ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: АББАЗ ДАБЫЛОВТАН (ShAYIRLARDIŃ DÍDAKTÍKALIQ QATARLARI: ABBAZ DABILOVTAN)
Жапаны шекпеген ашық
Сапаның қәдирин билмес,
Зимистан көрмеген бүлбил,
Саҳардың қәдирин билмес.
Сапаның қәдирин билмес,
Зимистан көрмеген бүлбил,
Саҳардың қәдирин билмес.
Ис буйырса хош жақпаған,
Өзин саяда сақлаған,
Кисиниң отын жақпаған,
Ас нанның қәдирин билмес.
Өзин саяда сақлаған,
Кисиниң отын жақпаған,
Ас нанның қәдирин билмес.
Малы-дүньясын гизнеген,
Өзин мақтап көп сөйлеген,
Бийтаныс жерди гезбеген,
Мийманның қәдирин билмес.
Өзин мақтап көп сөйлеген,
Бийтаныс жерди гезбеген,
Мийманның қәдирин билмес.
Гөрқаў бар нәпсин тыймаған,
Ишсе тамаққа тоймаған,
Өз қолы менен жыймаған,
Дүньяның қәдирин билмес.
Ишсе тамаққа тоймаған,
Өз қолы менен жыймаған,
Дүньяның қәдирин билмес.
Маңлайына түк питпеген,
Шүлликлеп ағаш тикпеген,
Қолы менен көгертпеген,
Мийўаның қәдирин билмес.
Шүлликлеп ағаш тикпеген,
Қолы менен көгертпеген,
Мийўаның қәдирин билмес.
Ел гезгенди ел демеген,
Кирип барса «кел» демеген,
Жазирада шөллемеген,
Шараптың қәдирин билмес.
Кирип барса «кел» демеген,
Жазирада шөллемеген,
Шараптың қәдирин билмес.
Мийнет палын билмегенлер,
Мәжилисти бир көрмегенлер,
Басы топқа кирмегенлер,
Азамат қәдирин билмес.
Мәжилисти бир көрмегенлер,
Басы топқа кирмегенлер,
Азамат қәдирин билмес.
Жаўын болса ел қыстаған,
Сардар болса туў услаған,
«Ҳайта-ҳайтқа» ат қоспаған,
Қаназат қәдирин билмес.
Сардар болса туў услаған,
«Ҳайта-ҳайтқа» ат қоспаған,
Қаназат қәдирин билмес.
Яр жолында жан қыйнамай,
Мойнына зулпын байламай,
Опасыз бенен ойнамай,
Перийзат қәдирин билмес.
Мойнына зулпын байламай,
Опасыз бенен ойнамай,
Перийзат қәдирин билмес.
Баҳа бермей-ақ қараға,
Түспей қараңғы жыраға,
Мүтәж болмай тас шыраға,
Гәўҳардың қәдирини билмес.
Түспей қараңғы жыраға,
Мүтәж болмай тас шыраға,
Гәўҳардың қәдирини билмес.
Душпан қамап, болса урыс,
Урыста мәртке не турыс,
Кеспей қалмағанша қылыш,
Жаўҳардың қәдирини билмес.
Урыста мәртке не турыс,
Кеспей қалмағанша қылыш,
Жаўҳардың қәдирини билмес.
Кең саўашқа түтпегенше,
Етикли суў кешпегенше,
Жаўдың басын кеспегенше,
Ерликтиң қәдирин билмес.
Етикли суў кешпегенше,
Жаўдың басын кеспегенше,
Ерликтиң қәдирин билмес.
Шарўашылық ойламаған,
Қызыл қумды жайламаған,
Қара көлди жайламаған,
Қошқардың қәдирини билмес.
Қызыл қумды жайламаған,
Қара көлди жайламаған,
Қошқардың қәдирини билмес.
Көзим салсам қайбир қусқа,
Қустан қустың түри басқа,
Тарлан салмай өткен босқа,
Суңқардың қәдирини билмес.
Қустан қустың түри басқа,
Тарлан салмай өткен босқа,
Суңқардың қәдирини билмес.
Жылқының минсең бәри ат,
Адамның бәри адамзат,
Бәйгиге қоспай қаназат,
Гүлнардың қәдирини билмес.
Адамның бәри адамзат,
Бәйгиге қоспай қаназат,
Гүлнардың қәдирини билмес.
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: СОВЕТ ДӘЎИРИНДЕ ДӨРЕГЕН НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР ҲӘМ АФОРИЗМЛЕР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ШАЙЫРЛАРДЫҢ ДИДАКТИКАЛЫҚ ҚАТАРЛАРЫ: СЕЙФУЛҒАБИТ МӘЖИТОВТАН
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: