасты,
Өлтириўдиң қастында,
Нар түйедей таласты,
Аш жолбарыстай ақырды,
Харыс батыр қудайын,
Өз тилинде шақырды,
Азбурайы ҳәмбил деп,
Жердиң пийри адамы Хап,
Мәдет берер күниңди,
Искендириў сачы сап,
Я ғардашып отпараз деп,
Ыңыранып жамбас салады.
Қап таўындай йошады,
Қатты қәҳәри келеди,
Қандай ғайрат салса да,
Бир бирине кәр етпеди.
Нәўбети дәўдиң өтеди,
Нәзер салың қолла деп,
Мәдет берер күниңди,
Пирим рәсиўли алла деп,
Қыран деген батырың,
Харыс деген батырға,
Қос пәнжесин салады.
Зорлығын батыр билдирди,
Дәўдиң күшин меңгерди,
Басып тығып омыраўына,
Және бир силкип көтерди.
Дедигине жеткерди,
Және бир ҳүжим жасады,
Белбеўликтен өткерди,
Және бир силкип көтерди,
Екки ийнине миндирди,
Еки қолын жуп тутып,
Ат алдына өңгерди.
Харыс деген палўанды,
Ҳәмирине көндирди.
Көп жығынды айналып,
Қыран деген батырың,
Халыққа өзин сендирди.
Бир айналып жығынды,
Әкелип ханның алдына,
Палўанлық жолын баслады
Мине тақсыр саўға деп,
Харыс батырдың геўдесин,
Тас төбеден таслады,
Қылышын қолға алады,
Бар ғайратын салады,
Сақалынан бир таўлап,
Қарқыратып шалады.
Суўқабақтай геллесин,
Найзаға илип алады.
Сол ўақтында Гүлайым,
Жүдә қурышы қанады.
Ат айдап келип ортаға.
Қыран деген батырдың,
Мойнына қол салады.
Арысландай ақырып.
Жүз мың ырза болады.
Кеўил бөлип анықлап,
Әбден кеўили толады,
Соннан баслап,
Қыран менен Гүлайым.
Анықлап дос болады.
Көп жығынды айналып,
Мәзи-майрам болады.
Қуўанышқа кеўли толады,
Кеўиллери ҳалласлап,
Әлемди шалқып орады,
Түркстанға қайтыўға,
Асығыста албырап,
Бас аяғын қурады.
Гүлайымдай батырың,
Жан-жағына қарады.
Қарсы алдына нәзерлеп.
Және бир палўан киятыр.
Турпатын көрип палўанның,
Ақыл естен танады.
Алқысса ендиги сөз,
Сол палўаннан басланады.
Қарсы алдынан қарасаң,
Ядыңа ҳәр ис салғандай,
Айбатын оның көргенде,
Қырық мың жығын қорыққандай.
Бурын көзи түспеген,
Қорқып естен танғандай,
Мурынының шалғайы,
Қысымланған талқандай.
Турпатына қарасаң,
Таўда турған төбедей,
Балтырының бәри жүн,
Муртлары бар жебедей,
Айбатынан ер қорыққан,
Тепсингенде жер қорыққан,
Жүдә мықлы болмасаң,
Анаў-мынаў палўанның,
Онбесин тири жутқандай,
Қабақлары жабылған,
Ала түгин жамылған,
Балтырының түгине,
Ҳинжи маржан тағылған,
Күнниң жүзин көрсетпей,
Жыл он еки ай бағылған,
Патшалықтан бағылған,
Атын сорасаң Сергиздан,
Жараған шердей ақырып,
Ҳәддиң болса келиң деп,
Гүлайымдай батырды,
Шақырады қолпылдап,
Айбаты жүрегин жарды,
Әззи болсаң заман тарды,
Шамырқанып Елексан,
Гүлайымға ақырып,
Дәўди ортаға шақырды,
Оны көрип Гүлайым.
Ҳайран болып турады.
Ҳеш бир илажын таба алмай
Жан-жаққа мойнын бурады,
Батыр еди озалдан,
Ишине әрман, шер толған,
Халайықтың ишинде,
Бир батыры бар еди,
Атын айтсам Ертуўған.
Күтти батыр намыс-арды,
Қалмақлар жүрегин жарды,
Көтермелеп Гүлайым.
Ертуўғандай батырың,
Дәўге қарсы шығарды.
Еки жақтың батыры,
Еки жақтан шығады.
Көргенлердиң кеўили тасты,
Еки батыр ортада,
Бир-бирине қарсыласты.
Бири қашып, бири қуўып,
Ҳийлелери ҳәдден асты,
Ертуўған менен Сергиздан,
Қарсыласып айқасты.
Жағаға қоллар салысты,
Гаҳы оңды, гаҳы солды,
Басларына күнлер туўды,
Қыямет базарын қурды,
Қолай келсе аянбай,
Аш бүркиттей пәнже урды.
Ала алмады бир-бирин,
Қошқар киби бәсип турды,
Қәҳәрленип Сергиздан,
Қолайлы жерин дуслады.
Ертуўғандай батырың,
Шеп жағадан услады,
Бир-бирине аянбай,
Керилип жанбас таслады.
Қайтара алмай бир-бирин,
Ҳайран болып турады.
Жығалмасын биледи,
Сергиздандай алабан,
Қатты ашыўы келеди,
Ыңыранып сөйлей береди,
Бурыннан усы жол ма деп,
Отпараз ҳәмбил колла деп,
Шаппаттай мусылман,
Ырас-ақ меннен зор ма деп,
Қәҳәрленип топылды,
Ертуўғандай батырға,
Ашыў менен пәнже урды.
Бир урғанда пәнжесин,
Ертуўғанның геллесин,
Салғам киби омырды.
Талдай мойнын бурады,
Ертуўғанның басына,
Қыямет қайым қурады,
Ғапыллықта батырды,
Дүньядан жуда қылады.
Қапа кеўилин хошлады,
Пышағын алып қолына,
Ертуўғандай батырдың,
Қулағынан услады.
Кесип алып геллесин,
Залым ханның алдына,
Ылақтырып таслады.
Алқысса сонда Елексан,
Қуўанышы сыймай қойнына:
Ҳә Гүлайым, Гүлайым,
Шыдайсаң ба ойыныма,
Айбат шегип Гүлайымға,
Елек патша сөйледи.
Ашылған гүлдей сола ма,
Жаманлық ядтан қала ма,
Ойлап қара сен занғар,
Байтал шаўып бәйги ала ма.
Қылған жаманлығың сол ма.
Еки батыр өлтирдим деп,
Мақтанасаң халқыңа,
Қолыңнан келсе аяма,
Ийини келген жеринде,
Батыр қарап тура ма.
Үмитиң жоқ халқыңнан,
Қорықпайсаң сен ҳақ қаннан,
Ҳалың билмей қарсы шаўып,
Қорықпайсаң жаныңнан.
Болма ашыўыма дуўшар,
Ҳалың белли ҳаслың нашар.
Сергизданның қолына түссең,
Қызыл қаның суўдай шашар.
Қарсы турма аўлақ қашың,
Егленбей араны ашың,
Ядыңда тут Гүлайым,
Сергизданның қолына түссең,
Мың қара болар лашын
Гүмбирлесер дағы-дашың,
Майда-майда болар басың,
Сергизданға қарсыласпа.
Гүлайым қыз аўлақ қашың.
Мына сөзди еситип,
Гүлайымдай перийзат,
Қәдди бойы қалтырап,
Гүлайымдай батырың,
Не дейди патшаға қарап:
Ким қорқады налысыңа,
Шек қойма өлшеў тасыңа,
Ерге қусап лап урасаң,
Ҳә қутырған, қутырған,
Ҳәддиң болса кел қасыма.
Асқынламай нәзериң сал,
Қарсылассаң биз бенен,
Заманыңыз сениң тар,
Айбат шегип қорқытпа,
Беррегирек келе бер,
Ҳәддиң болса енағар.
Аттың жалын өрейик,
Қолдан келсе ортада,
Батырлық дәўран сүрейин,
Бад урмастан келе бер.
Халайықтың алдында,
Бир айқасып көрейик.
Соны айтқан ўағыңда.
Қалмақлардың Сергизданы,
Ардаңлады жуўырды,
Жер танабын қуўырды.
Қыздың келип қасына.
Тақ жаўырынынан пәнже урды,
Ашыўланып Гүлайым,
Алдында мәрдана турды.
Ҳеш бир илаж қыла алмай,
Қыйын жерде зар зарды.
Бирин бири тартқанда,
Қара жерлер теңселди.
Ҳасыл кәри қарсы жаўды,
Батырлар тең-теңин таўады,
Бир-бирине арсылдап.
Қайтпай салды қарыўды.
Сергиздандай батырың,
Бар ғайратын салса да,
Дәрпендире билмеди,
Гүлайымдай арыўды.
Кеўили дәрьядай тасты,
Бирин бири өлтириўге.
Күштиң булағын ашты.
Жығыса алмай батырлар.
Күн ярым күн айқасты,
Жығыса алмай еки батыр,
Батырлар асып-састы.
Күни-түни жулқысып,
Жыйрықлары жазылды.
Биреў-биреўин бақлап.
Қуўдай мойны созылды.
Сапта турған халайық,
Кеўиллери бузылды.
Тыныш таппай тепсинип,
Таслар дизден қазылды.
Жүш ғайраты тең келип,
Гә алысып, гә жаздырылды,
Күшлерин салып керилди,
Абырай қолдан берилди,
Ғайратына шыдамай,
Сергиздандай палўаның,
Қара тасқа сүринди.
Жыға алмадым қатынды деп,
Намыс пенен енеғар,
Көзине жаны көринди.
Ашыўланып қалмақтың,
Жүрегине шер қатты.
Жедел күшин тарқатты,
Ыңыранып Гүлайым,
Жуп-жағадан бек тутып,
Сергиздандай батырды,
Қағып ийнине сапты,
Ойлап турсақ халайық,
Қалмақтың дәўлети қайтты.
Сергиздандай палўанды,
Тақ жаўырнынан таслапты,
Гүлайымдай перийзат,
Сергиздандай палўанды,
Ғарры анардай қулатты.
Аўырлығы соншелли,
Сергизданның геўдеси,
Қара тасқа ғарқ болып,
Мысалы дизден батты,
Алқысса Гүлайым.
Қайғы ғамды таслады,
Қанжарды қолға услады,
Қалмақлардың палўанын,
Басын кесип алады,
Көп жығынды айналып,
Асқабақтай геллени,
Мине сизге саўға деп,
Патшасының алдына,
Ылақтырып таслады.
Қуўанышқа кеўли толады,
Шәҳимардан пийрим деп,
Гүлайым қыйқыў салады.
Бир-бирине исенип,
Қыран батыр, Гүлайым,
Белгили дос болады.
Әбден қурышы қанады,
Кеўили тасып шағлады,
Бас-аяғын тақлады,
Өз кеўилине Гүлайым,
Қалмақты қуртып саплады.
Оны көрип Елексан,
Исенимли палўанын,
Көз алдында шалған соң,
Қуйқа түги жуўлады.
Жүреги қатаң суўлады.
Ақыл-естен айрылып,
Шекеси жаман ғаўлады.
Гүлайымдай перийзат,
Ныпқырт қылды жаўларды,
Азайыўға қарады,
Қалмақлардың әўлады,
Не қыларын биле алмай,
Ханың ийттей жаўрады,
Тум-тусына ат шаўып,
Қатты келди намыс-ары,
Айбатланып ақырып,
Қатты келди қәҳәри,
Қарғып минип боз тарланға,
Қолын салып полатқа,
Жек көриниш көринип,
Басқы болды елатқа.
Ары келип арланып,
Түсти ханың жанған отқа,
Боз тарланға жем берип,
Қарағай найза өңгерип,
Басын мыңға теңгерип,
Уңғысы пәрең ақ найза,
Ақ найзаны қолына алып,
Ары келип күйип-жанып,
Қайғы-шерге жүдә қанып,
Саўыт кийди полат жаға,
Жамылып пекен дуўлыға.
Басын пайлап Елексан хан,
Бурқырап шапты ортада,
Өлим ҳақтың буйрығы,
Ўақтың толған ўағында,
Ҳәр нәрсениң жүйриги,
Жедел берип айдаған,
Сум әжелдиң қурығы.
Қызыл-жасыл тағынып,
Ақ қалқанды жамылып,
Шаўып шықты Елек хан,
Аш жолбарыстай шабынып,
Ат шапқан майдан тақырды
Қақ ортада дабылды,
Еки жақтан жарқырап,
Полат семсер шағылды.
Қалмақлар жүдә сарсылды,
Жойтты ҳуўшы, ақылды,
Гүлайым батыр тез кел деп,
Енағардың патшасы,
Шабысыўға шақырды.
Көп тәсир етти мундайың,
Яд етип қәдир қудайын,
Шақырған соң бармасын ба,
Ақ семсерин қолға алып,
Ат шаўып келди Гүлайым,
Сом жүреги ҳалласлап,
Ханды өлтириўге қаслап,
Қарагер атын ойнатып,
Гүлайым келди қарсыласып.
Қалмаққа сөйледи.
Гүлайымдай батырың:
—Таймағай бастан бахтымыз
Зая етпегей шақтымыз,
Атысамыз ба, шабысамыз ба?
Қайсысы мақул ханымыз?
Ғапыл қалмаң ханымыз,
Ғайратың болса салыңыз,
Ҳәмелиң болса етип бақ,
Жолың уллы патшамыз.
Ықтыярды саған бердим,
Атасаң ба, шабасаң ба,
Ҳәмелиңди алыңыз.
Мына сөзди еситип,
Ханың сонда ойланды,
Он сегиз батпан сарыжай,
Өз турқына сайма-сай,
Ықтыяр бердим деген соң,
Атпақты көрди қатты оңай
Қуўаныш қойнына сыймай.
Он сегиз батпан сарыжай,
Хан қолына алады,
Көпше масақ оғының,
Биреўин жулып алады,
Жебелигин толтырып,
Орап гезге шалады.
Қәҳәрленип тартқанда,
Еки басын қосады,
Қалай болса ол солай,
Гүлайымдай сулыўға,
Қос өкпениң тусы деп,
Ыңыранып жайын тартады.
Залым ханның атқан оғы,
Ийттей қаңсып барады.
Қарғын суўдай сарқырап,
Туўрылап жол тартады.
Сарқыраған сестинен,
Жанлы-жанлар қорқады.
Гүлайымның тулпары,
Жер табанлап жатады.
Оқ үстинен өтеди,
Қара тасқа қарқ болып,
Қамырдайын батады.
Шамырқанды залым хан,
Қатты әрман болады.
Аңғарды залым бул исти.
Әнжемлеп жедел қурылды.
Оң қолына алады.
Испиҳан жәўҳар қылышты.
Қолымнан кетти намыс-ар,
Ойлап турса қәйтейин,
Замана болды бизге тар,
Ҳәддиң болса тайсалма,
Туўры турғыл геллеғар деп,
Ханың атлар қояды.
Көк желкениң тусы деп,
Гүлайымдай батырға,
Керилип семсер урады.
Гүлайымдай перийзат,
Бул да семсер урады.
Алмасқа алмас тийген соң,
Жылдырым киби от шықты.
Таў гүңгирлеп сес берди.
Мәрт күшине шыдамай,
Саўытлары сөтилди,
Ийнинде алмас саўытлар,
Сай-сайланып сөтилди.
Ҳәр жеринен кетилди.
Ҳәмеллери батырлардың,
Бир-биринен зор келди.
Қәҳәрленип Гүлайым,
Көзи оттай жанады,
Жигери тасып қайнады,
Буның менен ханыңыз,
Әжеп ғана ойнады.
Тәжина шегип ат айдап,
Еки батыр қарсыласты,
Ат үстинде алысты,
Күшлерин салып шайқасты.
Гүлайымдай перийзат,
Аш жолбарыстай жулқылап,
Омыраўдан қол салды.
Көрген жанның қуршы қанды,
Мәрт күшине шыдамай,
Ханыңыздың бели талды.
Гүлайым қыз оңайын алды,
Бир пәнжени бастан алды,
Бир пәнжени белден салды.
Елександай патшаны,
Ат үстинен жулып алды.
Қарагер атын желдирди,
Батырлығын билдирди,
Гүлайымдай батырың,
Дәўдиң күшин меңгерди.
Жети жылғы азабын,
Сол күн алдына келтирди.
Қызыл жүзин солдырды,
Көкмар шелли көрмеди,
Ат алдына өңгерди,
Ашыўланып Гүлайым,
Қалмақтың басын омырды,
Сондай етип азаплап,
Елександы өлтирди.
Кесип алып геллесин,
Ақ найзаға илдирди,
Қапа кеўлин хошлады,
Қайғы-ғамды таслады,
Қолына туўды услады,
Елексанның геўдесин,
Ылақтырып таслады.
Буннан былай Гүлайым,
Азатлық жолды баслады.
Көзи оттай жайнады,
Мәртликке белин байлады,
Таўда-таста тоқтамас,
Гүлайым қыздың ғайраты.
Көргенлерди тастырды,
Аш жолбарыстай айбаты,
Таўда-таста тоқтамас,
Қолында өткир найзасы,
Қырық қызын ертип Гүлайым,
Бас болып Қыран, Гүлайым,
Қурт ойынын қурады
Шәҳәрлерин аралап,
Бенде болсаң келиң деп,
Түркстанның елине,
Қайтыўшы болсаң келиң деп,
Шындаўыл жарды урады.
Дәўдиң басын көтерип.
Гүлайым баслап барады.
Ақ жалаўдан туў алып,
Гүлайым ғайрат салады.
Халайыққа көрсетип,
Ақыл-есин алады.
Бенде болған халықты,
Әтирапына топлады.
Заман соған айналып,
Басына бахыт қонады.
Ханның басын көрген соң.
Азап көрген халықтың,
Әбден мийри қанады.
Нешше жылғы ашыўдың,
Гүлайымдай перийзат,
Есесин сол күн алады.
Қашып қалған бийлериниң,
Басына саўда салады.
Тумлы-тусқа ат шапты.
Шыбын жанын қыйнатты,
Қалада атлар ойнатты,
Ашырқап жатқан халыққа,
Қалмақтың шәҳәрин талатты
Тыныш жатқан бир нешени
Жүреклерин суўлатты.
Ғуббат деген қалада,
Ақырзаман қурады.
Үскенесин аралап,
Керек затын алады.
Күн көрмеген бийкесин,
Жүреклерин жарады.
Жаңа өспирим шазадалар,
Күн тиймеген азадалар,
Терезеден қарады.
Ханның басын көрген соң,
Не бир байдың баллары,
Журт сеники деп жылады.
Гүлайым менен қырқ батыр
Бендениң бәрин жыйнады,
Бахыт келгенин аңлады,
Қалмақтың уллы шәҳәринде
Жанлы жанлар қоймады.
Ат басындай жүреклер,
Сарайында туўлады.
Гүлайымның ғайратына,
Ырза болып халайық,
Рахмет айтып шуўлады.
Гүлайымдай батырға,
Қыран батыр саўал қояды:
— Жесир-жетимин қоллайық,
Жолында қурбан болайық,
Қалаларын аралап,
Өз аўзынан сорайық,
Питкерип мақсет-мурадын.
Қарсы душпан бар болса,
Қазық қылып қағайық,
Питкерип мақсет-мурадын,
Астымда Қара тулпарым,
Буйығып жатқан бар болса
Көрсетейин ғайратым.
Белимде тилла қамарым,
Табылмады өз қардарым,
Енди жаў көрсең маған бер
Тарқамай қалды қумарым.
Алқысса сонда Гүлайым,
Батырға ўәде береди,
Ықрар айтып сөйлейди.
Жақын болсын ерегиң,
Ҳаллас урсын мәрт жүрегиң
Алды-артың бек қорған,
Мықлы болсын тирегиң,
Енди жаў көрсем сеники,
Қабыл еттим тилегиң.
Мына сөзди еситип,
Қыран деген батырдың,
Жүреги өсти Қара таўдай,
Қайтар емес қырық мың жаўдан
Рухсат алып сулыўдан,
Қырық қызын ертип кейнине
Қалмақтың шәҳәрин уўлай,
Ат ойнатты қалада,
Айналыш, төте, бурыўдан,
Ҳәр қайсысы ҳәр урыўдан,
Он адамнан қайтпайды,
Күшке келсе қарыўдан,
Талқанлады қаланы,
Қырық қызды ертип Қыран батыр,
Рухсат алып арыўдан.
Қалған-қутқан жаў бар ма деп
Қадағалады мәрт палўан.
Минген бедеў шаппады,
Мәртлик пенен дабыл қақпады,
Талқан қылып жетер жерди,
Буған қарсыласып шыққандай,
Жанлы жандар таппады.
Шақырып алып Қыранды.
Гүлайым сөйлей береди:
—Батырдың болғай қалқаны,
Сөзиңниң шықпасын жалғаны,
Енди мынаған ғайрат сал,
Ноғайдың Қыран палўаны.
Көлиңнен ушар қоңыр ғаз,
Шадланып еттиң бир пәрўаз,
Ғайрат салып қайтыўға,
Сөйлемең ҳасла жалған сөз.
Белиңе қамар ораңыз,
Алдыңнан шықса қарсы жаў,
Жаўған қардай бораңыз,
Қайтыў жағын халықтың,
Өз аўзынан сораңыз.
Кеўлинде кетпесин қыйлы қал,
Жолыңа талан дүнья-мал,
Қайтыў жағын елиңниң,
Ықтыярын өзине сал.
Нийетимиз уллы Ғазат,
Тайын турың қырық азамат
Қайтаман десе өзлери,
Рухсат қыл, етиң азат.
Тарийхлық ғайрат салайық
Жолыңда қурбан болайық,
Нарийза болса елатың,
Ғайрат салың батырым,
Өзимиз ертип қайтайық.
Қалдырмай малың айдайық
Бәримиз бир бас қосайық,
Ғайрат салың батырым,
Қалмақтың малын айдатып,
Тезден елге қайтайық.
Мына сөзди еситип,
Қыран деген батырың,
Жаў-жарағын асынып,
Астына минди әреби ат,
Халайықтың жолында,
Беккем услады дыққат,
Көпшиликке жар салып,
Өз бетине қайтыўға,
Қылды батыр рухсат.
Тумлы-тусқа шаптырды ат,
Ат ойнатың батырлар,
Қалада қурды салтанат,
Бенде болған тез қайт деп,
Тумлы-тусқа жазды хат,
Асығып атқан халайықлар.
Жетисти мақсетли-мурат.
Елин тинтип аўлатты,
Ерк берип жаўлатты,
Узақ жерге қайтыўға,
Қалмақтың журтын аўлатты.
Аты шыққан байлардың,
Ғәзийнесин талатты.
Ашылмаған жерлерин,
Балта салып қулатты,
Асаўларын туўлатты,
Өкпелерин остырып,
Жүреклерин суўлатты,
Қалада атлар ойнатты,
Бир неше мың аламан,
Азық-аўқатын жәмлеп,
Елатына жол тартты.
Бағындырып қалмақты,
Дүнья-малын жыйнатты,
Қарсыласқан зорларын,
Дәри менен уўлатты,
Не бир катта байларын,
Бөлинген қойдай шуўлатты.
Жалынғанын жубатып,
Кеўиллерин аўлатты,
Жаманлысын таптырып.
Өзли-өзине байлатты,
Қалмақлардың шәҳәринде
Қурды үлкен сиясатты.
Қашып жүрген нешшеге,
Дарыттылар апатты,
Елатына қайтыўшыға,
Берди ҳәр түр шарапатты
Кеўилин ашып бағынғанға,
Берди батыр саламатты.
Нешше бийик, нешше алаң,
Шәҳәри болды далаң-далаң.
Қыран батыр, Гүлайым,
Қалмаққа тийгизди топалаң.
Өли затын жыйнатып,
Үш жүз нарға жүк артты,
Аўмасын деп жолларда,
Танап пенен бек тартты.
Қалмақлардың малларын,
Тумлы-тусты айдатты,
Сен қылғанға мен қылдым,
Сеннен артық не қылдым,
Жыйнап үш жүз қалмақты,
Барлық малын айдатты,
Салып елине аламат,
Көргизип ҳәр түр бәламат,
Алты айда аман-саў,
Гүлайым, Қыран бас болып,
Қайтыўға қолайласады,
Елине аман саламат.
Шығып азатлық жағына,
Шер салмай көңил дағына,
Душпанларын қыйратып,
Көштиң басын қаратты,
Қайтыўшы болып халқына,
Қуўанышын молайтты,
Елге сиясат таратты,
Тоғыз айда аман-саў,
Елатына қайтыўға,
Аттың басын қаратты.
Қурылып тамашалы базар,
Душпанларын қыйратты.
Көрди тамашалы базар,
Кеўили болды лалазар,
Саў-саламат қайтыпты,
Ишинен шығып әрманлар,
Қырық қызын ертип кейнине,
Қайтты дейди батырлар.
Ишинен шығып әрманы,
Дөнип шадлыққа дәўраны,
Есап алып өзли-өзинен,
Ким бар, ким жоқ барлады.
Таўысып қалмақ саўдасын.
Жәмлеп кеўилдиң қаласын,
Басын жәмлеп батырлар,
Қолайлады қайтпаққа,
Жолға салып аттың басын.
Еркинлик ҳаўаз таратты.
Халыққа исин жаратты,
Ай жатып, ат бағып,
Қайтыў ушын елине,
Қыран менен Гүлайым,
Атының басын қаратты,
Халқын ертип изине,
Гүзар менен жол тартты.
Ат кекили өрилди,
Абырай қолдан берилди,
Шыққан ўақта қаладан,
Әжептәўир түрлери,
Бир топ әскер көринди.
Ойлап турсаң тамаша,
Абайсызда дус келди,
Қарсы алдынан қараса,
Көпшилик тарқап кеткенде,
Шыға келди оңаша,
Ўәделескен Қыраның,
Қайтпай кирди саўашқа,
Қарсыласса ҳарып-талмас,
Көзиң түссе естен қалмас,
Тандыр сыяр пәнжесине,
Дуўшар қылмаған дәстине,
Уйқың шайдай ашылар,
Енеғойса түсиңе.
Қақ жарылар жүрегиң,
Қарсылассаң күшине,
Теңеўге жандар табылмас,
Заңғардың пешенесине.
Баталмаған ҳеш бир жан,
Жол сорамас ҳеш ким оннан
Тили тартып жүрер зордан,
Тунгус халықтың патшасы,
Атын сорасаң Қараша хан.
Ҳаўлықпастан, қорықпастан,
Саўал сорады Гүлайымнан:
Қарсыласып қайтпай оқ атқан
Қалмақтың елин қыйратқан.
Шәҳәринде алты ай жатқан
Есабы жоқ халықтың,
Әрман-шерин молайтқан,
Қаласын бузып жоқ еткен,
Гүлайым батыр сенбисең?
Тарылттың жер менен аспан,
Күшинде жоқдур есап-сан,
Қарсыласса айбынып,
Қырық мың ақылдан сасқан,
Серке, Харыс, Абыл, Хасан,
Бир қолыңнан өлтирген,
Қыз палўан деген сенбисең,
Ўайран етип сар жағасын,
Ўайсан хандай ел ағасын,
Услап алып қолынан,
Салғамдай омырған басын,
Көкмар қылып ойнаған,
Қалмақтың әдил патшасын,
Гүлайым—Қыран сенбисең?
Тәртибин халыққа таратқан,
Бағындырып елимди,
Өз аўзыңа қаратқан.
Әрман-шериңди тарқатып,
Журтыңа қайтып баратқан,
Қыран батыр сенбисең?
Шер салған қыйлы қалыма,
Ойранлап мүлки-малыма,
Қан ағызған сай-салама,
Гүлайым батыр сенбисең?
Сарондепте жатырған,
Менменниң күнин батырған,
Гәрденгемен әўлады,
Қараша батыр мен деди,
Ҳәддиң болса атысайық,
Қайылмысаң сен деди.
Ақыл дәне сен бир даныш
Мен алдыңа келдим қалыс,
Қараша батыр мен деди,
Ҳәддиң болса кел алыс.
Бир әрмансыз болайын,
Ғайратың болса сал деди.
Сендей қыздың жолында,
Арнаўлы батыр мен деди.
Қарсыласса биз бенен,
Көзде жасың сел деди.
Қатты ойлан нашарсаң,
Өз ҳалыңды бил деди.
Айтқанымды тыңласаң,
Ықтыярың қолыңда,
Еркиңди маған бер деди
Мына сөзди еситип,
Ерден ердиң қәўпи бар,
Гүлайымдай батырдың,
Шийрин жаны сескенди,
Қайталап гүрриң урғанша,
Басқа сөзге қаратпай,
Жасқанып, жасырынып жатпай,
Батырлығы соншелли,
Алмаста тартқан полаттай,
Қыран батыр ат қойып,
Ыңыранып сөйлей берди:
Егленбей жолыңнан қалма,
Билген батырлығың сол ма,
Ҳәддиң болса кел берман,
Қаймықпа заңғар, тайсалма.
Сапарым бар узаққа,
Еглеп жолдан қалдырма,
Шықпағай тәннен шыбын жан,
Мүшкил исим әйле аңсан,
Қәўип етсең қайтың кейниңе,
Күшиң болса көрсет маған.
Мына сөзди еситип,
Қараша батыр сөйледи:
Атым сүринген қыядаш,
Мен жантассам қасыңа,
Басыңнан тоқпақ арылмас,
Ақылың болса мусылман,
Жантаспастан аўлақ қаш.
Бағынады маған патша,
Тал боларсаң оқ атсам,
Жантасса тири жутарман.
Бет алдым туўры қараса,
Ақылың болса араны аш,
Қәҳәриме дус болма,
Алдымнан мениң аўлақ қаш.
Жантасып кетсең қасыма,
Геўдеңизден кетер бас.
Мына сөзди еситип,
Қырандайын батырың,
Аш жолбарыстай ақырды.
Опат болды тас қорғанлар,
Сен бе биз бен шыны қандар,
Гәп мәнисин аңласаң,
Дүзде қалар гәп урғанлар.
Жаўда қарап турыс бар ма,
Босата жолды геллеғар,
Насийҳатқа кеўил бурың,
Туўрысынан дәлил урың,
Мениң алдым тезден босат,
Басыңыз кетпестен бурын.
Еситип соны Қараша,
Жарылған муздай гүңиренип,
Жаўған булттай қурсанып,
Айдарҳадай ақырып,
Арандай аўзын ашады,
Қәҳәри таўдай тасады,
Аўзынан отлар шашады.
Айбатынан заңғардың,
Халайықлар сасады,
Қайысын қолға орады,
Ерден ердиң қәўпи бар,
Қырандайын батырға,
Ақырзаман қурады.
Гаҳы оннан, гә солдан,
Көрип жамбас урады:
Сыр бермейди батырың,
Дәрпенбейин турады.
Ырғып шығып солына,
Қарашадай геллеғар,
Гүржи-паррал урады.
Қалқаны менен қорғанып,
Батыр туўлап қарады:
Ат кекилин өреди,
Кәраматын көреди
Гүлайымдай қайсарың,
Сынайын заман биледи,
Азмаз көмек береди.
Сол ўағында Қыран батыр,
Қарап сөйлей береди,
— Ҳә Гүлайым, Гүлайым,
Исти аўыр ойланың,
Тәғдирге қайыл болайын,
Көмек берме сен маған,
Екеўлеп шықты деген сөз
Жақсы ат болмас Гүлайым.
Өз өзиңди ирке тур,
Мен бағымды сынайын,
Мақул сөзге не қарыў,
Гүлайым атын тартады.
Қайсарыңның пәнжеси,
Дарыған жерин осады,
Аш бөридей алысып,
Күшке күшлер қарысады.
Еки мықлы тартысып,
Ҳәмеллери асады.
Сескенгендей адам жандар,
Жан алысқан белли қандар,
Испиҳанлы ақ семсер,
Оң қолына алады.
Ҳүжим жасап жантасып,
Қараша дәўдиң басына,
Керип семсер урады,
Тасқа тийген секилли,
Серпип кейин қайтады.
Сом жүректиң тусы деп,
Жан шығарын усы деп,
Керип қанжар урады,
Полат саўыт күш бермей,
Серпип кейин қайтады.
Урған семсер кәр етпеди,
Бир-бирине дады жетпеди,
Батырлар ҳайран болады.
Жарақларды таслады,
Бир-бирине ат айдап,
Ат үстинде батырлар,
Жағадан беккем услады.
Бири арман тартады,
Бири берман тартады,
Бирин бири тартысты
Аўзынан жалын шоласты.
Бирин бири өлтирмес,
Керип урды қулашты,
Қыран деген батырың.
Салды қатты ықласты.
Ала алмады бир-бирин,
Ат шаўып дағдың пәстине,
Қара таслар теңселди,
Екисиниң күшине,
Астындағы пиллери,
Дизинен ғарқ болады,
Қара тастың үстине,
Қандай екен енағар,
Оны туўған шешеси,
Тийген жерин шыдатпас,
Жулып таслар пәнжеси.
Қурыжыланды Қыран батыр,
Ақшам, күндиз-кешеси,
Қараша деген батырдың,
Алынды жүдә есеси,
Зор келип мурнын қанатты,
Қарашадай батырдың,
Жүдә бели талады,
Күн-түн тынбай айқасып,
Қыран үстем болады,
Көкирегин басқан соң,
Қыран деген батырдың,
Таўдай күши толады.
Қарашадай заңғардың,
Қолайын жүдә алады.
Ақша жүзин солдырды,
Шыдам бермей күшине,
Қараша батыр болдырды,
Қыран деген батырың,
Қолайға жүдә келтирди,
Тәжна шекип тулпарға,
Қарашадай батыры,
Өзине тартып меңгерди.
Жулып алып пилинен,
Алдына кесе өңгерди.
Көргенлер қайыл қалады,
Қарашадай батырды,
Алдына өңгерип алады,
Есекке тандыр артқандай,
Өңгерип кетип барады.
Душпанның отын сөндирди,
Ҳәмирине көндирди,
Пышағын алып қолына,
Қарашадай батырдың,
Салғамдай басын омырды
Батырлығын билдирип,
Ақ найзаға илдирди,
Ийнине батыр салады,
Қас душпанын өлтирип,
Абыройлы болады.
Халайықлар қуўанып,
Көп алғысын айтады,
Гүлайым да достының,
Жүдә кеўлин табады.
Ырза болып батырға,
Қуллық айтып алдында,
Гүлайым сөйлей береди:
— Қас еди бизге озалдан,
Басына түсирди думан,
Бағышладым тенимди.
Қыран саған ырзаман.
Мен билмеймен кәсип-кәриң,
Аңладың кеўлиңнин тарын,
Қас душпаннан қутқардың,
Сенсең сәўгилли ярым.
Лалазар бағы бостаным,
Соңғыға тарийх дәстаным,
Жойылмас бийик асқарым,
Қыран батыр ырзаман,
Сенсең тәғдир қосқаным.
Қәўипли жағымда қорғаным
Қас душпаным өлтирдиң,
Шығардың иштен әрманым,
Өширдиң залымның бахтын,
Батыр деген атақ тақтың,
Буннан былай бағым болсын,
Басымыз ҳәм малы бақтым.
Азат қылдың қамал елим,
Сайрады бағда бүлбилим.
Душпанларымды сап еттиң,
Бағышладым саған теним.
Барлығынан өнди арым,
Саў болғайсаң опадарым,
Сениң менен басым қостым,
Шадлықта өткей дәўраным.
Еситип оны Қыранның,
Нардай күши толады.
Еки ашық қосылып,
Мәзи-майрам болады.
Бағына бүлбил қонады,
Соннан баслап Гүлайым,
Қыранға неке болады.
Айландырып басынан,
Қарашаның геллесин,
Таўдың қара тасына,
Тас төбеден урады.
Әрманда жүреги жара,
Әжел қойған бағды қара,
Салмағы менен қара дәўдиң,
Геллеси болды мың пара.
Қараша дәўди өлтирди,
Мәнисине келтирди.
Бағының гүлин солдырды.
Қалмай арын өндирди.
Қайтыў ушын таярланып,
Гүлайым алға жол жүрди.
Қатарда қара нар еди,
Қыйын жерде таяр еди,
Қараша дәўдиң қорғаны,
Қырық батыр бар еди,
Жыйналып басын қурады,
Мәсләҳәтын салады,
Мынаў иске енағар,
Иши оттай жанады,
Патшамызды өлтирип,
Ақша жүзин солдырып,
Қаласыны көрип турып,
Бизлер қарап қаламыз ба?
Геллемизди кесип берип,
Душпанның кейнине ерип,
Хорлық азабына жерип,
Айдаўында барамыз ба?
Саў басыма саўда салып,
Кейниңде тыныш қалып.
Қорқақ атын аламыз ба?
Жолында қурбан болайық,
Душпаннан өшин алайық,
Қайтпай қырғын салайық,
Болса жигер санамызда.
Еркиңди сениң бүкпейди,
Айтқан сөзиңе ермейди,
Ҳаялыңа жибермейди,
Тири бала-шағаңызға,
Жан турғанда қол салайық,
Мына сансыз бәләмызға,
Сол сөзлерди бир айтып,
Қарашаның әскери,
Көзи қанға толады,
Қарашаның арын қуўып,
Тум-тустан ҳүжим жасады.
Гүлайымға ат айдап,
Жигер күшин салады,
Ҳалын билмей заңғарлар,
Көрип найза урады.
Кимниң мойны үзилип,
Кимниң қолы талады.
Тамаша қылып Қыран батыр,
Ортада қыйқыў салады,
Бир қаншасын заңғардың,
Тири тутып алады,
Оңнан, солдан топылып,
Қыйқыўды батыр салады.
Урыс болып шәпиресте,
Қылыш қыйрап дәсте-дәсте,
Урып жықты он-онбесте,
Қырғынды майдан ишинде,
Көрди ҳәр ким ат маңлай дан,
Қыз бақтынан, ер талайдан,
Ғапыллықта он қыз өлди,
Найза тийип қақ маңлайдан.
Қайғыдан болды кеўли жоқ,
Жүректен тийип жалғыз оқ,
Өлимтигин қараса,
Жети қыз бар, үш қыз жоқ,
Қырғынды майдан ишинде,
Жойылмайды тәғдир иси,
Тумлы-тустан салып күшти,
Әлеп-желеп қылыш сести,
Шапылды майдан ишинде,
Дүркин-дүркин ат шабысып.
Зәңгиге зәңги қағысып,
Қарсыласып оқ атысып,
Қан төгип майдан ишинде,
Батырлардың кеўили шағлар,
Зая болды не жананлар,
Ат шабысқан бәлент дағлар,
Гүмбирлер майдан ишинде,
Қанға толды бул кең жаҳан,
Ат баўырынан ақтылар қан
Кимлер өли, ким шала жан,
Қырғынды майдан ишинде.
Ишине толтырып әрман,
Гелле деген қырман-қырман,
Қарашаның қырық батыры,
Жети қызды өлтирип,
Олар да өтти дүньядан.
Ким есапқа алады,
Кимлер хатқа салады,
Жети қыздың сүйегин,
Тинтип таўып алады,
Жайғастырып қояды.
Бенде болсаң кел дийип,
Жаршы жарын урады.
Елатына қайтыўшы,
Бәршеси таяр болады,
Гүлайым сәрдар бас болып,
Атты жолға салады.
Азатлық деп урды жар,
Елатына қайтыўға,
Өзине берди ықтыяр,
Келди басқа еркин заман,
Қол көтердилер аман,
Қуўанысып халайық,
Тарқады қараңғы думан,
Алакөзлик сапласып,
Душпанларды етти тамам,
Душпанның үни өшеди,
Кепин тонын пишеди,
Мусылманның әўлады,
Түркстанға көшеди.
Ақ жалаўдан туў алып,
Шақмақтаннан қуў алып,
Душпанларын сап етип,
Урыс отын туўарып,
Жолға раўан болады.
Елатым деп жол тартып,
Аттың жалын таратты.
Орнатып тең парахатты,
Сағынышлы батырлар,
Алты айда аман-саў,
Түркстанға жол тартты.
Сексен нарға жүк артып,
Елександы өлтирип,
Қутылды шердиң дағынан,
Қәўендер болды Гүлайым,
Халқының сорап ҳалынан,
Елине көшти аман-саў,
Залым душпан журтынан.
Қалмақ пенен қас болып,
Қапа кеўили хош болып,
Жолға түсти қайтыўға,
Гүлайым сәрдар бас болып
Жол жүрип мийри қанады,
Үш ай тынбай жол жүрип,
Мәдеминниң шөлинде,
Нешшелер естен танады,
Алды кешкен жерине,
Иңирлетип, жатарлатып,
Кейни зорға қонады.
Қамшылап аттың қоңынан,
Самалы есип оңынан,
Қыя шөлде көп қырылды,
Азық-аўқаттың жоғынан.
Жерге, көкке сыймады,
Бир-бириниң соңынан,
Елге қайтты аман-саў,
Гүлайымдай батырдың,
Айбатының зорынан,
Төрт ай дүзде қонады,
Сарғаяды, солады,
Ажаллы дүзде қалады,
Төрт ай тынбай жол жүрип,
Гүлайымдай арыўың,
Түркстанға қулады.
Батырлар кеўлин басады,
Ашықлық кеўилин осады,
Ҳасыл кийип жайнасып,
Ашықлар ойын баслады.
Тәәнети арылды,
Тынбай жүрип сарылды,
Қырық қызын ертип кейнине,
Қыран менен Гүлайым,
Жәдде деген таўында,
Көп жығыннан айрылды.
Сапласты қайғы-аламат,
Елатына қулады,
Батырлар сағыў-саламат,
Асығыс түрде киятыр,
Ата-анасын етип яд,
Қырық батыры кейнинде,
Майданда қурды салтанат,
Жетисип ҳәр түр дәрамат,
Төрт ай тынбай жол жүрип,
Түркстанның халқына,
Гүлайымдай перийзат,
Қуўысты сағыў-саламат.
Ашылған гүли солмады,
Қайта бастан айналып,
Басына бахыт қонады,
Көрмек болып атасын,
Еки батыр атланып,
Қарғалы сайға барады.
Батырын ертип қасына,
Зорға сыйып қанасына,
Ат ойнатып келеди,
Елексан залым өлтирген,
Атасының басына,
Әне атасының басында
Зар-зар йығлап,
Атасын жоқлап,
Гүлайым қыз бир зат айтып тур:
Қарай алмай оңға, солға,
Топырақ шашып қырық мың қолға,
Шайдай таласып барқулла,
Дадың жетпей өлген атам.
Ғапылда иследим хата,
Белимде кашмирли пота,
Келди перзентиң қасыңа,
Бар ма руўҳың жан ата.
Көпшиликти сусы басып,
Түрин көрген аўлақ қашып,
Душпанлар менен айқасып,
Зорын таўып өлген атам.
Жалғыз қызыңды көре алмай,
Күш-ғайратымды биле алмай,
Қайғысыз дәўран сүре алмай,
Ғапыллықта өлген атам.
Жеккелик келип жаўрадың,
Қалмады изинде әўладың,
Душпанын қырып жаўладым,
Разы бол бизге атам.
Суғанақ қолларын салып,
Ғапылда қамаўда қалып,
Жәрдем таппай күйип-жанып,
Жаў қолында өлген атам.
Душпанлардың қанын шашып,
Қарсыласып найза басып,
Халайыққа жаны ашып,
Жанын қурбан еткен атам.
Атымды қойдың Гүлайым,
Табалмай душпанның қолайын,
Қызың болды ҳәзир тайын,
Алғыс айтың бизге ата.
Алқысса Гүлайымдай перийзат,
Халыққа жар салдырды,
Елатын хабарландырды,
Қалдырмай толық жыйдырды
Жетпис орда қурдырды,
Топарлап маллар сойдырды,
Төрт қырлап ошақ ойдырды.
Халайықты жәм етип,
Дарадан табақ қойдырды.
Халықты аўзына қаратты,
Атасының ҳаққына,
Жүз сарпай таратты.
Атам ырза болсын деп,
Бары-жоғын арнатты.
Нешениң ўақтын хошлады,
Дүнья-малын шад етип,
Атасының жолына,
Жети күн табақ тарқатты.
Адалап бәрин сап етти,
Жети күнде Гүлайым,
Бул жағын да ада етти.
Алқысса атлар шапты бәлент таўға,
Ҳеш жерде жоқ жәнжел-ғаўға,
Гүлайымдай батыр қыз,
Бир қаншаға берди саўға.
Қырық қызының басын қурап,
Халайықтың алдында,
Ықтыяр берди тарқаўға,
Шақырып хаттан атма-ат,
Кеўли-ўақтын етип шад,
Халайықтың алдында,
Қырық қызға берди рухсат
Дарқан болды мәнзил-қыя,
Душпан жоғалып зым-зыя,
Ўақты хош боп халайық,
Еки бирдей батырға,
Шуўласып берди пәтия,
Ырзалық берди арыўға,
Хайран болды көргенлер,
Жедел менен қарыўға,
Мақсет қылды Гүлайым,
Мийўалы атаўға барыўға,
Қуўанышы күн-күннен артты
Ерте турып кеш жатты,
Еки ашық қосылып,
Мийўалыға жол тартты.
Ашылды бағда лала да,
Еки батыр жол тартты,
Сайран етип далада.
Салтанат пенен барады,
Мийўалыдай атаўға,
«Қырық қыз» деген қалаға,
Алты жыл гезип посады,
Душпан жүрегин осады.
Еки ашық қосылып,
Кеўиллери йошады,
Бир-бирине қуўанып,
Дәрьядай кеўили тасады.
Халайықты шақырып,
Қаланың аўзын ашады.
Қаласын тинтип аралап,
Дүрре-маржан шашады,
Халқын толық шақырып,
Той-тамаша баслады,
Ҳәр кимлерге ылайық,
Толтырып табақ тартады,
Халайықты күлдирип,
Жүдә ўақтын хошлады,
Соннан баслап өмири,
Қуўанышқа баслады,
Қара шашын өреди,
Көп тамаша көреди,
Гүлайым Қыран қосылып,
Опалы дәўран сүреди,
Кеўили тасып йошады,
Азатлық жолын ашады,
Еки батыр бас қосып,
Қырық қыз да еркин жасады.
Белине қамар байлады,
Ашылған гүлдей жайнады,
Бирин бири әдиўлеп,
Ышқылы бағман әйледи.
Еки батыр бағында,
Түрли қызық ойнады,
Кеўиллери бир болып,
Қазанлы астай қайнады,
Бағда алма атысты,
Түрли мийўа татысты,
Ақ төсекте жатысты,
Үстемлик жоқ, жәбир жоқ,
Көп қызыққа батысты,
Айшы-әширет, заўқы-сапа,
Жорғадан бетер шабысты,
Бурқыды жигит шағында,
Қалмады ҳәсирет дағында,
Мийри қанып бир-бирине,
Минди алтын тағына,
Дәўран сүрди опалы,
«Қырық қыз» деген бағында,
Истегени тайын болды,
Қараса төрт жағында,
Дүньяда әрман қалдырмай,
Қыран батыр, Гүлайым,
Жетисипти мурадына.
Бир-бирине қурбанды,
Батырлардың ураныды,
Қалдырмай иште әрманды,
Душпанды қуртқан пәрманыды,
Усы менен сап болады,
Гүлайымның дәўраны,
Минген Қарагер атқа,
Пәрмана болған елатқа,
Қалмақ пенен қарсыласып,
Қылыш урып өтти жатқа.
Истегени табылып,
Гүлайымдай батыр қыз,
Жетисипти муратқа,
Буны тыңлаған халайық,
Сиз де жетиң муратқа.
Жүре алмаған қарсы жаўдан,
Кеткен теңизлерден, таўдан,
Бул дәстанның әўел басы,
Қалыпты Жийен жыраўдан,
Патша, ханлар қабыл алмай,
Бул қырық қыздың дәстанын,
Қарақалпақ халқында,
Жырлаған екен Даўылбай,
Оннан берман сорасаң,
Үш жүз жыл өтти азында,
Болғанлар көп баязында,
Умытылмай халық аўзында,
Бир қаншасы қалған екен.
Қарақалпақ алты санаў,
Барласаң мәканы анаў,
Бир неше жыл жырлапты,
Қытайда Айтымбет жыраў,
Жетиспеди қолдан қолға,
Ел гезип өтти бәрқулла,
Бул дәстанды жырлаған,
Аты Әбдирасүўлы, лақабын сорасаң «Кәл бала»,
Оннан берман сорасаң,
Мәпленди адам-адамнан,
Шәкирт болып үйрендим,
Устазым Әбдир жыраўдан,
Қырық бир жыл өтти арадан,
Шыққан жоқ жигер-санамнан,
Халыққа отыз бес жыл айттым,
Тыңлады халқым толайым,
Бул қырық қыздың дәстанын,
Халыққа толық жараттым,
Өмирликке талабы,
Қосықтың жолын барлаған,
Қырық бес жыллық өмирим,
Қосық ушын арнаған,
Қарақалпақты аралап,
Отыз алты жыл жырлаған,
Қарақалпақ кең жайлаўы
Майлы балта қыпшақ санаўы,
Қарақалпақтың жыраўы,
Қыяс жыраў торлаған.
Шашқан халайыққа дабыл,
Излегени дәстан, нақыл,
Жазып алған Қырық қызды,
Билимпаз Мақсетов Қабыл,
Шын жүректен ғайрат салды,
Жумысына мийри қанды,
Билимпаз Мақсетов Қабыл,
Өз аўзымнан жазып алды.
Алдынғы бөлимге қайтыў: Тоғызыншы бөлим
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: