АСПАН ӘЛЕМИ, ЖЕР, СУЎ ТУЎРАЛЫ (ASPAN ÁLEMÍ, JER, SUW TUWRALI)
Дүньяда бир ғарбыз бар солмайтуғын,
Жазда ширип, қыста үсип тоңбайтуғын,
Мәканын, жерин-суўын, жәбдилерин,
Сырты кең бәрин сақлап толмайтуғын.
Жазда ширип, қыста үсип тоңбайтуғын,
Мәканын, жерин-суўын, жәбдилерин,
Сырты кең бәрин сақлап толмайтуғын.
Аспан
Узын-узын ҳаўайы,
Оннан да узын ҳаўайы,
Минерге шақасы жоқ,
Түсерге мийўасы жоқ.
Оннан да узын ҳаўайы,
Минерге шақасы жоқ,
Түсерге мийўасы жоқ.
Аспан
Өрели кийизди қаға алмадым.
Аспан
Асты гүмбезли, үсти ҳайўанлы,
Қырық шашақлы, бир пөпекли
Қырық шашақлы, бир пөпекли
Аспан, жер, жулдыз, ай, күн
Еки гилем кең гилем,
Екеўи де тең гилем.
Екеўи де тең гилем.
Аспан, жер
Асты тахта, үсти тахта,
Ортасында қурт-қумырысқа
Ортасында қурт-қумырысқа
Аспан, жер
Асты қадақ, үсти қадақ,
Ортасында пәлле табақ.
Ортасында пәлле табақ.
Аспан, жер
Ақ сандығым ашылды,
Ишинен жипек шашылды.
Ишинен жипек шашылды.
Күн
Бир пәрше пәтир.
Әлемге татыр.
Әлемге татыр.
Күн
Керегениң басында кетен отыр,
Кетейин деп бир өзи неғып отыр.
Кетейин деп бир өзи неғып отыр.
Күн
Бир таўда мәкан еткен еки қулан,
Биреўи-биреўинен семиз қулан
Биреўи гейде азады, гейде азбайды,
Биреў азбайтуғын семиз қулан.
Биреўи-биреўинен семиз қулан
Биреўи гейде азады, гейде азбайды,
Биреў азбайтуғын семиз қулан.
Ай, күн
Бар биреўдиң бир улы ҳәм де қызы,
Оларды биледи дүньяның жүзи,
Улы түнде, қызы күндиз уйықлайды,
Ҳеш кимге билинбес жүргенде изи.
Оларды биледи дүньяның жүзи,
Улы түнде, қызы күндиз уйықлайды,
Ҳеш кимге билинбес жүргенде изи.
Ай, күн
Бир көлде еки жайын,
Бири кетсе бири тайын.
Бири кетсе бири тайын.
Ай, күн
Бир қораз, бир мәкийен таўда ойнайды,
Ҳайўанат, адам түўе мал да ойнайды,
Тыртаңлап тасбақадай қашса кемпир,
Қорбаңлап қурбақадай шал қармайды.
Ҳайўанат, адам түўе мал да ойнайды,
Тыртаңлап тасбақадай қашса кемпир,
Қорбаңлап қурбақадай шал қармайды.
Ай, күн
Тамға таяқ сүйедим,
Отыздан, бестен сыр сырлап,
Тоқсан тоғыз торғай ғаз,
Бир қаршыға, бир туйғын,
Айналып ушар пыр-пырлап.
Отыздан, бестен сыр сырлап,
Тоқсан тоғыз торғай ғаз,
Бир қаршыға, бир туйғын,
Айналып ушар пыр-пырлап.
Ай, күн, жулдыз
Бир қус бар зымнан деген жаннан бийик,
Аяғы жерге тиймейди асқан жүйрик,
Дүньяның төрт мүйешин өрт алса да,
Бир түги жапырылмайды, жерге тийип.
Аяғы жерге тиймейди асқан жүйрик,
Дүньяның төрт мүйешин өрт алса да,
Бир түги жапырылмайды, жерге тийип.
Күн
Зуў-зуў, зуўан қуш,
Бели байлы ҳаўан қуш,
Әттең сесиң жүйригиң,
Келте ғана қуйрығың.
Бели байлы ҳаўан қуш,
Әттең сесиң жүйригиң,
Келте ғана қуйрығың.
Жақты, сәўле
Кереге басында ақ жаўлық.
Түнликтен түскен сәўле
Тақыр жерде тайдың изи,
Оны тапқан байдың қызы.
Оны тапқан байдың қызы.
Ай
Там басында жарты нан.
Ай
Жас күнинде орақтай,
Орта жаста шөректей,
Орта жаста шөректей,
Ай
Темир тептим таўға шықтым.
Ай
Қырық жапырақлы, бир мийўалы
Ай, жулдыз
Мен қырғыздың қызыман,
Қырық қыз туўып еле қызбан,
Гүнаға батқаным жоқ,
Тан атқанша жатқаным жоқ.
Қырық қыз туўып еле қызбан,
Гүнаға батқаным жоқ,
Тан атқанша жатқаным жоқ.
Ай, жулдыз
Керегениң басында кепкен баўыр,
Кесип алса таўсылмайтуғын неткен баўыр.
Кесип алса таўсылмайтуғын неткен баўыр.
Ай
Көк кесениң түбинде,
Көп алтын шашылып жатыр,
Төңкерилип төбеңде,
Ол көк кесе ашық жатыр.
Көп алтын шашылып жатыр,
Төңкерилип төбеңде,
Ол көк кесе ашық жатыр.
Аспан, жулдызлар
Там басына тары жайдым.
Жулдыз
Там басына тары жайғаным жоқ.
Күндиз
Бир кесе сөк, ертен қарасам жоқ.
Жулдыз
Бизлер, бизлер биз едик,
Бизлер алты қыз едик,
Бир тақтаға дизилдик,
Таң атқанда үзилдик.
Бизлер алты қыз едик,
Бир тақтаға дизилдик,
Таң атқанда үзилдик.
Үркер жулдыз
Там басына тары жайдым,
Танда қарасам бири жоқ.
Танда қарасам бири жоқ.
Жулдыз
Көк көйлекке ғоз қойдым.
Жулдыз
Аспанда қалқып ушқан жети торғай,
Өмиринше жүреди жерге қонбай.
Өмиринше жүреди жерге қонбай.
Жети қарақшы жулдыз
Шанаш толы қуўырмаш,
Ортасында нур қалаш.
Ортасында нур қалаш.
Жулдыз, ай
Үй үстинде усақ тас.
Жулдыз
Биз-биз, биз едик,
Биз мыңлаған қыз едик,
Таң атқанша жайылдық,
Таң атқан соң жойылдық.
Биз мыңлаған қыз едик,
Таң атқанша жайылдық,
Таң атқан соң жойылдық.
Жулдыз
Тақыя толы сөк қойдым,
Келмеген соң жеп қойдым.
Келмеген соң жеп қойдым.
Жулдыз
Жигирма төрт қызы бар,
Ол да бир жаўан,
Он еки улы бар,
Сақып қыран.
Ол да бир жаўан,
Он еки улы бар,
Сақып қыран.
24 саат-12 ай
Бир пәлекте он еки түйнек,
Алтаўы ашшы, алтаўы душшы.
Алтаўы ашшы, алтаўы душшы.
Алты ай қыс, алты ай жаз
Бир айғырды алты қасқыр алып,
Терисин теспей, етин жейди.
Терисин теспей, етин жейди.
Бир жыл, алты ай қыс, боран
Кең жаўырынлы дөңгеленген бир киси,
Қыймылдайды оннан жанлылар тиси,
Етлерине тырнап жара салсаң да,
Оның менен сирә болмайды иси.
Қыймылдайды оннан жанлылар тиси,
Етлерине тырнап жара салсаң да,
Оның менен сирә болмайды иси.
Жер
Қағай, қағай, қағай гилем,
Қағайын десем аўыр гилем,
Қағайын десем аўыр гилем,
Жер
Ел жыйылып тыға алмайды.
Жердиң жарығы
Бир түкли гилем, бир түксиз гилем.
Жер, аспан
Қара атым қалтыраўық,
Қабырғасы жалтыраўық.
Қабырғасы жалтыраўық.
Суў
Ақ тасым атқан сайын,
Алдына қарай жумалайды.
Алдына қарай жумалайды.
Суўдың ағысы
Әкеси ийре, баласы жорға.
Дәрья
Дөгерегиң шалқар суў,
Ишиўге суў таппайсаң.
Ишиўге суў таппайсаң.
Теңиз
Балтасыз уста, ағашсыз көпир салады.
Муз
Ағашсыз көпир тайғанақ
Муз
Ағашсыз көпир салынады
Муз
Жайлаўдағы боз айғыр,
Бозлап-бозлап киснейди.
Бозлап-бозлап киснейди.
Шақмақ шағыў
Аспаннан гүби түсти,
Гүбиниң түби түсти.
Гүбиниң түби түсти.
Гүлдирмама, жаўын
Үлкен таўлар дүгисти,
Жылт-жылт етип от ушты.
Жылт-жылт етип от ушты.
Булт, найзағай
Пәс таяқта тас таяқ.
Қалысар да, салысар,
Арасында гәўҳар тас,
Қырға келип шағысар.
Қалысар да, салысар,
Арасында гәўҳар тас,
Қырға келип шағысар.
Шақмақ шағыў
Геўдеси толған куш,
Табаны толған тис.
Табаны толған тис.
Найзағай, шақмақ шағыў
Ақсақ шөже жер қазады.
Тамшы
Бекберген шолақ жер тырнайды.
Тамшы
Жырадан аққан, жылт-жылт еткен,
Абажа басқан, астын тескен.
Абажа басқан, астын тескен.
Тамшы, суў
Ақ жипекти жапқандай,
Қыста жерди жабады,
Бәҳәр болса күн жылып,
Суў болып жаптан ағады.
Қыста жерди жабады,
Бәҳәр болса күн жылып,
Суў болып жаптан ағады.
Қар
Сүттен тынық,
Пахтадан ақ.
Пахтадан ақ.
Қар
Мамықтай улпа,
Қанттан ақ.
Қанттан ақ.
Қар
Аппақ ғана дәстурхан,
Жердин жүзин қаплаған.
Жердин жүзин қаплаған.
Қар
Саўлығында жатады,
Жан алқымға келгенде жуўырады.
Жан алқымға келгенде жуўырады.
Қардың ериўи
Әсте түсип тыныш жатар.
Қар
Тарсылдап жерге түседи,
Оны көрген балалар,
Қуўырмаш па деседи,
Күнниң көзин көриўден,
Ғайбана болып кетеди.
Оны көрген балалар,
Қуўырмаш па деседи,
Күнниң көзин көриўден,
Ғайбана болып кетеди.
Буршақ
Есиктен кирер еңкейип,
Төрге шығар диңкийип,
Төрге шығар диңкийип,
Суўық
Қуўсан жеткермейди мойын бурмайды,
Услайын десен де қолда турмайды,
Қәҳәрленсе қабағынды үйдирер,
Бирақ сөгип сынамайды, урмайды.
Услайын десен де қолда турмайды,
Қәҳәрленсе қабағынды үйдирер,
Бирақ сөгип сынамайды, урмайды.
Суўық шамал
Алты қасқыр атын жейди,
Жилигин шақпай майын жейди.
Жилигин шақпай майын жейди.
Боран
Қуўып едим мойын бурмады,
Услайын деп едим, қолда турмады.
Услайын деп едим, қолда турмады.
Боран
Урсаң таяқ өтпейди,
Қуўсаң аяқ жетпейди.
Қуўсаң аяқ жетпейди.
Шамал
Устасаң қолға илинбес,
Қарасаң көзге көринбес,
Жүргенде изи жоқ,
Көретуғын көзи жоқ,
Гүўилдесе көзи бар,
Таңланарлық неси бар,
Ой десеңиз көресиз,
Кәраматын билесиз.
Қарасаң көзге көринбес,
Жүргенде изи жоқ,
Көретуғын көзи жоқ,
Гүўилдесе көзи бар,
Таңланарлық неси бар,
Ой десеңиз көресиз,
Кәраматын билесиз.
Даўыл
Қанаты жоқ ушады,
Аяғы жоқ шабады.
Аяғы жоқ шабады.
Шамал
Ақ таяғым атқан сайын алға кетеди.
Жел
Бир нәрсе бар көринбес,
Усласаң да билинбес,
Тиришиликке дым зәрүр,
Онысыз өмир-сүрилмес.
Усласаң да билинбес,
Тиришиликке дым зәрүр,
Онысыз өмир-сүрилмес.
Ҳаўа
Салмағың бар өлшесең,
Көринбейсең көзге сен.
Көринбейсең көзге сен.
Ҳаўа
Мурнынды қымыршытар,
Көзге көринбес,
Қолға тутылмас.
Көзге көринбес,
Қолға тутылмас.
Ийис
Балқан таўдың басында,
Балық кетип барады,
Қуйрық-қалашы баўырына,
Тийип кетип барады.
Балық кетип барады,
Қуйрық-қалашы баўырына,
Тийип кетип барады.
Булт
Жумбағым жутылды.
Көлге барып қутылды.
Көлге барып қутылды.
Қуйын
Дүньяға келди бир есер,
Жүрсе қарны жер тесер,
Дуньяның жартысында бар,
Жартысында жоқ.
Жүрсе қарны жер тесер,
Дуньяның жартысында бар,
Жартысында жоқ.
Қуйын
Әдираспан түбинде,
Ала тышқан ойнайды.
Ала тышқан ойнайды.
Қуйын
Денесиз жасайды,
Көзге көринбейди,
Тилсиз сөйлейди,
Оны ҳеш ким сезбейди.
Көзге көринбейди,
Тилсиз сөйлейди,
Оны ҳеш ким сезбейди.
Жаңғырық
Алтын аяқ, гүмис аяқ,
Жуўырып жете алмадым жалаң аяқ.
Жуўырып жете алмадым жалаң аяқ.
Көлеңке
Жуўырып жете алмадым,
Қол салдым тута алмадым.
Қол салдым тута алмадым.
Көлеңке
Жүрсең жүреди,
Турсаң турады.
Турсаң турады.
Көлеңке
Қал десең де қалмайды,
Өзи жүре алмайды.
Өзи жүре алмайды.
Көлеңке
Еңкейсең еңкейеди,
Шалқайсаң шалқаяды.
Шалқайсаң шалқаяды.
Көлеңке
Ебей ийттен қорқады,
Ийт ебейден қорқады,
Ерден ердиң қәўпи бар.
Ийт ебейден қорқады,
Ерден ердиң қәўпи бар.
Көлеңке
Әсте, әсте бойы пәсте,
От жемейди, суў ишпейди,
Өзи сондай нәресте.
От жемейди, суў ишпейди,
Өзи сондай нәресте.
Көлеңке
Шапса шабылмайды,
Кессе кесилмейди.
Кессе кесилмейди.
Көлеңке
Қасыңнан сирә қалмайды,
Қараңғыда болмайды,
Сени таслап өзинше,
Ҳеш қайда да бармайды.
Қараңғыда болмайды,
Сени таслап өзинше,
Ҳеш қайда да бармайды.
Көлеңке
Атасы ат ертлегенше,
Баласы Марыға барады.
Баласы Марыға барады.
Түтин
Қара өгиз кетип атыр,
Қызыл өгиз келип атыр.
Қызыл өгиз келип атыр.
Түтин, жалын
Узыннан узақ, ҳаўаға дузақ.
Түтин
Узыннан узақ,
Көкке дузақ,
Балапан жапырақ,
Батпан топырақ.
Көкке дузақ,
Балапан жапырақ,
Батпан топырақ.
Түтин
Көк ийтим көкке қарай улыйды.
Түтин
Көк өгизим жүреген, Мүйизин көкке тиреген.
Түтин
Узын-узын, узын терек,
Узын бойлы қыз терек.
Минейин десем шақасы жоқ,
Жейин десем мийўасы жоқ.
Узын бойлы қыз терек.
Минейин десем шақасы жоқ,
Жейин десем мийўасы жоқ.
Түтин
Самар толы әнар,
Қүдиретин болса бирин ал.
Қүдиретин болса бирин ал.
Шоқ
Бир аўырыў бир аўырыўды бағып отыр,
Аўзынан қара қаны ағып отыр.
Аўзынан қара қаны ағып отыр.
Отын-жалын
Жаўрағанды күйдирер,
Аяғы жоқты жүрдирер,
Өз еркине жиберсең,
Дуйым журтты бүлдирер.
Аяғы жоқты жүрдирер,
Өз еркине жиберсең,
Дуйым журтты бүлдирер.
От
Көк көйлекли жеңгей,
Гүлпең-гүлпең етеди.
Гүлпең-гүлпең етеди.
Оттын шалқып жаныўы
Жол үстинде нәрўан терек,
Шақасы әлемге керек,
Бир мийўасы ашшы,
Бир мийўасы душшы.
Шақасы әлемге керек,
Бир мийўасы ашшы,
Бир мийўасы душшы.
Жаз-қыс
Қурық басты еки таўық,
Бири ыссы, бири суўық.
Бири ыссы, бири суўық.
Жаз-қыс
Бир қасқырды алты қасқыр алып,
Терисин теспей етин жейди.
Терисин теспей етин жейди.
Алты ай қыс, алты ай жаз
Бир пәлекте он еки түйнек,
Алтаўы ашшы, алтаўы душшы.
Алтаўы ашшы, алтаўы душшы.
Алты ай қыс, алты ай жаз
Он еки шақалы үлкен дарақ.
Ҳәр шақада отыз жапырақ,
Жапырақтың бир жағы қара,
Бир жағы ақ.
Ҳәр шақада отыз жапырақ,
Жапырақтың бир жағы қара,
Бир жағы ақ.
12 ай, 30 күн, күн-түн
Бир түп терек,
Теректе он еки путақ,
Ҳәр путақта отыз таяқ,
Бир жағы қара, бир жағы ақ.
Теректе он еки путақ,
Ҳәр путақта отыз таяқ,
Бир жағы қара, бир жағы ақ.
12 ай, 30 күн, күн-түн
Үш жүз алпыс бес жас жасаған бир жаўан.
Жыл
Тоқсан табыршық, сексен шығыршық,
Отыз ақ қуў, бир тырна.
Отыз ақ қуў, бир тырна.
Тоқсан табыршық – тоқсан күн шилле, сексен шығыршық – жылында келетуғын сексен жума күни, Отыз ақ қуў – бир ай, бир тырна – наўрызлық гөже
Бир жайын тынбай жүрер дөп-дөңгелек,
Уясы үш жүз алпыс бес бөлек-бөлек,
Бир күнде жигирма төрт жүрип қалар,
Ақ-қара қанаты бар, бир бөлек.
Уясы үш жүз алпыс бес бөлек-бөлек,
Бир күнде жигирма төрт жүрип қалар,
Ақ-қара қанаты бар, бир бөлек.
Бир жылдағы 365 күн, суткадағы 24 саат, күн-түн
Суўдан шығып ақ урады, бир жаўан,
Он еки қызы бар пәкизе жанан,
Тағы да мүсәпир үшеўи аўған.
Он еки қызы бар пәкизе жанан,
Тағы да мүсәпир үшеўи аўған.
Бир жаўан – жыл, 12 қыз – 12 ай, 9 ай жыллы күн, 3 ай тоқсан
Қубладан келди жети адам,
Отыз адам таласып урды қәдем,
Алды менен жетеўи келе салып,
Ол отыздан илгери берди сәлем.
Отыз адам таласып урды қәдем,
Алды менен жетеўи келе салып,
Ол отыздан илгери берди сәлем.
жети адам – ҳәпте, отыз адам – бир ай
Суўдан шығады,
Суўдан қорқады.
Суўдан қорқады.
Дуз
Отқа салсаң шатнар,
Суўға салсаң қайнар.
Суўға салсаң қайнар.
Ҳәк
Дүньяда теңизлер бар түби қатқан,
Үсти бети гилегейлеп тоңып жатқан.
Үсти бети гилегейлеп тоңып жатқан.
Дуз кәни
Гезектеги ендиги бөлимге өтиў: АДАМҒА БАЙЛАНЫСЛЫ ДӨРЕГЕН ЖУМБАҚЛАР
Алдынғы бөлимге қайтыў: ТӘБИЯТ КӨРИНИСИНЕ БАЙЛАНЫСЛЫ ЖУМБАҚЛАР
Китап Мазмунына қайтыў
Социал тармақларда бөлисиў
Егер сиз бул китаптың усы бөлимин унатқан болсаңыз, бул бетти төмендеги социал тармақлар арқалы досларыңыз бенен бөлисиўди умытпаң: