Ҳаққымызда
Проект ҳаққында
Бул проектти жаратыўда авторлар бир неше мақсетлерди өз алдына мақсет етип қойған:
- Қарақалпақ халқын, әсиресе жасларды, қарақалпақ әдебияты менен танысыўға шақырыў
- Қарақалпақ әдебиятына тийисли болған көрнекли шығармаларды (биринши нәўбетте, бул фольклор) 'электронластырыў'
- Китапларды онлайн оқыўға қолайлы имкәният жаратыў
Соныда еслетип өтпекшимиз, сайттағы шығарма ҳәм китаплар тек танысыў мақсетинде берилген. Бул дегени шығарма ҳәм китапларды онлайн оқыў яки PDF нусқасын көширип алып 'оффлайн' оқыў мүмкиншилигине ийесиз, бирақ бул контенттен коммерциялық, тижәрат ҳәмде соған уқсас жолларда пайдаланыў қадаған етиледи. Шығарма авторларының ҳуқықларын ҳүрмет етесиз деп үмит етемиз.
Сайт контентинен коммерциялық, тижәрат ҳәмде соған уқсас жолларда пайдаланыў қадаған етиледи
Авторлар ҳаққында
Сайт Shag'ala Lab топары тәрепинен ислеп шығылған. Shag'ala Lab - бул қарақалпақ тилиндеги сыпатлы бағдарламаларды жаратыўды өз алдына мақсет қылып қойған топар. Ол ҳаққында қосымша мағлыўмат алыўды қәлесеңиз, сайтына кирип көриўиңиз мүмкин.
Сайт контенти
Сайтта төмендеги түрдеги шығармаларды қосыўды режелестирип қойғанбыз:
- Дәстанлар
- Ертеклер
- Нақыллар
- Жумбақлар
- Проза
- Поэзия
- Гүрриңлер
- Сатира